«Mening fikrim» жәмийетлик мүрәжатлар порталында «Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине балаларды қабыллаў жасын еки жас етип өзгертиў ҳаққында»ғы петиция жәрияланды. Бул хаққында xs.uz  сайты мәлим етти.

Айтылыўынша, ҳәзирги күнде балалардың бақшаға шығыў жасы 3 жас етип белгиленген. Бирақ түрли себеплерге бола аналар жумысқа шығыўға мәжбүр болады. Бирақ перзентин үш жасқа толмағаны ушын бақша қабыл етпейди. Сол себепли, перзент ҳәр жерде сергиздан болады. Жеке меншик бақшалар болса оғада қымбат болып, оны төлеўге ҳәммениң де материаллық имканияты жетпейди.

«Жоқарыдағыларды есапқа алған ҳалда, мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине балаларды қабыллаў жасын еки жас етип өзгертиўди усыныс етемиз. Усы арқалы жас баласы бар аналардың жумыс ислеўи ҳәм оқыўы ушын үлкен имканият жаратылған болар еди», делинеди петицияда.

Түсиндирмелерде болса мәмлекетлик бақшаларда онысыз да жер машқаласы, мәмлекетте жаңа бақшалардың қурылысы процеси төмен екенлиги, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында қурылатуғын бақшалардағы бюрократиялық (кредит алыў ҳәм б.) тосқынлықлардың бар екенлиги санап өтилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги