ӨзР Халық билимлендириў министри Ш.Шерматовтың мәлим етиўинше, келеси ҳәптеден баслап Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясының 3 телеканалында 1-класстан 11-классқа шекемги, барлық классларға арналған видеосабақлар жолға қойылады.

Сабақлар онлайн тәризде эфирге узатылады.

Kitob.uz сайты арқалы аудиокитапларды еситиў мүмкин болады.

Министр электр энергиясы өшетуғын жерлерде ата-аналар өзлери мектеп сабақлықлары тийкарында билим бериўге жәрдем бериўин сораған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.