Коронавирус пандемиясының елимизге кирип келиўи себепли  жәрияланған карантин шараятында базарлар, саўда комплекслери ҳәм барлық азық-аўқат дүканларында сатылып атырған өнимлердиң баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў бойынша Мәмлекетлик салық басқармасы хызметкерлери тәрепинен басқа да тийисли уйымлар менен биргеликте исбилерменлик субъектлериниң арасында кең көлемли үгит-нәсият жумыслары турақлы алып барылмақта.

Деген менен, халқымыз ушын үлкен сынақ болған ҳәзирги дәўирде жеке мәпин ойлаған, өнимлердиң баҳасын арттырып, ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз сатып атырған пуқараларымыз да ушырасып атырғанлығы өкинишли жағдай.

Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы Мәлимлеме хызмети ўәкилиниң хабар бериўинше, Нөкис қалалық мәмлекетлик салық инспекциясының «Исеним телефоны»на көтере саўда орайында картошка ҳәм пияз өнимлери қымбат баҳада атып атырғанлығы туўралы мүрәжат келип түсти.  Атап айтқанда, бир «исбилермен» картошканың баҳасын 4700 сумнан, пиязды болса, 2800 сумнан, оның үстине мәмлекетлик сынаў ҳәм сертификатластырыў орайынан өткерилмеген өлшеў әсбапы арқалы сатып атырғанлығы анықланды. Оператив алып барылған мониторинг даўамында оған тийисли болған улыўма баҳасы 1 миллион 981,4 мың сумлық 174 килограмм картошка, 362 килограмм пияз өними бул ис нызамлы шешимин тапқанға шекем ўақтынша сақлаў ушын рәсмийлестирилип алынды.

Халқымыздың басына ис түскен ҳәзиргидей пайытта өз мәпин ойлап атырған пуқараларымызға не деўге боладыЎ Насаз тәрези менен саўда еткен, азық-аўқат өнимлериниң баҳасын тийкарсыз арттырғанлар шара көриледи деп, ҳәр күни үгит-нәсият алып барылып атырған болса да, буннан тийисли жуўмақ шығармағаны өкинишли. Елимизде исбилерменлер ушын жаратылған шараятлардан нәтийжели пайдаланған ҳалда халқымызға сапалы хызмет етиў бәршемиздиң ўазыйпамыз болып табылады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.