Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер тараўларында миллий мийрасымызды тиклеў, Камолиддин Беҳзодтың бай дөретиўшилик мийрасын халқымызға толық жеткериў, тараўдың раўажланыўына үлкен үлес қосқан белгили художник ҳәм халық усталарының естелигин мәңгилестириў, дөретиўшилик бағдарында жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириўди шөлкемлестириў, кадрларды қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў ҳәм мәмлекетимизде сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнери ҳәм дизайн тараўының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде:

1.Төмендегилер:

2020-жыл октябрь айында уллы художник ҳәм нағыс ойыўшы Камолиддин Беҳзод туўылған күниниң 565 жыллығын кеңнен белгилеў;

Камолиддин Беҳзодтың естелигин мәңгилестириў мақсетинде Ташкент қаласының көшелеринен бирине оның атын бериў;

2020/2021 оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў мәкемелеринде сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер ҳәм дизайн бағдарында билим алып атырған студентлер ушын Камолиддин Беҳзод атындағы мәмлекетлик стипендияны шөлкемлестириў;

жас талантлы дөретиўшилерди анықлаў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Камолиддин Беҳзод избасарлары» миниатюра ҳәм халық әмелий көркем өнери шығармаларының дөретиўшилик таңлаўын шөлкемлестириў және оны ҳәр жылы дәстүрий тәризде өткерип барыў белгиленсин.

2. Камолиддин Беҳзод туўылған күниниң 565 жыллығын кеңнен белгилеўге таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

3. Шөлкемлестириў комитети (А.Абдуҳакимов):

а) бир ай мүддетте Камолиддин Беҳзод туўылған күниниң 565 жыллығын кеңнен белгилеўге таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

б) 2020-жыл 15-сентябрьге шекем Камолиддин Беҳзод атындағы Шығыс миниатюра көркем өнери музейи бағының заманагөй көринисте қайта шөлкемлестирилиўи ҳәм оның аймағындағы Камолиддин Беҳзод естелигиниң 2022-жылы бронзаға өткерилиўин;

в) 2020-жыл 1-октябрьге шекем Камолиддин Беҳзодтың өмири ҳәм дөретиўшилиги және оның Шығыс сүўретлеў көркем өнерине қосқан шексиз үлесине бағышланған ҳүжжетли фильмниң таярланыўын ҳәм орайлық телдеканалларда көрсетилиўин;

г) 2020-жыл октябрь айында:

«Камолиддин Беҳзодтың избасарлары» миниатюра ҳәм халық әмелий көркем өнери шығармалары дөретиўшилик таңлаўының өткерилиўин:

Камолиддин Беҳзод ҳәм оның избасарларының шығармалары, каллиграфиялық көркем өнер үлгилери, заманагөй миниатюра шығармаларының көргизбеси ҳәм илимий-әмелий конференциясы өткерилиўин;

д) «Өзбекстан заманагөй миниатюрасы» каталогы таярланыўын ҳәм усы жылы октябрь айында басып шығарылыўын тәмийинлесин.

4. Камолиддин Беҳзодтың естелигин бронзаға өткериўге байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Көркем өнер академиясына усы мақсетлер ушын ажыратылатуғын бюджет қаржылары шеңберинде әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

5. Өзбекстан Көркем өнер академиясы жанында:

Көркем өнер билимлендириўи бағдарларындағы педагог ҳәм қәниге кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў орайы (кейинги орынларда – Орай);

жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириў системасында таярлық басқышы сыпатында Сүўретлеў шеберлик устаханасы (жоқары сүўретлеў курсы) (кейинги орынларда – Орай);

жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириў системасында таярлық басқышы сыпатында Сүўретлеў шеберлик устаханасы (жоқары сүўретлеў курсы) (кейинги орынларда – Сүўретлеў шеберлик устаханасы) шөлкемлестирилсин.

6. Төмендегилер:

а) Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

мәмлекетлик жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери, қәнигелестирилген көркем өнер, қәнигелестирилген көркем өнер ҳәм мәденият мектеплери ҳәм мектеп-интернатлары, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер, дизайн, көркем өнертаныў ҳәм музейтаныў бағдарлары (кейинги орынларда – көркем өнер билимлендириў бағдарлары) бойынша педагог ҳәм қәниге кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў;

талантлы жас профессионал көркем өнер үлгилериниң билим ҳәм көнликпелерин раўажландырыўға бағдарланған оқытыўдың заманагөй түри менен усыллары, нәтийжели педагогикалық технологиялар, электрон мәлимлеме ресурсларынан кеңнен пайдаланған ҳалда билимлендириў процесиниң жоқары дәрежеде алып барылыўын тәмийинлеў;

оқыў процесине заманагөй педагогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиўди есапқа алған ҳалда қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў курсларының оқыў режелери ҳәм бағдарламаларын системалы түрде жетилистириў;

көркем өнер билимлендириў бағдарларындағы педагог ҳәм қәнигелерди таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў курсларының оқыў-методикалық базасын қәлиплестириў ҳәм жумысын муўапықластырыў ҳәм оларға шөлкемлестириўшилик-методикалық басшылықты әмелге асырыў;

б) Сүўретлеў шеберлик устаханасының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

сүўретлеў көркем өнери шығармаларының жоқары сапасын тәмийинлеў, сүўретлеў көркем өнери дөретиўшилериниң потенциалын толық түрде жүзеге шығарыў;

«устаз-шәкирт» ҳәм көркем өнер билимлендириўи дәстүрлерин қәстерлеп сақлаған ҳалда оқытыўдың алдынғы усылларын ислеп шығыў ҳәм оқыў процесине дөретиўшилик устаханалардың жумысын енгизиў;

сүўретлеў көркем өнери бағдарларында (станоклы живопись, графика, тартымлы, миниатюра, мүсиншилик) жумыс алып барып атырған талантлы дөретиўшилерди сайлап алыў, олардың эстетикалық дәрежеси ҳәм шеберлигин арттырыў;

көркем өнер шығармаларында миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық дәстүрлериниң жоқары дәрежеде көрсетилиўине ерисиў;

сырт еллердеги көргизбе ҳәм музейлерде сақланып атырған сийрек ушырасатуғын шығармалар менен жақыннан танысыў, нусқа көшириў ҳәм тәжирийбе алмасыў мақсетинде сырт мәмлекетлерге жоқары сүўретлеў курсы жас дөретиўшилериниң дөретиўшилик сапарларын шөлкемлестириў;

елимиз музейлериниң фондларын жоқары көркем өнер баҳасына ийе болған сүўретлеў көркем өнери шығармалары менен турақлы байытып барыўға жәрдемлесиў.

7. Орайдың жумысы 2022-жыл 1-январьдан, Сүўретлеў шеберлик устаханасының жумысы 2022/2023 оқыў жылынан басланатуғыны;

Сүўретлеў шеберлик устаханасы юридикалық тәреп статусына ийе болмайтуғыны ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қаржыландырылатуғыны;

жас дөретиўшилер Сүўретлеў шеберлик устаханасына стажёр-изертлеўшилер ушын белгиленген тәртип тийкарында тартылатуғыны белгилеп қойылсын.

8. Өзбекстан Көркем өнер академиясы мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Орай ҳәм Сүўретлеў шеберлик устаханасының жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы тийисли Ҳүкимет қарары жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.

9. Республикада сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер тараўының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға байланыслы қосымша илажлардың бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

10. Өзбекстан Көркем өнер академиясының елимиздиң сүўретлеў көркем өнерине үлкен үлес қосқан белгили дөретиўши Павел Беньковтың атын Республикалық қәнигелестирилген сүўретлеў мектебине бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

11. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери 2022-жыл 1-сентябрьге шекем Өзбекстан Көркем өнер академиясы системасындағы қәнигелестирилген көркем өнер мектеплери ҳәм мектеп-интернатларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм оқыўшылар ушын зәрүр шараятлар жаратыў илажларын көрсин.

12. 2020-жыл 1-ноябрьден баслап Өзбекстан Көркем өнер академиясының орайлық аппараты хызметкерлериниң лаўазымлық мийнет ҳақысына Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан 100 процент муғдарында айлық үстемелер белгиленсин

13. Усы қарарда нәзерде тутылған қәрежетлерди қаржыландырыў 2020-жылы Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен екинши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўши сыпатында Өзбекстан Көркем өнер академиясына ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде, 2021-жылдан баслап болса Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде нәзерде тутылсын.

14. Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте тастыйықланған жойбарлаў-смета ҳүжжетлери тийкарында 2021-жыл ҳәм кейинги жылларға мөлшерленген Инвестициялық бағдарламада Камолиддин Беҳзод атындағы Миллий сүўретлеў ҳәм дизайн институтының тийкарғы имаратының әтирапында қосымша оқыў имаратын ҳәм заманагөй мәлимлеме-китапхана орайын, көргизбелер галереясын өз ишине қамтып алатуғын жәрдемши имарат қурыў жумыслары ушын зәрүр капитал қойылма қаржыларын нәзерде тутсын.

Өзбекстан Көркем өнер академиясы 2020-жыл 1-октябрьге шекем усы бәнтте нәзерде тутылған жойбар (объект) бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң ислеп шығылыўын ҳәм белгиленген тәртипте экспертизадан өткерилиўин тәмийинлесин.

15. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-августтағы «Өзбекстан Көркем өнер академиясының жумысын раўажландырыў ҳәм буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3219-санлы қарарына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.

16. Өзбекстан Көркем өнер академиясы мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

17. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 21-апрель