Транспорт министриниӊ орынбасары Жасурбек Чориевтиӊ «Sojitz» компаниясыныӊ Европа филиалы бас менеджери Мачида Ясуҳиде ҳәм «Rönesans» компаниясыныӊ басқарма баслығы Джем Озогуз бенен ушырасыўлары болып өтти.

Ушырасыўда транспорт тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыўда бирге ислесиў мәселелери ҳәп тәреплеме додаланған.

Атап айтқанда, сырт ел компания ўәкиллери Өзбекстанда пулы автомобиль жолларын қурыў бойынша перспективалы жойбарларда қатнасыўға қызығыўшылық билдирип атырғанын мәлим еткен, деп мәлимлеме береди хабар.уз

«Сырт елли компаниясы ўәкиллерине мәмлекетимизде транспорт ҳәм жол хожалығы тараўында МЖМШ тийкарында әмелге асырылыўы режелестирилип атырған жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди», – делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги