проф. М.Ибрагимов

Узақ жыллардан берли аўыл-хожалығы тараўында басшы лаўазымларда ислеген мәмлекетлик ғайраткер, аўыл хожалығы илимлери докторы, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры Мақсуд Ибрагимовты халқымыз Арал апатшылығының ақыбетлерин сапластырыўға айтарлықтай мийнети сиңген илимпаз сыпатында жақсы таныйды.

Жетпис жасты жетекке алған ел ақсақалы тынып-тыншымас адам. Ол күтә бәнт инсан болыўына қарамастан, Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысының сораўларына жуўап бериўге разы болды, сәўбет даўамында бир неше илимий жаңалықлар менен де бөлисти.

– Мақсуд Юлдашевич, Арал апатшылығы нәтийжесинде биринши гезекте халқымыз, соң пүткил дүнья жәбирленип атырғаны қайта-қайта айтылып келинбекте. Қарақалпақстан аймағында оның ақыбетлерин жеңиллетиў мақсетинде анағурлым жумыслар исленди. Хош, жағдай өзгерди ме?

– Бириншиден, Арал теңизиниң суўы тартылып, қурғап қалған ултанында жаңа топырақ қатламларының пайда болыў процеси жүз бермекте. Тәбийғый ҳалда шөплер шығып атыр. Демек, қурғаған жерлер зәҳәрли шаң-тозаңнан тазаланып, бул жердеги топырақ өнимдарлығы артпақта. Екиншиден, ҳәзир қурғаған майданларда жүз мыңлаған гектар жерлерге тоғай хожалықлары тәрепинен қолдан өсимликлер (сексеўил, қәндим ҳәм тағы да басқа) егилип, тоғайлар пайда етилмекте. Арал теңизиниң 5,5 миллион гектар майдандағы қурғаған ултанының ҳеш болмағанда 3,5 миллион гектар жеринде тәбияттың өзиниң күши менен от-шөп шығып кетсе, үлкен жайлаў майданлары пайда болады.

Ҳәзирги ўақытта экологиялық шараятларға байланыслы Қызылқум ҳәм Үстирт жайлаўларының тәбийғый өнимдарлығы азайып кетти. Сол себепли теңиздиң суўсыз майданын шарўашылық ушын жайлаў сыпатында пайдаланыў келешекте актуал машқалаға шешим бола алар еди. Бул жумыслар үзликсиз әмелге асырылса, аймақтағы экологиялық жағдай да жақсыланары сөзсиз.

– Ултанның шөп шықпайтуғын жерлериндеги шаң-тозаңлар еле көтерилиўин даўам етип атыр ма?

– Буның да илажы табылды. Жақында университетимиздиң Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы докторанты Махмуд Алламуратов илимий жаңалық ашты. Ол теңиздиң шөп өспейтуғын қум басқан жерлеринде қумлықтың көшиўин тоқтатыў ушын сеўилетуғын химиялық бирикпени ойлап тапты. «Аму 1», «Аму 2» атамасы берилген бул бирикпелер қумлардың бетин 8 миллиметр қалыңлықта қатырып таслайды. Ҳәр жаўын жаўған сайын бирикпе қатты болып барады. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде усындай химиялық усыллар ойлап табылып, оны жетилистириў үстинде илимий жумыслар алып барылмақта.  

– Арал теңизине суў әкелиўдиң имканы бар екен. Сиз жақында өткерилген илимий-әмелий конференцияда усы мәселени көтерген едиңиз. Демек, теңизди толтырыў мүмкин, солай ма?

– Жиззақта үлкен көллер системасы бар. 1969-жылы Сырдәрья суўының толып, жағысынан 21 куб километр суўдың шығып кетиўи нәтийжесинде пайда болған усы Айдар-Арнасай көллер системасы ҳәзир Қызылқумды батпақлап атыр.  Себеби, 1993-жылдан берли бир неше мәрте Сырдәрьяның артықша суўы усы көллерге түсип, көллер системасының майданы жылдан-жылға үлкейип бармақта. Оның суўы қуры шөлистанға ағызып жиберилгеннен, Арал теңизине қуйдырыў илажы исленсе мақсетке муўапық болар еди. Буннан, әлбетте, теңиз толып қалмайды, бирақ оның минерализацияланыў (дузланыў) дәрежеси азаяды. Нәтийжеде теңиз суўында да тиришилик пайда болады.

– Не себептен Сырдәрьяның суўы еле системаға киретуғын Арнасай, Айдаркөл ҳәм Тузкан көллерине қуйылып атыр?

