ДЕПУТАТ МИНБЕРИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжаты жәрияланғанына еки ай болмақта. Пүткил халқымыз оны үлкен қызығыўшылық ҳәм қанаатланыўшылық пенен қабыл етти. Дүнья жәмийетшилиги тән алмақта. Басқа тиллерге аўдарылып басып шығарылмақта. Бирақ, Мүрәжатқа мүрәжат еткенимиз сайын оның жаңа қырларын, алға қойылған жаңадан-жаңа баслама ҳәм идеяларын, ийгиликли мақсетлериниң мазмун-мәнисин, инсан ой-пикириниң уллы өзгерислерге уқыплылығын дәлийллеўши логика ҳәм философияны ашамыз.

Оны әсиресе, халықтың исенимине ерискен депутатлар тереңирек аңлаўы, түсиниўи, жуўапкершилик сезимин түйиниўи, усындай өзгерислер процесинде белсенди болыўға умтылыў бүгинги күнниң талабы болып есапланады.

2019-жыл 22-декабрьде болып өткен сайлаўлардан кейин, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасында 8, Қарақалпақстан Республикасында Жоқарғы Кеңесинде 85, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерде 425 депутат өз жумысын баслады.

Орынлардағы реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўы, халықты тәшиўишке салып атырған машқалалардың толық түрде шешилиўинде бәринен бурын жергиликли кеңес депутатларының роли ҳәм үлеси үлкен әлбетте. Себеби, олар халыққа жақын, адамлардың арасында тиккелей ҳәм күндекликли қарым-қатнаста болыў имканиятына ийе болған халық ўәкили болып есапланады.

Мүрәжатта орынларда атқарыў ҳәм ўәкилликли уйымлардың мәмлекетлик басқарыўдағы роли менен жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў, ҳәкимлер соңғы 3 жылда өзлерине берилген кең ўәкилликлеринен қаншелли нәтийжели пайдаланып атырғанын, министрликлер ҳәм уйымлардың аймақлық структураларының жумыс нәтийжелилигин қадағалаў бойынша жаңа система жаратыў мәселеси алға қойылып «Усы жерде ҳақылы сораў туўылады: не ушын Бас министрден баслап барлық ҳүкимет ағзалары, ўәлаят ҳәкимлери парламентке есабат берсе де, ўәлаят ҳәм районлардағы басшылар өз жумысы ҳаққында жергиликли кеңеслерге есабат бермеўи керек?

Соның ушын ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери өз бағдарламалары және олардың орынланыўы ҳаққында ўәлаятлық кеңеслерде есабат беретуғын система енгизиледи», – деп атап өтилди. Президентимиз тәрепинен жумыстың нәтийжесин арттырыў мақсетинде жергиликли ўәкилликли уйымлардың жумысында Кеңес сораўы институтын енгизиў усыныс етилди. Бул негизинде жергиликли кеңеслер ҳәм депутатлар ушын оғада үлкен ўәкиллик, ҳуқық болып есапланады.

Президентимиз басқарыў системасының сапасын арттырыўда «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек» деген баслы принципти әмелде толық тәмийинлеўге байланыслы анық ўазыйпаларды ортаға таслады.

Атап айтқанда, Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханаларына жылына 1 миллионнан аслам мүрәжат келип түсип атырғанынан келип шығып, енди мәмлекетлик уйымлардың басшылары ҳәм ҳәкимлердиң усы мүрәжатларды қай дәрежеде шешип атырғаны бойынша есабатты парламент ҳәм халық депутатлары кеңеслеринде турақлы тыңлаў системасы жолға қойылыўы, жергиликли бюджетлердиң қосымша дәраматын бөлистириў, напақа алыўшыларды әдил түрде белгилеў, атқарыў уйымлары басшыларының жумысына баҳа бериў буннан былай Халық қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатларды таллаў тийкарында әмелге асырылыўы, ҳәр бир депутат Халық қабыллаўханалары менен турақлы ислесип, өз аймағында жасап атырған халықтың машқалаларын шешиўде белсене қатнасыўы, адамлардың дәрт-тәшиўишлерин тыңлаўы атап өтилди.

Усы жылдың 9-11-март күнлери Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында жергиликли Кеңеслер депутатларының ҳуқықый-сиясий социаллық-экономикалық билимлерин және де беккемлеў,өз жумысларын дурыс шөлкемлестириў, халық пенен нәтийжели сойлесиў алып барыў бағдарындағы көнликпелерди қәлиплестириў мақсетинде шөлкемлестирилген семинарда да бул мәселелерге айрықша итибар қаратылды.

Атап айтқанда Мүрәжаттың мазмун-мәниси, оннан келип шығып депутатлардың алдында турған ўазыйпалар додаланды. Ҳақыйқатында да, бүгинги депутат тек ғана Мүрәжатта белгиленген ҳәр бир ўазыйпаны емес, ал онда келтирилген ҳәр бир атаманың мазмун-мәнисин терең аңлаўы керек.

