Әдиллик министрлиги мәлимлеме хызметиниң басшысы Севара Ўринбоева жас балалы аналардың дүканға шығыўын қадаған етилмегенин мәлим етти.
«Яқ. Ол қадаған етилмеген. Тек ғана санитариялық ҳәм гигиеналық ҳәм карантин қағыйдаларына әмел етиўиңиз шәрт.
Республикалық арнаўлы комиссияның қарары менен көшеде ҳәм жәмийетлик орынларда 3 адамнан артық адамның жыйналыўы (бир ўақытта ҳәрекетленип атырған шаңарақ буған кирмейди) қадаған етилген.
Сондай-ақ, усы жылдың 1-апрелинен зәрүрлик болған жағдайда ғана жақын әтираптағы дәрихана, азық-аўқат ҳәм биринши гезектеги товарлар дүканына рухсат етилген», дейди Ўринбоева.
Қарақалпақстан хабар агентлиги