Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини  мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен зыянлы организмлерге қарсы гүресиў, елимизде фитосанитариялық қәўипсизликти тәмийинлеў, зыянкеслердиң  бир аймақтан екинши аймаққа тарқалыўының алдын алыў, сондай-ақ,  фитосанитариялық таза аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм экспортқа  шығарыў мақсетинде карантин илажлары өткерилмекте. 

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы   Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясының усы жыл 24-февраль күнги «Өзбекстан   Республикасы аўыл хожалығы егинлерине күшли зыян тийгизип, республикамыз экспортының раўажланыўына кери тәсир көрсететуғын «шийе  шыбыны», «комсток қурты» ҳәм «қаўын шыбыны» зыянкеслерине қарсы   нәтийжели гүресиўди шөлкемлестириў мақсетинде 25-февральдан 10-март күнлери аралығында «Әҳмийетли он бес  күнлик»ти шөлкемлескенлик пенен өткериў ҳаққында»ғы арнаўлы буйрығы қабыл  етилди.  Усыған муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер  карантини мәмлекетлик инспекциясының агроном-инспекторлары өзлерине  бекитилген аймақларда, кең жәмийетшилик арасында түсиник ҳәм үгит-нәсият жумысларын алып бармақта.

Карантин илажларын өткериўден тийкарғы мақсет, Өзбекстан  Республикасы «Өсимликлер карантини ҳаққында»ғы Нызамының 20-статьясында көрсетилгениндей, өсимликлер карантини объектлериниң сырт   еллерден, сондай-ақ, өсимликлер карантини  объектлери тарқалған аймағынан карантин объектлеринен таза аймақларына  зыян тийгизиў қәўпиниң алдын алыў, оны шеклеў ҳәм жоқ етиўден ибарат.

– Бәҳәр мәўсиминиң кирип келиўи менен күнниң ысыўы аўыл-хожалығында қызғын мийнет мапазының басланыўынан дәрек береди. Бул  дәўирде дийқан-фермерлерден қыслаўдан оянған зыянлы организмлерден   қорғаныў жумысларын өз ўақтында алып барыўды талап етеди,-дейди  Кегейли  районы  агроном-инспекторы Азизбек  Алиев. – Себеби, мийўе ағашларында, сондай-ақ, топырақларда қыслаған  зыянкеслер күнниң ысыўы менен жанланады, оларға қарсы гүресиў илажлары  алып барылмаса, олар туқымларын қойып, көбейиўди баслайды. Бул гүзде алынатуғын зүрәәттиң сапасын ҳәм муғдарын азайтып жибереди.

Агроном-инспекторлар тәрепинен аймақларда «шийе шыбыны», «комсток қурты» ҳәм  «қаўын  шыбыны» зыянкеслерине қарсы карантин  илажлары алып барылып, онда дийқан-фермерлерге бул зыянкестиң өним  сапасына тәсири, оларға қарсы гүресиў усыллары бойынша кең түрде  түсиник жумыслары алып барылмақта. Мәселен, «комсток қурты» ҳәр  қандай теректе ушырасыўы мүмкин. Ол жүдә көп туқымлы болып, тәбиятта  тез тарқалыўы есабынан оған қарсы гүресиў жүдә қыйын.

Жергиликли шараятларда комсток қуртының биринши әўладының  раўажланыўы апрельдиң басынан май айының ақырына шекем даўам етеди, екинши әўлады май айының орталарынан июль айының басына шекем, үшинши әўлады болса, июль айының басынан сентябрь айының орталарына  шекем даўам етеди. Әдетте, комсток қурты октябрь-ноябрь айларында да  тереклер ҳәм оларға жақын жерлерде ҳәрекетшең басқышта яки туқым  көринисинде жүдә көп топланады. Суўық түсиўи менен қуртлар ҳәм урғашылары набыт болады. Қысқа тасланған мәйеклердиң көпшилиги қырылып  кетеди. Тек қыс жақсы келип, ыссы болғанда тәбияттағы комсток қуртының мәйеклери 5-15 процент сақланып қалады. Қыслап шыққан мәйектен қурт шығыў дәўири туттың бөртиўи ҳәм дәслепки жапырақлары пайда болыўы  ўақтына, яғный март айының ақыры ҳәм апрель айының басларына туўра  келеди.

Карантин илажлары орынланған жағдайда ғана қурттан қутылыў ҳәм оның буннан кейин тарқалыўының алдын алыў мүмкин. Буларға нәллерди  көзден өткериў ҳәм комсток қуртына қарсы агротехникалық, биологиялық  ҳәм химиялық гүрес усылларын қолланыў сыяқлы карантин илажлары   киреди.

Өсимликлер карантини тараўында алып барылып атырған карантин  илажлары елимизде аўыл хожалығы өнимлериниң  сапасын  жақсылаўға ҳәм  экспортты  раўажландырыўға хызмет етеди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.