Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёвтиң басшылығында 3-апрель күни коронавирус пандемиясы келтирип шығарған кризиске қарсы гүресиў шараятында исбилерменликти қоллапуўатлаў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Халықаралық экспертлердиң есап-санақларына қарағанда, пандемия дүнья экономикасына 2 триллион доллардан аслам зыян жеткериўи күтилмекте. Барлық орынларда саўда байланыслары, көплеген хызметлер тоқтап қалған.

Мәмлекетимизде бул кризистиң экономикаға кескин унамсыз тәсириниң алдын алыў мақсетинде зәрүрли илажлар әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз басшысының пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилип, бизнес структураларына көплеген жеңилликлер ҳәм преференциялар берилди.

Мәжилисте Президентимиз кәрханалардың турақлы ислеўине жәрдемлесиў, барлық имканиятлар менен резервлерди толық қаратыў зәрүр екенлигин атап өтти.

– Бир кәрхананың жумысын тоқтатыўына да «айрықша жағдай» деп қараўымыз керек. Себеби бул кәрханалар қаншадан-қанша жумыс орынлары менен шаңарақлардың дәраматын тәмийинлемекте. Жыл басында барлық ҳәкимлер исбилерменликти раўажландырыўы бойынша мүрәжат қабыл етип, үлкен шеклерди белгилеп алған едик. Ҳәзир сынақ дәўири. Қайсы ҳәким есап-санақты орнына қойып, ишки резервтен, жаратылып атырған имканиятлардан дурыс пайдаланса, бул шеклерге, әлбетте, ериседи. Исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, аўырын жеңил етиў ҳәм барлық зәрүрли шараятларды жаратып бериў бүгинги күнде бурынғыдан да әҳмийетли, – деди Шавкат Мирзиёев.

 

 

Жалпы ишки өнимниң тийкарғы бөлеги ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлейтуғын 2 мыңнан аслам ири кәрханалардың жумысы улыўма тоқтамаўы кереклиги атап өтилди. Бул ушын олардың ҳәр бирине Президент кеңесгөйлери, Бас министрдиң орынбасарлары, министрликлер, уйымлар ҳәм банклердиң басшылары жуўапкер етип бириктирилди. Бул кәрханаларда карантин қағыйдаларына, Республикалық арнаўлы комиссияның қарарларына қатаң әмел еткен ҳалда жумыс алып барылады. Бириктирилген басшылар кәрханаларға инфраструктура ҳәм шийки зат тәмийнаты, өнимди ҳәм жумысшыларды тасыў, салық, кредит, бажыхана мәселелеринде әмелий жәрдем берип барады.

Район ҳәм қалалардың сектор басшылары өз аймағындағы кәрханаларды аталыққа алып, олар менен турақлы түрде бирме-бир ислейди. Район Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлиминде штаб шөлкемлестирилип, ҳәр бир исбилерменниң машқаласы шешип барылады.

– Ҳәмме соны жақсы билиўи керек: бирде-бир исбилерменди өз ҳалына  таслап қоймаймыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Айтып өтилгениндей, пандемия ақыбетлери аўыр тәсир ететуғын бул кәрханалар менен айрықша ислесиў зәрүр. Финанслық қыйыншылыққа ушыраған кәрханалардың басшылары жеңиллик алыў ушын банк ҳәм салық уйымларында сергиздан болып жүрмеўи керек.

Кризиске қарсы гүресиў қорынан социаллық тараў ҳәм басқа да  инфраструктура объектлери қурылысына қосымша 3,6 триллион сумм ажыратылды. Бул қаржылар, ең дәслеп, өндирис инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылады. Атап айтқанда, 152 жойбардың машқалалары шешилсе,10 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылады.

Видеоселектор мәжилисинде экспорт мәселесине де тоқтап өтилди. Жүклерди темир жол арқалы контейнерде тасыў, станцияларда рефрижератор секцияларын көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Жуўапкер хызметкерлерге мийўе-овощ өнимлериниң, тоқымашылық ҳәм электротехника қуралларының, қурылыс материалларының экспорты бойынша ҳәр бир кәрхананың машқаласын жедел шешип барыў бойынша тапсырмалар берилди.

 

 

Халықты зәрүрли тутыныў товарлары, азық-аўқат, дәри ҳәм гигиена өнимлери менен тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Елимиздеги 358 дийқан базары ҳәм олардағы «Елге хызмет» кәрханасын тартып, мәҳәллелерде әпиўайыластырылған көшпели саўданы жолға қойыў илажлары белгиленди.

Қалаберди, халықтың ықтыярында 4,5 миллион қыйтақ жер хожалығы бар. Жақын күнлерде олардан да өним алына баслайды. Бул адамларға қосымша дәрамат, халқымызға ырысқы-несийбе дәреги болады. Сонлықтан қыйтақ жерден өнимлерди сатып алыўшыларға карантинге әмел еткен ҳалда еркин ҳәрекетлениў ушын шараятлар жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Бизге белгили, карантинниң дәслепки күнлеринен-ақ, халқымыз бирлесип, сақаўатлы инсанлар жалғыз баслы кекселер, жәрдемге мүтәж шаңарақларға жәрдем қолын созбақта. Бул ҳәрекетлерди муўапықластырыў ҳәм қәўипсизлик қағыйдаларын тәмийинлеген ҳалда әмелге асырыў мақсетинде қайыр-сақаўат жолында топланған өнимлер Ташкент қаласындағы «Өзэкспоорай»ға алып келинип, колл-центрге келип түскен мүрәжатлар тийкарында мәҳәлле ўәкиллери ҳәм волонтёрлардан ибарат топарлар тәрепинен мүтәж шаңарақларға тарқатылмақта. Буның ушын 20 «Дамас» автомашинасы ажыратылып, барлық қорғаныў қураллары менен тәмийинленген.

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигине усындай тәртипти ўәлаят орайларында да шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берилди.

Саўда-санаат палатасы, «Өнермент» бирлеспесине коммерциялық банклер менен биргеликте быйыл өнерментшилик жойбарлары ушын ажыратылған 50 миллион доллар кредит қаржыларының ийелерине толық жетип барыўын тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте мәмлекетлик бюджет түсимлери прогнозының орынланыўына байланыслы мәселелер де кең түрде талқыланды.

Усы жылдың биринши шерегинде бюджетке 24 триллион сум салық ҳәм 4,8 триллион сум бажыхана түсимлери жыйналып, барлық аймақларда дәраматлар прогнозы толық орынланған.

Мәселен, екинши шеректе тәбийғый газ сатыў көлеминиң азайыўы, мыстың дүнья базарындағы баҳасының төменлеўи сыяқлы дәреклер есабынан  бюджетке салық түсими биринши шерекке салыстырғанда 1,4 триллион сумға азайыўы күтилмекте. Бундай жағдай бажыхана түсимлеринде де бақланады.

Бул жағдай қаржы, салық, бажыхана ҳәм басқа да экономикалық комплекс уйымларынан жоқары дәрежедеги таярлықты талап етеди. Сонлықтан жуўапкер уйымлардың басшылары кәрхана ҳәм исбилерменлердиң турақлы ислеўине жәрдемлесип, түсимлерди көбейтиў илажларын көриўи әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Видеоселектор арқалы ҳәр бир жуўапкер министрлик, мәкеме, шөлкем басшыларының ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының, ўәлаятлар ҳәкимлериниң күн тәртибиндеги белгиленген мәселелер бойынша есаплары тыңланды.

 

 

ӨзА