Әдиллик министриниң орынбасары Худоёр Мелиев онлайн түрде брифинг өткерди.

Брифингте Министрлер Кабинетиниң «Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәниси түсиндирип берилди.

Сыр емес, халық арасында көплеген дәриханаларға медициналық нықаплардың жоқлығы, карантинде үйде қалып атырған хызметкерлердиң мийнет ҳақысы бойынша ҳәр түрли сораўлар пайда болмақта.

Х.Мелиев бул мәселелерге тоқтап өтип, биринши гезектеги дәри-дармақлар, нықап ҳәм медициналық әсбаплардың (дезинфекция қураллары ҳәм басқалар) халыққа қатаң белгиленген баҳаларда үзликсиз жеткерип берилиўин қадағалайтуғынын мәлим етти.

Халықтың реал дәраматларының турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде жумысшыларға айлық мийнет ҳақылары үзликсиз ҳәм өз ўақтында төлениўин тәмийинлеп барылады. Республикадағы бәнтлик дәрежесиниң түсип кетпеўи бойынша анық ҳәм мәнзилли илажлар әмелге асырылады.

Пуқаралар тәрепинен Интернет жәҳән мәлимлеме тармағы ҳәм телефон байланысы ушын төлемлер өз ўақтында әмелге асырылмағанлығы себепли еки ай даўамында өширилиўине жол қойылмайды.

Сондай-ақ, 2020-жыл 24-март саат 00.01 ден баслап инфекция республиканың басқа аймақларына тарқалыўының алдын алыў мақсетинде басқа аймақлардан Ташкент қаласына кириў (автобус, микроавтобус, жеңил транспорт, авиақатнаўлар ҳәм темир жол транспорты қураллары арқалы) тоқтатылады.

Ташкент қаласына киретуғын ҳәм шығатуғын шахсларда коронавирус инфекциясы белгилерин анықлаў бойынша мәжбүрий медициналық қадағалаў орнатылады.

Мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ўәкиллерин қабыл етиў ҳәм оларға мәмлекетлик ҳәм басқа да хызметлерди көрсетиў бойынша имканы барынша «онлайн» режимге өткериледи.

Онлайн брифингте қарардың усы сыяқлы барлық тәреплери түсиндирилип ғана қалмай, қарардың орынланыўы жеке Бас ўәзирдиң қадағалаўында екенлиги атап өтилди.

 

Н.Абдураимова, ӨзА