Соның ишинде, онда шахсты жеделлестириў арқалы жәмийетти жеделлестириў, ўатансүйиўшилик, садықлық, жуўапкершилик, «Исбилермен бай болса, халық бай болады, халық бай болса мәмлекет бай болады», «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен», «Шахс-жәмийет-мәмлекет» үшлигинде инсан мәпиниң нәтийжелилигин тәмийинлеў сиясаты жәмлескенлигин терең түсиниў лазым. Сондай-ақ, «Кепилликли ишки ҳәм сыртқы сиясат», «Қәўипсиз мәҳәлле», кластер, илим, мәрипат, санлы технология, урбанизация, реновация, инновация, идентификатор, исендириў, институционаллық потенциал, халық пенен сөйлесиў, жәмийетлик реформалардың интакери, меритократия, санлы билимлер, коррупция, кредит – модуль системасы, стандартлар, «жойбарлар фабрикасы», жәмийетшилик пенен мәсләҳәтлер, жәмийетшилик тыңлаўларын өткериў мәжбүрий екенлиги, «ҳадаллық вакцинасы» сыяқлы атамалардың мәнисин аңлаўымыз, олар ҳаққындағы ойымыз, көникпелеримиз ҳәм билимлеримизди кеңейтип барыўымыз лазым.

Мүрәжатта «Жәмийет – реформалар баслаўшысы» деген жаңа идея күнделикли жумысымызға барған сайын терең кирип баратырғанлығы атап өтилди. Буннан гөзленген мақсет реформалардың әмелий нәтийжелилигин арттырыўда, орынларда жаңа басламаларды алға қойыўда хылқымыздың және де белсене, және де интакер болыўына, басқаша айтқанда ең әҳмийетли идея ҳәм басламалар, машқалалар шешимине байланыслы усыныслар көбирек төменнен шығыўға ерисиў болып есапланады. Төменги қатламдағы халыққа ең жақын болған, олардың тилеклерин үйрениў ҳәм әмелге асырыўға ўәкилликли  есапланған адамлар болса бул – жергиликли Кеңеслердиң депутатлары болып есапланады.

Мүрәжатта «социаллық исбилерменлик» атамасы қолланылады. Мағлыўматларға бола, социаллық исбилерменлик – социаллық мақсетлерди гөзлейтуғын бизнес болып, бунда дәраматлар кәрхана ийелериниң дәраматларын көбейтиўге бағдарланбайды. Социаллық исбилерменлик жумысының тийкарғы мақсети социаллық пайда көриў есапланып, оған бола кәрхананың  жумысына тийкарынан социаллық жақтан турақсыз жағдайда болған ямаса майыплығы болған шахслар тартылады. Соның менен бирге, усы кәрханалар социаллық жақтан пайдалы товар ҳәм өнимлерди ислеп шығарыўға қәнигелескен болады. Социаллық кәрхана – жеке меншик шөлкем есапланады, усыған бола ол мәмлекетлик шөлкем болыўы ямаса мәмлекет тәрепинен  басқарылыўы мүмкин емес. Тарийхый ҳәм сырт елли тәжирийбеге нәзер аўдарсақ Қубла Кореяда ғалабалық жумыссызлық ҳәм халық турмыс дәрежесиниң төменлеп кетиўине себеп болған 1997-жылы жүзеге келген Азия финанслық кризиси мәмлекетте социаллық исбилерменликтиң пайда болыўына түртки болған. Мине усы ўақытта мәмлекет басшысы Кореяда дерлик болмаған коммерциялық шөлкемлер ҳәм социаллық кәрханаларға мүрәжат етиў бойынша қарар қабыл еткен.   Бул тараўды басынан жаратыўға туўра келген.

Қысқа етип айтқанда, социаллық исбилерменликке кеңнен жол ашыў жумыссызлықты сапластырыўы мүмкин. Мен сайлаған аймақтың халқын қыйнап атырған машқалалардан ең тийкарғысы да бул – жумыссызлық болып есапланады. Қалаберсе, бир мәҳәлледе кем тәмийинленген шаңарақлар, жумыссыз жүрген жаслар, жумыс ислеўди қәлейтуғын майыплығы болған шахслар бар. Демек, социаллық исбилерменликтиң ҳуқықый тийкарлары беккемленип, бул жумыс жолға қойылса, бәринен бурын, мине усындай инсанлар разы болады.

Буннан тысқары, Мүрәжатта кәмбағаллықты азайтыў бағдарында социаллық напақа ҳәм материаллық жәрдем ақшасын төлеў ямаса олардың муғдарын арттырыў арқалы усы машқаланы шешиў мүмкин, деп ойлаў бир тәреплеме көзқарас екенлиги атап өтилип, бул мәселени өз алдына исбилерменлик руўхын оятыў,инсанның ишки күш-қуўаты ҳәм потенциалын толық әмелге асырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша комплексли экономикалық ҳәм социаллық сиясатты әмелге асырыў арқалы шешиў идеясы алға қойылды. Егер аймақларда, әсиресе, аўылларда халықтың көпшилик бөлеги жетерли дәрамат дәрегине ийе емес екенлигин есапқа алсақ, бул бағдардағы жумысларға төменги буўындағы халық ўәкиллери қаншелли жақын ҳәм жуўапкер екенлиги белгили болады.

Мүрәжатта келтирилген ҳәр бир пикирди, баслама ҳәм идеяны усы тәризде таллар екенбиз, оның мазмун-мәнисин, мәмлекетимиздиң раўажланыўындағы әҳмийетин және бир мәрте терең түсинемиз. Сондай-ақ, онда көтерилген мәселелерге депутат сыпатында қатнас жасасақ жәмийет ҳәм халық алдындағы жуўапкершилигимизди, өзгерислер ҳәм жаңаланыўлардағы үлесимиз қандай болыўы керек екенлигин түсинип жетемиз. Түсинип ҳәм терең аңлаған ҳалда орынланған жумыс болса нәтийжели болады.

 

Назира Матяқубова,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги