Карантин ўақтында берилген режеден тысқары дем алыс себепли студентлердиң жазғы дем алыс мүддети қысқарыўы мүмкин. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрдың орынбасары Узоқбой Бегимқулов мәлим етти.

«Карантин себеп жаздағы дем алыс мүддети қысқарыўы тәбийғый, оның мүддети карантин себепли берилген дем алыстың қанша ўақыт даўам етиўине байланыслы.

Ҳәзир гезектен тысқары дем алыс неше күнге созылыўына қарамастан, биз студентлерге аралықлы ҳәм еркин билим алыў арқалы оқыў бағдарламаларын өзлестириўине имканият жаратып берип атырмыз.

«Билимлендириў мәкемелериндеги дем алыс билимлендириў түрине қарамастан барлық студентлерге тийисли. Тек күндизги ямаса сыртқы билимлендириўдеги емес, ал қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўда оқып атырған ҳәм оқыўы зәрүр болғанларға да дем алыс тийисли.

Соның менен бирге, профессор-оқытыўшыларды қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў курсларында аралықлы билимлендириў толық енгизилген, сыртқы билимлендириў ушын да жетерли электрон ресурслар бар.

23-марттан баслап Ташкент қаласындағы Жоқары билимлендириў мәкемелириниң профессор-оқытыўшы ҳәм хызметкерлериниң көпшилик бөлеги белгиленген тәртипте мийнет дем алысына шығарылады, қалған хызметкерлердиң жумысы максимал дәрежеде аралықтан турып шөлкемлестириледи», – деди  министрдиң орынбасары.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги