Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы тәрепинен  байланыс системасын жақсылаў, тараўға заманагөй телекоммуникациялық технологияларды енгизиў ҳәм раўажландырыў бойынша мәнзилли бағдарлама режесине муўапық басқышпа-басқыш әмелий жумыслар алып барылмақта.

Ҳәзирги ўақытта, байланыс ҳәм мәлимлемелестириў тараўында республикамыз халқына «Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы сымлы байланыс, «Билайн», », «Ucell», «UMS», «Perfectum Mobile»  ҳәм «Ўзбекмобайл»уялы байланыс операторлары тәрепинен заманагөй, сапалы байланыс хызметлерин усынбақта.

– 2019-жылдың жуўмағы бойынша республикамызда мобиль байланыстың қамтыў дәрежеси 95 процентке жетти,-дейди басқарма баслығы Т.Баекеев. – Себеби, жәмийеттиң ҳәр қыйлы социаллық-экономикалық тараўларына мәлимлеме-коммуникациялық технологияларды енгизиў ҳәм пайдаланыўды ең әҳмийетли ўазыйпалардың бири деп есаплаймыз.

Сонлықтан, ҳәзирги ўақытта байланыс тараўының мақсетли ҳәм нәтийжели раўажланыўы ушын нызам, нормативлик-ҳуқықый базаны ислеп шығыў, халықаралық операторлар менен еркин байланыс каналларын шөлкемлестириў, инвестицияларды тартқан ҳалда телекоммуникациялық тармақты санлы технологиялар базасына модернизациялаў сыяқлы жумыслар әмелге асырылмақта.

«Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен усы күнге шекем бар болған телекоммуникациялық тармақларды модернизациялаў, жаңа заманагөй технологияларды енгизиў бойынша, сондай-ақ, тутыныўшыларға көрсетилип атырған хызметлердиң түрин көбейтиў ҳәм көп сандағы потенциаллы абонентлерди тартыў мақсетинде сервис дәрежесин жақсылаў жумыслары турақлы түрде алып барылмақта.

Бүгинги күнде филиал тәрепинен телефон байланысы, интернет, IPTV хызметлери көрсетилип атыр. Бул хызметлер сапалы, тутыныўшылар ушын қолайлы ҳәм әпиўайы болыўы керек. Усы мақсетте, республикамыз бойлап, «Бир айна» принципи тийкарында жумыс ислейтуғын саўда бөлимлери ҳәр қыйлы байланыс хызметлерин көрсетип келмекте. Сонлықтан, бурынлары компания абонентлери телефон, интернет, уялы байланыс хызметлеринен пайдаланыў ушын «Өзбектелеком» АКның ҳәр бир филиалына өз алдына мүрәжат еткен болса, бүгинги күнде жаңа саўда бөлимине келиўи ҳәм бир жерден барлық түрдеги хызметлерден пайдаланыў имканиятына ийе.

Сондай-ақ, филиал тәрепинен телекоммуникациялық тармақларды раўажландырыў ҳәм қайта оңлаў бойынша бир қатар жумыслар исленди. Бүгинги күнге келип район (қала) орайларын санластырыў 100 процентке жетти.

Интернет хызметлерин раўажландырыў ҳәм енгизиў ушын «Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы, «Buzton» ЖК ҳәм «East Telecom тәрепинен хызмет көрсетилмекте.

Провайдерлер тәрепинен кең полосалы интернет хызметлери, ажыратылған ҳәм шийше талшықлы кабель арқалы мағлыўматлар алмасыў транспорт тармақларының өткериў тезлиги Ташкент-Нөкис аралығы 100 Гбит/с, қала ҳәм район орайларына шекем 10 Гбит/с.қа жеткерилди.

Қарақалпақстан Республикасында магистрал ҳәм зона ишиндеги шийше талшықлы байланыс линиясының қурылысы байланыс тараўының машқалаларын шешеди. Бундай деўимиздиң себеби, заманагөй санлы системаны мағлыўматлар узатыў, сапалы байланыс линиясы, телевидение ҳәм интернет қурайды.

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы тараўындағы барлық кәрхана, шөлкем ҳәм бөлимлерге өткен жыл даўамында мәлимлеме технологияларын раўажландырыў бойынша «Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалына cыйымлығы 5184 абонентке мөлшерленген 8 дана MSAN қурылмасы ажыратылды. Соның бесеўи Нөкис қаласына, екеўи Хожели районына ҳәм биреўи Мойнақ районына орнатылып, халыққа IPTV ҳәм интернет хызметлерин көрсетиў жолға қойылды.

Сондай-ақ, 2020-жылдан аўыллық жерлерде заманагөй телекоммуникациялық хызметлерди енгизиў ҳәм инфраструктурасын және де раўажландырыўдың мәнзилли бағдарламасына тийкарланып, республикамызда жаңадан 40 дана MSAN қурылмасын орнатыў жумыслары алып барылмақта.

