Коронавирус инфекциясының тарқалыўы ақыбетинде қарыздарлардың кредит төлемлерине байланыслы рискти жумсартыў бойынша қосымша илажлар бойынша Орайлық банктиң мәлимлемеси

Коронавирус инфекциясының тарқалыўы ақыбетинде қарыздарлардың кредит төлемлерине байланыслы рисклерди жумсартыў мақсетинде Орайлық банк тәрепинен барлық кредит шөлкемлерине:

  • енгизилген карантин режими ҳәрекетине унамсыз тәсир көрсеткен қарыздар-физикалық тәреплер ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлердиң мүрәжатларына тийкарланып, 2020-жыл 1-октябрьге шекем кредит төлемлерин қайтарыўда жеңиллетилген дәўир бериў ҳәм сәйкес түрде жуўмақлаўшы төлемлердиң мүддетлерин созыў;
  • мүддети өткен қарызлардың кешиктирилиўинде жәрийма санкцияларын қолланбаў ҳәм өндириўди кредит тәмийнатына қаратпаў усыныс етилди.

Сондай-ақ, кредит шөлкемлерине жоқарыдағы усынысларға тийкарланған шәртлери қайта көрип шығылған кредитлер сапасының классификациясын өзгертпеў ҳуқықы берилди.

Өз гезегинде, енгизилген карантин жағдайынан келип шығып, аралықты тәмийинлеў мақсетинде кредит шөлкемлерине қысқа мүддет ишинде кредит төлемлерин кешиктириў мәселелери бойынша мүрәжатларды аралықлы тәризинде көрип шығыў системасын жаратыў илажларын көриў усыныс етиледи.

Соның менен бирге, енгизилип атырған жеңилликлерден ақылға уғрас пайдаланып, қарыйдарлар тәрепинен ҳақыйқатында да финанслық жағдайы төменлеген жағдайда кредит шөлкемлерине мүрәжат етиў мақсетке муўапық екенлигин билдиремиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги