ӘСКЕРИЙ ХЫЗМЕТ                           

Усы жыл 27-март күни мүддетли әскерий хызметтиң белгиленген мүддетин Арқа-Батыс әскерий округи Нөкис гарнизонына қараслы әскерий бөлимлерде өтеп болған әскерлер өз үйлерине жөнеп кетти.

Арқа-Батыс әскерий округи Баспасөз хызметиниң хабар еткениндей. әскерлердиң үйлерине аман-саў жеткериў ушын Нөкис-Ташкент жөнелисинде арнаўлы поезд қатнаўы жолға қойылды. Армия қатарында әдиўли миннетин өтеп болғанларды узатып салыў мәресимлери қысқартырылған тәртипте өткерилди. Атап айтқанда, гарнизонның әскерий бөлимлериниң биринде болған усындай мәресимде 900 ға шамалас әскерге үлгили хызмети ҳәм Ўатан алдындағы әдиўли миннетин садықлық пенен орынлағаны ушын миннетдаршылық билдирилди. Барлық сынаўлардан табыслы өткен 250 ден аслам әскерге әскерий бөлим командири тәрепинен жоқары оқыў орнына жеңилликли кириў имканиятын беретуғын усыныснама тапсырылды.

Арқа-Батыс әскерий округи басшылығы тәрепинен коронавирус инфекциясынан максимал дәрежеде қорғаныў ҳәм оның тарқалыўының алдын алыў мақсетинде санитария-гигиеналық талаплар қатаң сақланыўына әмел қылынды. Атап айтқанда, мүддетли әскерий хызметтиң белгиленген мүддетин өтеп болған әскерлерди Нөкис-Ташкент жөнелисинде қатнаўын әмелге асыратуғын 11 вагоннан ибарат арнаўлы поездың ишки ҳәм сыртқы бөлеги Нөкис әскерий госпиталы, радиациялық, химиялық ҳәм биологиялық қорғаныў бөлимшелери тәрепинен дизинфекцияланды. Үйлерине қайтып баратырған әскерлер жеке гигиена затлары ҳәм медициналық нықаплар менен тәмийинленди.

Еслетип өтемиз, елимизге коронавирус инфекциясының тарқалыўы ҳәм оның алдын алыў мақсетинде енгизилген карантин мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы пуқараларын мүддетли әскерий хызметке шақырыў ўақтынша тоқтатылды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.