Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлими тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда республикамызда бүгинги күнде коронавирус пенен наўқасланғанлардың улыўма саны 109ды қурайды, соннан 70 наўқас кеселликтен толық емленип реабилитацияға шығарылды, ҳәзир 39 наўқас емленбекте.

– Вирус пенен зыянланыў адамлардың бир-бири менен жақын қатнаста болыўы нәтийжесинде жүзеге келген. Ҳәзир емленип атырған пуқаралардың саламатлық жағдайы жақсы, коронавирус инфекциясы асқыныўы менен өткен аўыр жағдайдағы наўқаслар жоқ,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының бас врачы Баҳадыр Қутлымуратов. – Бүгинги күнге шекем республикамыз аймағында 14537 пуқара 14 күнлик медициналық бақлаўға алынған еди, олардан 11689 пуқара кеселликтиң клиникалық белгилери жүзеге келмегенлиги, кеселлик анықланбағанлығы себепли 14 күнлик медициналық бақлаў астынан шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 2848 пуқарада медициналық бақлаў даўам етпекте, соннан 292 пуқара арнаўлы карантин орынларында 2556 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.

Бүгинги күнге шекем 4417 пуқараға карантин талапларын бузғанлығы ушын ҳәкимшилик шара көрилген болса, 2 пуқараға жынайы ис қозғатылған. Бирақ соған қарамастан айырым пуқараларымыз дүнья жүзинде соның менен бирге мәмлекетимизде болып атырған бул жағдайларға итибарсызлық пенен қарамақта ҳәм карантин қағыйдаларын бузыўды даўам етпекте.

Коронавирус инфекциясына диагноз қойыў мақсетинде ҚР Вирусология лабораториясы 24 саатлық жумыс режими тийкарында жумыс ислемекте. Усы күнге шекем 7371 пуқара коронавирусқа тексерилди, соннан 109 пуқарада коронавирус инфекциясы тастыйықланды. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизге сырт еллерден кирип киятырған ири жүк автотранспорт айдаўшыларында коронавирус инфекциясына тексериў жолға қойылған.

Кеселликге гүманлы наўқас анықланған жағдайда қыстаўлы үйрениў, шеклеў ҳәм дезинфекциялаў жумыслары алып барылмақта.

Бул кеселликтиң кең түрде тарқалыўының алдын алыў бойынша тараў қәнигелери тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта, ҳүкиметимиз тәрепинен бул жумысларға үлкен итибар қаратылып, шыпакерлер ҳәм басқа да тараў қәнигелери, жумыста зәрүр әсбап-үскенелер, дәри-дәрмақлар менен тәмийинленип, тийисли орынларға тарқатып берилмекте.

Бул кеселликти тоқтатыў ушын пуқараларымыз биринши гезекте жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиўи, басқа пуқаралар менен қатнасты шеклеўи, зәрүрлик болмаса үйинен шықпаўы шәрт болады.

Кеселликти жасырып өз-өзине диагноз қойыў, үй шараятында ҳәр түрли дәрилик затларды қабыл етиў, пуқараның өзин ҳәм оның шаңарақ ағзаларын, әтирапындағы пуқараларды қәўип астына қоятуғынлығын умытпаўымыз керек.

Егер Сизден денсаўлығыңызда өзгерис сезип, кеселлик белгилери пайда болған болса ўақытты өткерместен, тезлик пенен тез жәрдем 103 телефон номери арқалы шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.