Вулкан атылыўын сүўретке түсирип, өзи қурбан болған фотограф

 

1980-жылы атылған Сент-Хеленс вулканын сүўретке түсирмекши болған фотограф оған жақын барыўға болмайтуғыны ҳаққында бир неше мәрте ескертилсе де, сол жаққа қарай жол алған. Вулканның қайнап, атылып турған ўақтын сүўретке түсирип болған фотограф фотоаппаратын сумкасына салып, оны өз денеси менен қорғаған. Оның жансыз денеси 17 күннен соң табылған. Бирақ, оның түсирген сүўретлери де, фотоаппаратқа да ҳеш қандай зыян жетпеген. Солай етип, усы фотосүўретлер арқалы геологлар вулкан атылыўының анық жобасын ислеп шыққан.

 

Эйнштейнниң тилин шығарып турған белгили фотосүўрети қашан түсирилген?

 

1951-жылы Эйнштейнниң туўылған күнинде дүньяға белгили физик алымның усы фотосы түсирилген.

 

Тарийхта биринши мәрте өзин-өзи сүўретке түсирген ким?

 

Белгили фотограф Мэттью Б.Брэди тарийхта өзин-өзи сүўретке түсирип, автопортрет ислеген дәслепки фотограф болып қалды.

 

Жердиң ең дәслепки жақты сүўрети қашан түсирилген?

 

1972-жылы 7-декабрь күни Апаллон ҳаўа кемесиниң топары кейин ала «The Blue Marble» деп аталып кеткен белгили фотосүўретти түсирди. Жер Қуяштан бираз алыслағанда, Жердиң жап-жақты болып турған ўақты сүўретке түсирилген еди.

 

Тарийхта биринши фотосүўретке түсирген ким еди?

 

Тарийхтағы ең дәслепки фотосүўретти түсирген Жозеф Ньепс болып табылады. Дүньядағы дәслепки фотосүўрет – «Дерезедеги көринис» деп аталады. Бул белгили фотосүўрет 1826-жылы 8 саат дегенде түсирилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.