– Сырдәрьяның суўы Қазақстан тәрептеги бөгеттен (плотинадан) толық өтпейди. Плотинадан суўдың барлығы өтип кетиўи есапқа алынбаған. 1969-жылы бул көллердиң улыўма майданы 2 мың 175 квадрат километрди қураған болса, ҳәзир 4 мың квадрат километрден артып кетти. Соңғы мағлыўматларға қарағанда, 200 мың гектар жайлаўлар суў астында қалған, суў қудықлары, балықшылардың мәкан-жайлары жуўылып кеткен, Қызылқум шөлистаны батпақлыққа айланып баратыр. Ҳәзир бул көллердеги суў  пайда болған ўақтындағысынан 3 есе көбейип кетти. Оның үстине жер асты суўларының, коллекторлық-дренажлық суў ағымының да усы жерге жыйналыўы көллер системасы дузланыўының артыўына себеп болмақта.

– Айдар-Арнасай көллер системасы Арал теңизине қарай бағдарланды да дейик, кейин усы жердеги балықшылықтың арқасында күн көрип отырған халықтың аҳўалы қандай болады, ал, көллердеги балықлар, тири жанзатларға не болады? Бул процесс усы аймақтағы климаттың бирден өзгерип кетиўине алып келмей ме?

– Алдын айтқанымдай, көллердиң майданы артқан сайын көплеген жайлаўларды, қамыслық ҳәм тоғайларды суў басып кетти. Өзгидрометтиң, Өзбекистан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги балықшылық Орайының өткерген изертлеўлери суў астына шөгип кеткен қамыслықлар менен тоғайлықлар көллердиң түбинде ширип, сероводород қатламын пайда етип атырғанын көрсетти. Бул қатлам көллердеги барлық тиришиликтиң жоқ болыўына алып келеди. Мағлыўматларға қарағанда, 3 метр тереңликте зәҳәрли аммонийли азот барлығы, айырым жерлерде улыўма кислородтың жоқлығы анықланған.

Не болғанда да, суў қәддиниң буннан да көтерилиўи (ҳәзир максимал көрсеткиште – теңиз қәддинен 275,5 метр бийик) Орайлық Азияның тап орайында экологиялық катастрофаның жүз бериўине алып келеди. Себеби, көллердеги дузлардың көтерилиўи ҳәм Тянь-Шань музлықларына түсиўи нәтийжесинде  олар жедел түрде ериўди баслайды. Усы көллерге жақын жерде жайласқан зәҳәрли химикатлар сақланып атырған пунктлер, қум барханлары суў астында қалыўы болжанбақта. Суўдың биресе көтерилип, биресе қайтыўы себепли электр узатқыш линияларының көпшилиги суўда қалған. Соның ушын көпшилик ферма ҳәм елатлы пунктлер электрсиз қалмақта.

Айдар-Арнасай көллери акваториясының көпшилик бөлеги балық аўлаў ушын пайдаланылмайды. Мәмлекетлик биобақлаў (Госбиоконтроль) тәрепинен таярланған есабатта көллерди арендаға алған Жиззақ ўәлаятының фермерлери тәрепинен көллер системасының тек ғана 41,1 проценти пайдаланылатуғыны айтылған. Ижарашы-фермерлердиң көпшилиги аўланған балық тараўға жумсалған қәрежетти жаўмайтуғынын айтып, искерлигин тоқтатып атыр. Изертлеўлер ҳәр қайсысы 50 метрлик 30 торға 20-25 килограмм балық ғана түсетуғынын көрсетти.

Аянышлысы, балықшылар тийкарынан жилкадан исленген торлардан пайдаланады. Олар көллерде жоғалып, суў түбине шөгип қалады. Олар ширимейтуғынлығы себепли суў түбин патасламақта. Оның үстине жоғалған торларға балық түсиўи даўам етип, олар бийкарға өлип кетпекте.

Бул жердеги климатқа келетуғын болсақ, бундай үлкен көлемдеги көллердиң суўының пуўланыўы усы аймақтағы климатқа ҳәзирдиң өзинде-ақ тәсирин көрсетпекте.

Қулласы, Өзбекистан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша Мәмлекетлик комитеттиң «Өзбекистан Республикасында қоршаған  тәбийғый орталықтың ҳәм тәбийғый ресурслардан пайдаланыўдың жағдайы ҳаққында» («О состоянии окружающей природной среды и использовании природных ресурсов в Республике Узбекистан»)ғы миллий баянатында айтылыўынша, егер Айдар-Арнасай көллер системасына ҳәр жылы таза суў келип қуйылмаса, минерализация дәрежеси көтерилип барады ҳәм суў сақлағыш екинши Аралға айланып қалады.

 

Профессор Аралды қутқарып қалыўдың және бир жолын айта отырып, бул арқалы ҳеш болмағанда теңиз алды көллерин сақлап қалыўымыз мүмкинлигин атап кетти. Яғный Республикамыз аймағындағы, соның ишинде, Түслик коллектордағы барлық изей суўларды теңизге ямаса теңиз алды көллерине қарай бағдарлаў илажларын қолға алыў керек.

Сондай-ақ, Мақсуд Юлдашевичтиң пикиринше, ҳәзирден түслик Аралбойы аймақларындағы экосистемада жүз берип атырған ҳәдийселерди, экобиологиялық қубылысларды терең үйренетуғын ўақыт келди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.