Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Ташкент мәмлекетлик  шығыстаныў институты тәрепинен Өзбекстанның Шығыс мәмлекетлери менен еки ҳәм көп тәреплеме сиясий, экономикалық ҳәм мәдений қатнасықларды раўажландырыўға хызмет ететуғын қәнигелерди таярлаў, дүньяда жүз берип атырған процесслерди дурыс таллай алатуғын аналитикалық ақыл-ойға ийе кадрларға болған талабын тәмийинлеў, шығыс тиллери бойынша синхрон аўдармашыларды жетистириў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, институтта шығыстаныў тараўында халықаралық стандартлар дәрежесинде жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў системасын жолға қойыў, илимий-педагогикалық потенциалды раўажландырыў, билимлендириў процесиниң оқыў-методикалық ҳәм мәлимлеме тәмийнатын жақсылаў, материаллық-техникалық базаны заман талапларына сәйкес түрде жаңалаўда өз шешимин күтип атырған әҳмийетли машқалалар сақланып қалмақта.

Шығыстаныў тараўында халықаралық стандартларға муўапық комплексли билимлерге ийе тәжирийбели кадрларды таярлаў сапасын түп-тийкарынан жақсылаў, илимди жедел раўажландырыў, профессор-оқытыўшылардың потенциалын, педагогикалық шеберлигин үзликсиз арттырып барыў, студент-жасларды шығыс қәдириятлары тийкарында тәрбиялаўды жетилистириў мақсетинде:

1.Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў институты негизинде Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети (кейинги орынларда – Университет) шөлкемлестирилсин.

2. Университеттиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

Шығыс мәмлекетлериниң тиллери, тарийхы, мәденияты, материаллық ҳәм мәнаўий мийрасы, экономикасы, сиясаты, халықаралық майдандағы абырайы, олардың заманагөй антропология ҳәм этнологиясы, аўдарматаныў, сондай-ақ, туризм ҳәм гид бирге ислесиўи тараўларында заманагөй билимлерди толық ийелеген, мийнет базары ушын бәсекиге шыдамлы болған кадрларды таярлаў;

Шығыс мәмлекетлериниң раўажланыў факторлары, олардағы заманагөй жәмийетлик-сиясий, экономикалық процесслер, шығыс мәденияты ҳәм мийрасы, әййемги естеликлер ҳәм қол жазбаларды илимий жақтан үйрениў, усы бағдарда илимий-педагогикалық хызметкерлерди таярлаў ҳәм сырт ел шериклери менен биргеликте илимий-изертлеў жумысларын алып барыў;

республикада шығыс тиллери ҳәм әдебиятын, тарийхы, мәденияты, философиясы, сиясаты ҳәм экономикасын оқытыў бойынша таяныш жоқары билимлендириў мәкемеси сыпатында сырт мәмлекетлердиң тийисли уйымлары менен биргеликте шығыс тиллерин билиў дәрежесин баҳалайтуғын методикаларды ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў, тил билимлендириўи тараўында  ҳәм Шығыс мәмлекетлери бойынша мәлимлеме беретуғын заманагөй медиа өнимлер ҳәм электрон оқыў әдебиятларын ислеп шығыў;

Шығыс мәмлекетлериндеги заманагөй тенденциялар, тарийхый процесслер, шығыс халықларының мәдений байланысларын ҳәм мийрасын енгизиў, таллаўлы мағлыўматлар таярлаў ҳәм усы тараўда илимий-көпшилик  әдебиятлар, сабақлықлар ҳәм монографияларды басып шығарыў;

студент-жаслар ҳәм профессор-оқытыўшыларда Ўатанға муҳаббат, оның  тәғдирине жаны ашыў, кәсипке садықлық сезимин беккемлеў илажларын әмелге асырыў, тәлим-тәрбия процесслери және руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин артырып барыў;

шығыстаныў ҳәм шығыс мәдений мийрасы тараўында профессор-оқытыўшылардың республика ҳәм сырт еллерде стажировка өтеў ҳәм олардың маманлығын арттырыў жумысларын турақлы шөлкемлестириў;

сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте республика ушын перспективалы болған жаңа бағдарлар ҳәм қәнигеликлер бойынша қоспа билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыў және халықаралық жойбарларды әмелге асырыў.

3. 2020/2021 оқыў жылынан баслап:

Университетке билимлендириў стандартларын ислеп шығыў, қәнигелик талаплар, оқыў режелерин ҳәм бағдарламаларын, сондай-ақ, ири халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда студентлердиң билимин баҳалаў ҳәм оқыў процесиниң  әмелият пенен интеграцияласыўын тәмийинлеў системасын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў ҳуқықы берилетуғынлығы;

Университетте билимлендириў процеси басқышпа-басқыш кредит-модуль системасы тийкарында әмелге асырылатуғынлығы;

сырт  ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте шөлкемлестирилетуғын қоспа билимлендириў бағдарламаларының оқыў режелери ҳәм илим бағдарламалары Университет тәрепинен сырт ел шериклери менен келисилген ҳалда еркин тастыйықланатуғынлығы;

Университетте шығыс тиллери оқытылатуғын билимлендириў мәкемелериниң оқытыўшылары ушын турақлы жумыс ислейтуғын қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў курслары шөлкемлестирилетуғыны ҳәм курслардан табыслы өткен  педагог кадрларға белгиленген үлгидеги сертификат берилетуғынлығы белгилеп қойылсын.

4. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайының:

2020/2021 оқыў жылынан баслап Университетке оқыўға қабыл етиўде шығыс тиллеринен (түрк, араб, парсы, дари, ҳинд, урду, қытай, корейс, уйғыр, япон тиллери) тапсырылатуғын көп баллы система бойынша имтиханлар  орнына тест сынақлары өткерилиўин жолға қойыў;

2021/2022 оқыў жылынан баслап усы тәжирийбени басқа тиллер (испан, итальян, тәжик, қазақ, түркмен, қырғыз тиллери ҳәм басқалар) бойынша республикадағы барлық мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўде енгизиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте тест сынақларының базасын ҳәм керекли инфраструктураны өз мүддетинде ҳәм сапалы қәлиплестириў илажларын көрсин.

5. Университет, өзин-өзи қаржыландырыў системасына өтип атырғанлығын есапқа алып, 2020/2021 оқыў жылынан баслап:

профессор-оқытыўшылардың оқыў жүклемесин ири сырт ел тәжирийбеси тийкарында қайта көрип шықсын ҳәм олардың жумысын сабақларға сапалы таярлық көриўге ҳәм илимий потенциалын күшейтиўге қаратсын;

илимий жойбарларды орынлаў процесине талантлы студентлер, магистрантлар ҳәм докторантларды тартыўды кеңейтиў;

талантлы студентлер, магистрантлар ҳәм докторантлардың илимий, инновациялық ҳәм стартап жойбарларын таңлаў тийкарында қаржыландырыў илажларын көрсин;

факультетлердиң қурамы ҳәм кафедралардың бағдарларын көрип шықсын ҳәм олардың жумысын жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң тәжирийбеси тийкарында қайта шөлкемлестирсин;

билимлендириўдиң сапасын арттырыў, оқыў ҳәм илимий жумысты алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында шөлкемлестириў мақсетинде абырайлы сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшыларының қатнасыўында онлайн курслар, лекциялар ҳәм шеберлик сабақларын турақлы шөлкемлестирсин;

профессор-оқытыўшылар ҳәм жуўапкер хызметкерлер ушын, зәрүрлик туўылғанда, тәжирийбели жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелериниң қатнасыўында кредит-модуль системасына өтиў бойынша семинар-тренинглер дүркимин шөлкемлестирсин;

абырайлы сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары менен биргеликте салмақлы илимий баспалар жәриялаған, «устаз-шәкирт» принципи тийкарында талантлы студентлер, магистрантлар, докторантлар ямаса жас профессор-оқытыўшылар менен авторлықта жоқары импакт-факторлы халықаралық журналларда илимий мақалаларды басып шығарған профессор-оқытыўшыларды хошаметлеў системасын енгизсин.

