«75 жыл болыпты, Беларусь халқы тыныш аспан астында жасамақта. Бул жалынлы урыс жылларында басқыншыларға қарсы өз жанын ойламай пидайы гүрес алып барған қаҳарман жаўынгерлер себепли…

Әзиз ветеранлар! Сизге беккем денсаўлық, барлық жақсылықлар яр болсын! Терең ҳүрмет пенен Беларусь Республикасы Президенти А.Лукашенко».

Ташкент ўәлаяты Пискент районында жасап атырған Сыражхан ата Саидмаҳмудовқа Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенкодан келген хатта мине усындай миннетдаршылық сөзлери атап өтилген.

Ата хатқа үңилгенше, узақ ойға талады. Мениңше, сол демлер атаның көз алдынан буннан 75-80-жыллар алдыңғы еслеўлер – жалынлы урыс жыллары, қан кешип өткен жаслығы, бир қатар қалаларды қорғаў ушын урысларда болған ўақыялар көриниси кино лентасындай бирим-бирим өтти.

Сыражхан ата Саидмаҳмудов  1942-жылдың сентябрь айында Беларусьқа әскерий хызметке шақырылды. Дерлик  100 жасты қарсы алып атырған ата сол ўақытлары саррас 18 жасар жигит еди.

– Бес ай әскерий өнерден сабақ берип, урысқа таярлады – еслейди ата. – Сол ўақытлары жүдә қатты суўық еди. Бир саат дем алып, және таярлық даўам ететуғын еди. Әскерий  таярлықтан соң бизлерди Смоленск қаласының қорғаўға жиберди. Бир аяғымнан жараландым. Төрт ай Москвада емленип, және фронтқа қайттым. Беларусь, соң Украинада өткен қанлы урысларда қатнастым. Сонда аяғым екинши мәрте жараланды. Сочида емленип, және саўаш майданына кирдик.

Атаның еслеўинше, олар 1945-жылы Германияға кирип барған. Жеңиске ерисип, және 4 ай сол жерде хызмет еткен.

– Урыстан қайтқаннан соң хожалықта әпиўайы жумысшы болып ислей басладым. Шаңарақ қурып, төрт ул, бир қызды тәрбияладым. Ҳәмме-ҳәммеси бәринен бурын тынышлық, сабыр-тақат, ҳадал мийнет себепли әлбетте. Және бир узақ жыллық әрманым бар еди – Ҳаж сапары. Қудайға мың қәтле шүкир, мине усындай заман шарапаты менен бул әрманым да әмелге асты.

photo5456471039073693764.jpg

Өз-ара мийрим-шәпәәт, қайыр-сақаўат, шығыстың жаңа жыл әййямы – Наўрыз байрамы алдында район ҳәкимлиги ҳәм басқа да шөлкемлердиң жуўапкерлери Сиражхан ата Саидмаҳмудовтың үйине барып, атаға Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығы мүнәсибети менен жолланған Беларусь Республикасы Президентиниң жүрек төринен шыққан миннетдаршылық сөзлери жазылған хатын ҳәм медальды тапсырды.

 

Авазбек ХУДОЙҚУЛОВ,
ӨзАның хабаршысы