Адам бас мийиниң 10 процентинен ғана пайдаланады

 

Бул мағлыўматтың дерлик ушыраспаған жери жоқ. Бул гәпти Альберт Эйнштейн айтыпты, деген де хабарлар тарқалды. Бирақ, адам бас мийиниң 10 процентинен ғана пайдаланады, деген мағлыўматтың илимий тийкары жоқ. Тек ғана гипотеза тәризинде қалған пикир болып есапланады.

Адам бас мийиниң белгили бир бөлегин белгили бир ўақытта, орында қолланып, қалғанын пайдаланбаўы мүмкин. Бирақ, бир жерде болмасын басқа жерде бас мийден толық пайдаланыўымыз сөзсиз. Буны магнитли резонанслы томографияны қолланыў арқалы билиўге болады. Ол бас мийдиң актив бөлимлерин көрсетип береди. Егер бас мийдиң белгили бир бөлеги ислемесе, онда бас мий зақымланған болыўы мүмкин.

 

Напалеон Бонапарттың бойы келте болған

 

Дүньяға белгили императордың бойы 169 сантиметр болған. Бул сол дәўирдеги французлардың орташа бойы болып есапланады. Бойы келте болмаған.

 

Буға қызыл реңди көрсе жуўырады

 

Сыйырлар реңлерди ажырата алмайды. Буға қызыл реңге емес, желбиреп турған таўарға қарай жуўырады. Таўар қалай қозғалса, буға да сол жаққа бурылады. Илимпазлардың айтыўынша, буғаның көзи алысты көре алмайды. Сол себепли, алыстан көринген, былғанған затты қәўип-қәтер деп қабыл етип, жуўырып кетеди екен.

 

Затлардың 3 формасы бар

 

Физика ҳәм химия пәнлери тәбияттағы затлар 3 формада болады деп түсиндирип келди: суйық, қатты ҳәм газ ҳалында. Бирақ, тәбиятта коллоид, суйық кристалл ҳәм т.б. формасында ушырасатуғын затлар да бар. Буларды қай бирине киргизиўге болады? Илимпазлар сабақлықларды ықшамлаў мақсетинде затлардың үш формасын келтирип өткен, бирақ тәбияттағы затлар тек ғана үш түрли формада болады, деген жуўмақ шығарыў надурыс.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.