«Абат журт» улыўмахалықлық абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў қайырқомлық шембилигине Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ўәкиллери де белсене қатнасты.

Партияның республикалық ҳәм Нөкис қалалық Кеңеслери хызметкерлери, партиядан сайланған депутатлар ҳәм белсендилер «Имам ийшан Мухаммед» жомъе мешити әтирапында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын алып барды.

-Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 3-марттағы «2020-жылға Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары баслап жиберилди,-дейди Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Тажибай Романов.-Атап айтқанда,  «Наўрызың-жаңа күниң, жаңа дәўраның мүбәрек, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында усы жылдың 11-март күнинен тарийхый орынларды абаданластырыў акциясы өткерилмекте. Усы акция шеңберинде «Имам ийшан Мухаммед» жомъе мешити алдында «Миллий тикланиш» партиясының бағын жаратыўды режелестирилип отырмыз. Мақсетимиз, келешекте бул жерди пайызлы орынлардың бирине айландырыў болып табылады. Шембилик күни жомъе мешити әтирапы абаданластырылып, бул жерге жақсы нийетлер менен түрли мийўели терек нәллери отырғызылды.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.