2020-жыл 23-март күни Министрлер Кабинетиниң «Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

 

Қарарға муўапық, Өзбекстан аймағында 2020-жыл 24-март саат 00:01 ден баслап коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы күшейтилген тәртип енгизилди.

 

Оған муўапық, коронавирустың республиканың басқа аймақларына тарқалыўының алдын алыў мақсетинде басқа аймақлардан Ташкент қаласына кириў (автобус, микроавтобус, жеңил автотранспорт, авиарейслер ҳәм темир жол транспорт қураллары арқалы) тоқтатылды.

 

Ташкент қаласында турақлы дизимге алынған адамлар, сондай-ақ, Ташкент ўәлаятында турақлы дизимге алынған болып, Ташкент қаласында жумыс ислеп атырған мәмлекетлик шөлкемлердиң хызметкерлери (мәмлекетлик емес шөлкемлерде – жумыс бериўшиниң тийисли рухсатнамасы тийкарында) және жүк тасыў менен байланыслы жағдайларда Ташкент қаласына кириў ҳәм шығыўға рухсат бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.