Россия Федерациясының Бас министри Михаил Мишустин Президент Владимир Путин менен онлайн сәўбетлесиў ўақтында коронавирус жуқтырып алғанын билдирди.

«Ҳүрметли Владимир Владимирович, менде коронавирус ушын өткерилген тест нәтийжелери унамлы болып шықты. Роспотребнадзор талапларына муўапық, өзимди қәўипсиз сезбегениме шекем шыпакерлердиң көрсетпелерине әмел етиўим керек», деди Мишустин.

Соның менен бирге, Бас министрдиң атап өтиўинше, ҳүкимет нормал ислеўде даўам етеди.

Мишустин өз лаўазымын ўақтынша ийелеп турыў ушын бас министрдиң биринши орынбасары Андрей Белоусовтың кандитатурасын усынды. Владимир Путин Белоусовты ўақтыншалық ҳүкимет басшысы етип тайынлаў ҳаққындағы пәрманға қол қойыўы күтилмекте.

ӨзА