Кең полосалы хызметлерди көрсетиў ушын орнатылған қурылмалардың сыйымлылығы 50,3 мың данаға көтерилди. 18 жаңадан қурылған көп қабатлы жайларға FTTx технологиясы тийкарында 17 км.лик шийше талшықлы байланыс кабельлери тартылды ҳәм тутыныўшыларға кең полосалы телекоммуникациялық хызметлер усынылмақта.

Бүгинги күнде GPON технологиясы тийкарында 852 км. узынлықтағы шийше талшықлы байланыс линиялары тартылды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги тәрепинен тастыйықланған бағдарламаға муўапық, 2019-жыл даўамында жәми 505 социаллық тараў объектлерине (274 мектеп, 118 бақша, 113 денсаўлықты сақлаў мәкемелери) 300,9 км.лик шийше талшықлы байланыс линиялары қурылды.

Ҳәзирги күнде халық билимлендириў, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелерине шийше талшықлы байланыс линияларын жалғаў ушын Switch үскенелерин алып келиў ҳәм орнатыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң район (қала)лық орайларына шекем 5,6 км, район (қала)лық судлардың имаратларына шекем 15,1 км, район (қала)лық прокуратура имаратларына шекем 11,2 км ҳәм «Нөкис-Фарм» еркин экономикалық зонасы аймағына шекем 2,7 км. шийше талшықлы байланыс линиялары шөлкемлестирилип, оларға байланыс ҳәм интернет хызметлери көрсетилип басланды.

Республикамыздағы туристлик орынларға қолайлылық жаратыў мақсетинде Нөкис қаласындағы темир жол вокзалы, «Истиқлол» бағы, Жаслар орайы, Муҳаммед Ал Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалы, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи аймағы, Мойнақ районындағы Арал музейи, кемелер қойымшылығы, Экология музейи, Беруний районындағы Мәлимлеме-ресурс орайы, «Жаслар бағы» ҳәм Қанлыкөл районындағы Жаслар орайы ушын шийше талшықлы байланыс кабельлери тартылып, Wi-Fi зоналары шөлкемлестирилди.

«Телекоммуникация транспорт тармағы» филиалының 6-санлы техникалық узели быйылғы жыл даўамында Нөкис-Қоңырат-Бейнеў халықаралық телекоммуникациялық тармақларды резервлестириў мақсетинде Қоңырат-Мойнақ  100 км. ҳәм Кегейли – Бозатаў  50 км.лик шийше талшықлы байланыс кабельлери өткерилди.

Почта байланысын көрсетиў бойынша халықтың почта жөнелтпелерин тез ўақыт ишинде жеткерип бериў мақсетинде Нөкис қаласында ҳәм районлық почта байланысы бөлимшелеринде «Оператив почта» ҳәм курьерлик хызметлер жолға қойылды.

Тутыныўшыларға қолайлылық жаратыў мақсетинде Беруний, Елликқала, Шымбай районлары ҳәм Нөкис қаласы мәмлекетлик салық инспекциясы, жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы бөлимлериниң имаратлары жанынан төлемлерди қабыл етиў пунктлери шөлкемлестирилип, барлық почта байланысы бөлимшелеринде ҳәм байланыс бөлимлеринде “Ўзагросуғурта”, “Кафолат”, “Узбекинвест”  қамсызландырыў компанияларының ықтыярлы қамсызландырыўларын, санлы телевидение телекарталарын сатыў жолға қойылды.

РРТО МУКтың Қаракалпақ радиотелетарқатыў орайы тәрепинен 16 объектке жәми 21 жоқары ҳәм кем қуўатлы санлы телевидение узатқышларын орнатып республикамыз халқын санлы телевидение менен қамтып алыў 100 процентке жеткерилди.

Президентимиздиң бес әҳмийетли басламасына тийкарланып Нөкис қаласы, Мойнақ, Беруний ҳәм Қанлыкөл районларында Санлы технологиялар 85-орайлары ашылды. Бүгинги күнге шекем усы орайларда 900 оқыўшы-жаслар питкерип, сертификатлар алды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының басламасы менен Мойнақ районында “Future Muynak” IT орайы ҳәм Book cafe объектлери пайдаланыўға тапсырылды ҳәм бул мәкемелер бийғәрез түрде Муҳаммед Ал Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме-технологиялары университетиниң Нөкис филиалы балансына өткерип берилди.

Мәлимлеме коммуникация технологияларын енгизиў ҳәм раўажландырыў мақсетинде Министрлер Кеңеси тәрепинен 6 мәлимлеме ресурсы, 7 мәлимлеме системалары (Reestr.uz)    енгизилди. Ашық мағлыўматлар (data.gov.uz) порталына 279 дана мағлыўматлар топламы жайластырылып, усылар 144 мың мәрте жүклеп алынған.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде, қала ҳәм район ҳәкимликлеринде локал ҳәм корпоратив тармақлар шөлкемлестирилди.

