Туўысқаным бириң иним, ағамсыз,

Қарындасым, заманласым, апамсыз,

Мырзашөлде Мырза бағман атанған,

Шөл баўрын ийдирген дийқан атамсыз.

 

Шөлде гүл өсирген қолыңа тəзим,

Бирликтиң нышаны жолыңа тəзим,

Жүзиң жарқын болып қəддиңди керип,

Ийниңе жамылған тоныңа тəзим.

 

Қаныңда қанаат, сабыр – төзим бар,

Мудам “Лаббай” деген алтын сөзиң бар,

Талай сынаўларды оқыған, көрген,

Мийрим нуры толы қара көзиң бар.

 

Денем қалтырады суўық хабардан,

Суў атып шығыпты беккем қамалдан,

Апат айтып келмес, билип болмайды,

Жамғыр тамшысынан, ескен самалдан.

 

Туўысқан қолыңды беккем услайын,

Басқа ис түсипти мине биз тайын,

Баслар аман болса табылар телпек,

Жəне абат болар, мəкан, үй – жайың,

 

 

Раўаж Отарбаев Өзбекстан Жазыўшылараўқамы ағзасы, шайыр.

Қарақалпақстан хабар агентлиги