6. Төмендегилер:

а) 2020-2023-жылларда Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетин комплексли раўажландырыў бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын ҳәм онда, соның ишинде, төмендегилер нәзерде тутылсын:

оқыў режелеринде әмелий ҳәм көшпели сабақларды өткериўди кеңейтиў, студентлерде әмелий компетанцияларды раўажландырыўға бағдарланған пәнлерге ажыратылған саатлардың үлесин арттырыў;

билимлендириўдиң мазмунын креатив пикирлеў, инновациялық идеялар ҳәм қолланбаларды қәлиплестириўге хызмет ететуғын  билимлендириў технологиялары менен байытыў;

алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында басқарыў хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшылардың жумысын комплексли баҳалаў индикаторлары тийкарында  материаллық хошаметлеў системасын жаратыў;

Университет потенциалын басқышпа-басқыш арттырыў мақсетинде Университет  докторантурасына қабыллаў квотасын көбейтиў, жаңа қәнигеликлер бойынша жоқары маман илимий ҳәм илимий-педагог кадрларды таярлаўды шөлкемлестириў;

профессор- оқытыўшылар, изертлеўшилер, студентлер ушын көркем, илимий ҳәм оқыў әдебиятлары электрон каталоглары және билимлендириў ресурсларынан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў;

сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиўди раўажландырыў, Университеттиң халықаралық көлемдеги бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў;

б) 2023-жылға шекем Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетин раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери (индикаторлары) (кейинги орынларда – мақсетли көрсеткишлер) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

7. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:

2020-жыл 1-июльге шекем Университет жанындағы академиялық лицейдиң жумысын сын көзқараста үйренип, оның жумысын жетилистириў, қабыллаў процесине қойылған талапларды қайта көрип шығыўды өз ишине алған илажлар бағдарламасын тастыйықласын;

илажлар бағдарламасында академиялық лицейге оқыўшылар шет тилди билиў дәрежесине қарап қабыл етилиўин ҳәм Университет кафедра баслығы ҳәм жетекши илимпазларының академиялық лицей оқыў топарларына бириктирилиўин нәзерде тутсын.

8. Шығыс тиллери тараўында орта буўын профессионал кадрларды таярлаў, сондай-ақ, талантлы жаслар селекциясын әмелге асырыў мақсетинде Наманган ҳәм Хийўа қалаларында шығыс тиллери бойынша техникумлардың шөлкемлестирилип атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги 2020-жыл 1-августқа шекем Наманган ҳәм Хийўа қалаларында шөлкемлестирилип атырған  шығыс тиллери бойынша техникумларды шығыс тиллерин оқытыўға бейимлестириў, оларды тәжирийбели педагог кадрлар менен толықтырыў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, сондай-ақ, питкериўшилерге қойылатуғын қәнигелик талаплар, оқыў режесин ҳәм бағдарламаларын ислеп шығыў бойынша тийисли илажларды көрсин.

9. Билимлендириўдиң сапасын арттырыў, кадрларды таярлаўда инновациялық усылларды енгизиў мақсетинде Университет структурасында юридикалық тәреп дәрежесине ийе болмаған:

шығыс тиллери бойынша тәжирийбели аўдармашыларды заманагөй усыллар тийкарында әмелият пенен үйлесликли түрде таярлаўға қаратылған Синхрон аўдарма лабораториясы;

студентлерде еркин билимлендириў компетенцияларын ҳәм шығыс тиллери бойынша электрон билимлендириў ресурсларын қәлиплестириўге  хызмет ететуғын заманагөй техникалық қураллар менен үскенеленген Мультемедиа орайы шөлкемлестирилсин.

10. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Илимлер Академиясы, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Мәденият министрлигиниң Университет жанында юридикалық тәреп дәрежесине ийе болмаған Шығыс мәденияты ҳәм мийрасын енгизиў илимий-изертлеў орайы ҳәм Шығыс мәмлекетлериниң раўажланыўын енгизиў илимий-изертлеў орайын (кейинги орынларда – орайлар) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

Төмендегилер:

шығыс халықларының мәденияты, шығыс тиллериндеги әдебий, тарийхый, философиялық дәреклерди ҳәр тәреплеме терең үйрениўге қаратылған илимий изертлеўлер алып барыў және халқымыздың қәдириятлары ҳәм милий мәдений мийрасымызды дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаў Шығыс мәденияты ҳәм мийрасын енгизиў илимий-изертлеў орайының;

Шығыс мәмлекетлериниң тарийхы, раўажланыў басқышлары, жәмийетлик-сиясий, экономикалық раўажланыў белгилери ҳәи раўажланыў моделлерин комплексли енгизиў, Өзбекстан Республикасының Шығыс мәмлекетлери менен өз-ара қатнасықларын раўажландырыў көзқарасынан үйрениў Шығыс мәмлекетлериниң раўажланыўын енгизиў илимий-изертлеў орайының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин.

Шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын түсимлер, илмий-техникалық бағдарламаларға ажыратылған бюджет қаржылары, Университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дәреклер орайлардың жумысын қаржыландырыў дәреклери есапланатуғынлығы белгилеп қойылсын.

11. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң:

жазба естеликлер бойынша мақсетли илимий изертлеўлерди әмелге асырыў ушын Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Абу Райхан Беруний атындағы Шығыстаныў институтының корында сақланып атырған қолжазба ҳәм тас баспа дәреклерин факсимиле, фото, сканер көширмелери менен Университетти бийпул тәмийинлеў;

Илимлер академиясының илимий-изертлеў институтлары ҳәм музейлери жанында Университеттиң әдебий ҳәм тарийхый дәректаныў бағдарларында кадрлар таярлайтуғын кафедралараның филиалларын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

12. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги Илимлер академиясы ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте ҳәр жылғы илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламаларды қәлиплестириўде оларда шығыстаныў тараўы бойынша мақсетли илимий-изертлеў жойбарларының әмелге асырылыўын нәзерде тутсын.

13. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Университет пенен биргеликте:

Әмир Темур, Әлийшер Наўайы, Заҳриддин Муҳаммед Бабур  , Махмуд Замахшари ҳәм басқа да уллы ата-бабаларымыз тәрепинен жаратылған Шығыс мәмлекетлериниң жәмийетлик-сиясий турмысы, тили, мәденияты ҳәм тарийхына байланыслы жазба дәреклерди;

Шығыс ҳәм Арқа Африка мәмлекетлериниң тарийхы, антропологиясы, тили ҳәм әдебияты, жәмийетлик-сиясий процесслери, ишки ҳәм сыртқы сиясатын үйрениў бойынша илимий-изертлеў жойбарларын әмелге асырсын.

14. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, Қаржы министрлиги ҳәм Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ташкент қаласында «Санкт-Петербург мәмлекетлик университети» федераллық мәмлекетлик бюджети жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиалын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарар жойбарын орнатылған тәртипте  киргизсин.

15. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Сыртқы ислер министрлигиниң Университеттиң халықаралық абырайын беккемлеў, сырт ел шөлкемлери менен бирге ислесиўин кеңейтиў, инвестицияларды тартыў, алдынғы тәжирийбелерди оқыў ҳәм илимий процесске енгизиў мақсетинде сырт елли қәнигелер, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасында аккредитациядан өткен дипломатиялық ўәкилханалар ҳәм халықаралық шөлкемлердиң маман хызметкерлери тәрепинен Университетте лекциялар оқыў ҳәм әмелий сабақлар өткериў ҳаққындағы усынысы мақыллансын.

16. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Ишки ислер министрлиги Университет буйыртпаларына бола сабақ бериў, илимий-изертлеў жумысларын әмелге асырыў, илимий-теориялық лекциялар оқыў ушын усыныс етилетуғын сырт елли профессор-оқытыўшылар, илимпазлар ҳәм қәнигелерге көп мәртелик кириў визаларының берилиўи ҳәм созылыўын, Өзбекстан Республикасындағы ўақтынша жасаў орнында ўақтынша дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин.

17. Ташкент автомобиль жолларын жойбарлаў, қурыў ҳәм эксплуатациясы институтының Ташкент қаласы, Мирабад районы, Әмир Темур проспекти, 20а-жай мәнзилинде жайласқан имарат ҳәм объектлери тийисли аймағы менен биргеликте Университетке оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийғәрез өткерилип берилсин.

Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Қурылыс министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм ташкент қаласы ҳәкимлиги 2021-жыл 1-августқа шекем усы бәнтке муўапық Университетке берилген аймақта Университеттиң жаңа 9 қабатлы имаратын ҳәм спорт  комплексин қурыў ҳәм пайдаланыўға тапсырыў илажларын көрсин.

18. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте Университеттиң жаңа имараты ҳәм спорт комплексин қурыў ҳәм үскенелеў ушын зәрүр қаржыларды тартсын ҳәм өз ўақтында ажыратсын;

Есап палатасы менен биргеликте Университеттиң жаңа имараты ҳәм спорт комплексин қурыў ҳәм үскенелеў ушын Ажыратылған қаржылардың ақылға уғрас ҳәм мақсетли жумсалыў бойынша турақлы қадағалаў орнатсын.

19. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм «Эл-юрт умиди» қоры Университеттиң тийкарланған усыныслары тийкарында жоқары маман қадрлар таярлаў мақсетинде профессор-оқытыўшылар, басшы хызметкерлер ҳәм изертлеўшилердиң сырт елде әмелият өтеўин ҳәм стажировкасын шөлкемлестириў илажларын көрсин.

20. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында еки ай мүддетте Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

21. Усы қарардың оранланыўын шөлкемлестириўдиң төмендеги тәртиби орнатылсын:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитов – усы қарардың орынланыўын сапалы, толық ҳәм өз ўақтында тәмийинлеў, белгиленген илажларды әмелге асырыў бойынша жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестирсин ҳәм муўапықластырсын, ҳәр шеректе олардың басшыларының орынланған жумыслар ҳаққындағы есабатларын қабыл етсин ҳәм анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырсын;

Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.У.Маджидов – шығыстаныў тараўында жетерли билимлерге ийе маман кадрлар таярлаў сапасын жақсылаў, Университеттиң жумысын керекли дәрежеде шөлкемлестириў, шығыс тиллерин билиў дәрежесин баҳалаў системасын енгизиў, мақсетли көрсеткишлерге ерисиў, Бағдарламаны орынлаў бойынша барлық зәрүр илажлардың көрилиўин тәмийинлесин, усы қарарда белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўда жуўапкер шөлкемлерге методикалық ҳәм әмелий жәрдем көрсетсин ҳәм оның орынланыўы бойынша ҳәр айда Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барсын;

жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары – усы қарарда нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында, сапалы ҳәм толық орынлаў, шығыстаныў тараўында маман кадрларды таярлаў ҳәм илимий потенциалын жақсылаў бойынша барлық илажларды әмелге асырсын;

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң бас директоры А.К.Кўчимов ҳәм Өзбекстан Милий телерадиокомпаниясының баслығы А.Д.Ходжаев – усы қарардың мазмун-мәниси ҳәм әмелий әҳмийетин сәўлелендириўге байланыслы мақалалар, брифинглер, баспасөз конференцияларын, тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                          Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 16-апрель