Жергиликли ҳәкимликлер, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларында электрон ҳүжжет айланысы системасын шөлкемлестириў ушын “Е-XAT” қорғалған электрон почталары ҳәм “IJRO.GOV.UZ” электрон ҳүжжет айланысы системалары енгизилди.

Экономикамыздың барлық тармақлары ҳәм турмыслық тараўларында заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын және де раўажландырыў ҳәм кеңнен енгизиў және мәлимлеме ресурслары, системалары ҳәм тармақларын жедел раўажландырыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери ҳәм пуқаралар ушын мәмлекетлик хызметлерди кеңейтиўди хошаметлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2013-жыл 27-июньдеги «Миллий мәлимлеме-коммуникация системаларын буннан былай да раўажландырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы қарары менен «Өзбекстан Республикасында телекоммуникация технологияларын ҳәм тармақлар және байланыс инфраструктурасын 2013-2020-жылларда раўажландырыў бағдарламасы» тастыйықланған.

Усы бағдарламаға муўапық, 2013-2020-жылларда телекоммуникация тармағындағы байланыс инфраструктурасын, стационар кең полосалы интернет жалғаныўын раўажландырыў, мобиль байланыс тармағының базалық станцияларын 3G, 4G LTE, EVDO, LTE технологиялары тийкарында кеңейтиў ҳәм мағлыўматларды жеткериўди 100 Мбит/с.ға жеткериў, халықаралық пакетли коммутацияны 300 Гбит/с, Өзбекстан Республикасы ишиндеги  магистрал тармақтың жеткериў тезлигин ўәлаят орайларына шекем 100 Гбит/с.қа, район орайларына шекем 40 Гбит/с.қа жеткериў, «Клиринг», «Салық», Денсаўлықты сақлаў», «Әдиллик», «Саўда», «Бажыхана», «Билимлендириў», «Мәмлекетлик басқарыў», «Напақа», «Коммунал» ҳәм «Лицензия» мәлимлеме системалары комплекслерин ҳәм мағлыўматлар базаларын енгизиў ўазыйпалары белгиленген.

Алдымызда усы ўазыйпаларды толық жуўмақлаў турыпты.

Сондай-ақ, тараўға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 2-марттағы «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы пәрманы менен де бир қатар ўазыйпалар жүкленди.

Атап айтқанда, 2020-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық  палатасы ҳәм Сенаты жумысында пуқаралардың Интернет тармағындағы мүрәжатлары тийкарында парламентлик ҳәм депутатлық сораўларды қәлиплестириў, сайлаўшылар менен тиккелей байланысыў мақсетинде электрон портал ҳәм мобиль қосымшадан пайдаланыў имканиятын беретуғын «Электрон парламент» системасын енгизиў, 2020-жыл 1-июльге шекем «Mening fikrim» веб-порталының мобиль қосымшасын иске түсириў илажларын көриў, 2020-жылда «санлы маркировка ҳәм онлайн касса» жойбарын өз ўақтында ҳәм толық орынлаў және «Э-омбор» товарларды есапқа алыўдың электрон системасын ислеп шығыў ҳәм енгизиў белгиленген.

Сондай-ақ, 2020-жылда кеминде 800 мың кең полосалы Интернет портларын жаратыў ҳәм 12 мың километр шийше талшықлы байланыс линиялары тартыў, еки ай мүддетте бизнеске және исбилерменликти баслаў тилегиндеги пуқараларға ҳәм өзин-өзи бәнт етпекши болғанларға сервис көрсететуғын интерактив мобиль қосымшалар жаратыў ушын таңлаўлар жәриялап, ең жақсы жойбарларға грантлар ажыратыў системасын жолға қойыў, Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте экспертлер, атап айтқанда, сырт ел экспертлериниң қатнасыўында мағлыўматлар ҳаққындағы илим, үлкен мағлыўматлар, жасалма интеллект сыяқлы бағдарларда кадрлар таярлаўды нәзерде тутқан ҳалда, мәлимлеме-коммуникациялары ҳәм санлы экономика тараўындағы оқыў бағдарламаларының қайта көрип шығылыўын тәмийинлеў, «Электрон ҳүкимет» системасын раўажландырыў бағдарында ҳәм тараўға тийисли басқа да әҳмийетли ўазыйпалар жүкленди.

Алдымызға қойылған бул ўазыйпалар белгиленген мүддетлерде әмелге асырылса, тараў және де раўажланып, халықтың абаданлығының артыўы, жумысының жеңиллениўи ушын хызмет етеди.

 

Жазып алған:   Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигинииң шолыўшысы.