USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 20 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИ АБУ ДАБИ МИЙРАСХОРЫ, БАӘ ҚУРАЛЛЫ КҮШЛЕРИ ЖОҚАРЫ БАС СӘРКАРДАСЫНЫӉ ОРЫНБАСАРЫ МЕНЕН ТЕЛЕФОН АРҚАЛЫ СӨЙЛЕСТИ

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-апрель күни Абу Даби Әмирлигиниң  мийрасхоры, Бирлескен Араб Әмирликлери Қураллы күшлериниң Жоқары бас cәркардасының орынбасары Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаён менен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери арасындағы көп қырлы қарым-қатнасықларға байланыслы әҳмийетли мәселелер, сондай-ақ, әмелий бирге ислесиўди саўда-экономикалық, инвестиция, банк-қаржы, жанар май-энергетика, транспорт-коммуникация ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда және де кеңейтиў перспективалары додаланды.

Коронавирус инфекциясының тарқалыўына жол қоймаў ҳәм усы глобаллық қәўип-қәтерге қарсы нәтийжели гүресиў бағдарында мәмлекетлеримизде әмелге асырылып атырған мисли көрилмеген илажларға айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы пандемия ақыбетлерин жеңип өтиўде көрсетилип атырған жәрдем ушын Бирлескен Араб Әмирликлери басшыларына миннетдаршылық билдирди.

Коронавирус тарқалыўының еки тәреплеме бирге ислесиў пәтине, соның ишинде, бүгинги күнде БАӘның жетекши компаниялары ҳәм банклериниң қатнасыўында санаат, инфраструктура, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тармақларда әмелге асырылып атырған перспективалы жойбарларға унамсыз тәсирин азайтыў мақсетинде ҳәрекетлерди жақыннан муўапықластырыўды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Түрли дәрежелерде биргеликтеги ҳәрекетлерди жедел муўапықластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Тәреплер, сондай-ақ, регионналлық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысты.

ӨзА