Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы, халықтың турмысы менен жақыннан танысыў мақсетинде 12-март күни Хорезм ўәлаятына келди.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп «Хазарасп» еркин экономикалық зонасының аймағында жайласқан боялған трикотаж гезлеме ҳәм текстиль өнимлери ислеп шығарылатуғын «Develop Textile» жуўапкершилиги шекленген жәмийети түриндеги сырт ел кәрханасының жумысы менен танысты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-январьдағы ««Ургут», «Ғиждивон», «Қоқанд» ҳәм «Хазарасп» еркин экономикалық зоналарын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы пәрманы және 2017-жыл 7 –августтағы «Еркин экономикалық зоналардың нәтийжели жумыс ислеўи ушын министрликлер, уйымлар ҳәм орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын муўапықластырыўды күшейтиў ҳәм олардың жўапкершилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде Хорезм ўәлаятында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Президентимиз  2017-жыл 14-15-октябрь күнлери Хорезм ўәлаятына сапары даўамында «Хазарасп» еркин экономикалық зонасының жумысын және де раўажландырыў жойбарларының презентациясы менен танысып, аймақтың экономикасына тиккелей инвестицияларды тартыў бойынша анық тапсырмалар берген еди. Ҳәзирги күнде усы бағдарда кең көлемли  әмелий жумыслар жедел алып барылмақта.

«Хазарасп» еркин экономикалық зонасы ушын Хазарасп районының 2 аймағынан 325 гектар бос жер майданлары ажыратып берилген еди. Қурылыс және инфраструктура тармақларын қурыў қәрежетлерин азайтыў мақсетинде ЕЭЗ кәрханаларын биринши гезекте  бос турған имаратлар ҳәм комплекслер тийкарында жайластырыў бойынша усыныслар үйренилип, және 7 аймақтан 89 гектар жер майданлары еркин экономикалық зона аймағына қосып берилди. Нәтийжеде «Хазарасп» еркин экономикалық зонасының аймағы Бағат, Хийўа, Үргенш районларынан ажыратылған  майданлардың есабынан кеңейип, жәми 414 гектарға жетти.

c6992770-980f-0a82-fa1f-0cf071d8fa2b.jpg

Бүгинги күнде «Хазарасп» ЕЭЗда улыўма баҳасы 306,3 миллион долларлық 19 жойбар бойынша жумыс алып барылмақта. Өткен дәўир даўамында оннан аслам  жойбар толық иске түсирилди ҳәм сендвич панельлер, жуўыў қураллары, автомобиль радиаторлары, қурылыс материаллары, таяр трикотаж өнимлери, қуяш батареялары,  стерилленген бир мәртелик медициналық қолқаплар ҳәм аяқ-кийимлер ислеп шығарыў жолға қойылды.

Сондай-ақ, баҳасы 19,5 миллион долларға тең 5 жойбар усы жылдың биринши ярымында иске түсириледи ҳәм және  500 ден аслам  адам турақлы жумыс орнына ийе болады. Медициналық тест таяқшалары, турмыслық техникалар ушын электр двигательлер, чемоданлар ҳәм басқа да өнимлер ислеп шығарыў  өзлестириледи. Соның менен бирге, еркин экономикалық зонада 9 перспективалы жойбарды әмелге асырыў бойынша жумыслар баслап жиберилген. Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы есабынан 1500 ге шамалас жаңа жумыс орны жаратылады.

Еркин экономикалық зона аймағында  өз алдына бажыхана режими, салық жеңилликлериниң әмел етиўи аймақтың инвестициялық тартымлылығын арттырып, тиккелей инвестицияларды тартыўда әҳмийетли фактор болмақта.

«Develop Textile» ЖШЖ түриндеги сырт ел кәрханасы еркин экономикалық зона аймағындағы перспективалы жойбарлардан бири. Бүгинги күнде жойбарды әмелге асырыўға байланыслы қурылыс жумыслары жуўмақланған. Кең, жақты цехлар, қоймахана ҳәм басқа да қосымша ханалар қурылған. Жумысшылардың өнимли мийнет етиўи ҳәм дем алыўы ушын зәрүр қойлайлықлар жаратылған. Сырт елден келтирилген заманагөй тигиўшилик үскенелери орнатылған.

Ири жойбарларды иске түсириў ушын 13,14 миллион доллар қаржы жумсалды. Соның 4,16 миллион доллары тиккелей сырт ел инвестициясы, 8,98 миллион доллары коммерциялық банктиң кредит қаржысы болып есапланады.

ba2291da-af12-8300-5004-bb679b784e49.jpg

Мәмлекетимиз басшысы усы кәрханада болып, қәнигелер ҳәм тигиўшилер менен сәўбетлести. Өндирис процеси ҳәм таяр өнимлердиң үлгилерин көзден өткерди. Президентимиз усы сыяқлы заманагөй кәрханаларды көбейтиў арқалы пахта шийки затын қайта ислеўди жолға қойыў, келешекте тек таяр өнимди экспорт етиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Жойбардың иске түсирилиўи менен 800 ге шамалас жумыс орны жаратылады. Кәрхана жылына 4 мың тонна ҳәр түрли боялған тигиссиз таяр трикотаж гезлеме, 14 миллион дана трикотаж-тигиў өнимлерин ислеп шығарып, 12 миллион долларлық өнимди Германия, Франция ҳәм Европаның басқа да мәмлекетлерине экспорт етиўди режелестирген.

«Хазарасп» ЕЭЗ кең имканиятлар майданы болып, аймақта өндирис ҳәм ресурс потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, жаңадан жумыс орынларын шөлкемлестириў, өз гезегинде халықты турақлы дәрамат дәреги менен тәмийинлеўге хызмет етеди. Бул болса миллий экономикамыздың раўажланыўын, елимиздиң тынышлығын, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўге мүнәсип үлес болып қосылады.

Бул жерде Хорезм ўәлаятында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлар, шөлкемлестирилетуғын өндирис аймақларының жайласыўы, инфраструктураны раўажландырыў, автомобиль жолларын қайта қурыў ҳәм  реконструкциялаў, ишимлик суўы тәмийнаты системасын жақсылаў, кәмбағаллықты азайтыў ҳәм басқа да жойбарлар ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысы көп жыллық жойбарларды дүзиўден ўаз кешип, қысқа мүддетли, нәтийжели, бир жыллық жойбарларды көбейтиў зәрүрлигин атап өтти.

Шавкат Мирзиёев Янгиариқ районындағы «Global Food Impeks» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен шөлкемлестирилген заманагөй ыссыхананы көзден өткерди.

6b02afbb-018a-b8f7-8057-ac5ffa1b3d70.jpg

«Global Food Impeks» ЖШЖға 23 гектар жер ажыратылған. Ҳәзирги күнде райондағы 10 гектарлық ҳәм Нөкис қаласындағы 3 гектарлық ыссыханада помидор ҳәм қыяр жетистирилмекте. Янгиариқта қурылып атырған 10 гектарлық ыссыхананы болса усы жыл сентябрь айына шекем иске қосыў режелестирилген. Бул жерде қулпынай, гүл ҳәм нәллер жетистириледи.

Президентимиз барған ыссыханада жылына 3 мың тоннадан аслам қыяр ҳәм 2 мың тонна помидор жетистириледи. Помидордың Нидерландиядан келтирилген сорты егилген. Бул сорт «Юсупов» сортына уқсап кетеди. Гектарына 400-450 тоннаға шекем өним береди. Үзилгеннен кейин 25-28 күн жақсы сақланады, пайдалы қәсийетин жоғалтпайды.

Помидор Россияға экспорт етилмекте. Усы жылы январь-февраль айларында 480 мың долларлық помидор усы мәмлекеттиң базарына жеткерип берилди, Экспорт процеси қолайластырылған. Бажыхана, санитария ҳәм басқа да экспортқа руқсат беретуғын шөлкемлердиң хызметлери ыссыхананың өзине келип ҳүжжетлерди рәсмийлестирип береди. Өним Янгиариқтан Москваға шекем жүк машиналарында 2,5-3 күнде жеткерип бериледи. Кеше ғана биринши мәрте Санкт-Петербургқа 10 тонна помидор жиберилди.

Зүрәәт гидропоника усылында жетистириледи, яғный ҳәр бир нәл кокос терегиниң қабығы болған арнаўлы орамға егиледи. Тамшылатып суўғарылады, өсимликке минерал төгин де суў арқалы бериледи.

Кокос орамы Шри-Ланкадан, төгинлер болса Нидерландиядан келтириледи. Оған исбилерменлеримиз көп қаржы жумсайды. «Global Food Impeks»ЖШЖ басшысы Әлийшер Маткаримовтың айтыўынша, зүрәәт ушын  ең көп қолланылатуғын ҳәм жүдә зәрүр кальций нитрат төгининиң 23-24 тоннасы жүкленген жүк машинасы Янгиариқтағы ыссыханаға кирип келиўи ушын  25 мың доллар қаржы керек болады. Бизде ислеп шығарылса, бул көрсеткиш шама менен 9-10 мың долларға айланыўы мүмкин.

74a219fe-237e-cd66-42ca-251342ae2be2.jpg

Исбилермен кокос терегиниң қабыршағының азығы орнын басатуғын тәбийғый дәректи өзимизде ислеп шығарыў ҳәрекетинде. Бул бойынша Үргенш мәмлекетлик университетиниң илимпазлары менен биргеликте илимий жумыслар басланған. Усы мақсетте университет ушын лаборатория да қурылады.

Ҳәзирше ыссыхананы түркиялы агрономлар басқармақта. Олардың жанында Үргенш мәмлекетлик университети  өсимликтаныў факультетиниң 4-басқыш студентлери жумыс үйренип атыр. Студентлер сынақ мүддети менен жумысқа алынған. Ҳәзирше оларға айына  2 миллион сумнан айлық мийнет ҳақы төленбекте. Екинши жылдан баслап қәбилетине қарап 10   миллион сум айлық ис ҳақы алатуғыны ўәде етилген. Жумысты еркин ислей алыў дәрежесине жеткеннен соң, жас агрономларға 40 миллион сумға шекем айлық ис ҳақы төленеди. Себеби бүгинги күнде ыссыхана санаатында агроном тийкарғы күш болып есапланады.

Ыссыханада 260 жумыс орны жаратылған болып, олардың 200и ҳаял-қызлар болып есапланады. Жумысшылар мийнетине жараса 1 миллион сумнан 4,5 миллион сумға шекем айлық мийнет ҳақы алады. Сондай-ақ, жақсы жумыс ислегенлерге күнлик, ҳәптелик ақшалай сыйлықлар бериледи. Тийкарғы процесс компьютерде басқарылады. Жумысшылар тек ғана өнимди териў ҳәм қадақлаў менен шуғылланады.

– Аўыл хожалығында илим, жаңаша көзқарас пайда болды. Мине, жумыстың көзин билсе, дәрамат алыў мүмкин екенлигине мысал. Хорезмниң жери шор. Бундай жерлерде заманагөй ыссыханаларды көбейтиў, 100-200 гектарға жеткериў керек. Ҳәм адамларға жумыс орны, ҳәм экспорт болады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Ыссыхана детальларын жергиликлилестириў, базар талабынан келип шығып қайта ислеўди жолға қойыў бойынша тапсырмалар берилди.

1959954d-1f6a-ae7d-4c8b-f0954bedfd37.jpg

Усы жерде ўәлаятта мийўе-овощ, қыйтақ жер егиў, шарўашылық, балықшылықты раўажландырыўға байланыслы жойбарлардың презентациясы өткерилди.

Президент Янгиариқ районындағы «Хорезм пилле холдинг» кәрханасының жумысы менен танысты.

Бир жыл бурын кәрхана орнында 70 жыллар алдын қурылған ески пиллехана болған. Бул әтирапта жасап атырған ҳаял-қызларды болса жумыссызлық мәселеси қыйнап келетуғын еди. Президентимиздиң басламасы менен елимизде кластер усылында пилле жетистириў системасы жолға қойыла баслағаны янгиариқлы ҳаял-қызлар турмысында да жаңа бетти баслап берди.

Ески пиллехана орнында заманагөй үскенеленген, кластер усылында ислейтуғын «Хорезм пиле холдинг» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жумыс баслады. Кәрханада жойбарлар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта. Биринши басқышта пиллени қайта ислейтуғын 2 линия иске қосылады. Оның ушын исбилермен 1,3 миллион доллар қаржы жумсады. Кәрханада пилледен шийки жипек, жипек мамығы ислеп шығарылады, 50 заманагөй үскенеде жипек гилем тоқылады. 2 сменада 200 турақлы, 1800 мәўсимлик жумысшы, тийкарынан, ҳаял-қызлар мийнет етпекте. Кәрхана быйылғы жылы 1 миллион 159 мың долларлық өнимди экспорт етиўди режелестирген. Жойбар ушын жумсалған қаржының 5 жылда қапланыўы күтилмекте.

Хорезмде пиллени қайта ислеў бойынша алдынғы тәжирийбелер ғалаба ен жаймақта. 2019-жылы ўәлаятта «Хорезм жипеги», «Khiva silk fabric», «Urganch silworn pro» ҳәм «Хорезм пилле холдинг» сыяқлы пиллени қайта ислеў кәрханалары жумыс баслады.

2e4b90ac-08bf-aa8f-7865-ac6ac8fd36fb.jpg

Быйылғы жылы ўәлаятта пиллешилик тараўында 1649 турақлы ҳәм 4 мәрте пилле жетистириў мәўсиминиң есабынан 55 мың 585 мәўсимлик жумыс орнының жаратылыўы мақсет етилген.

«Хорезм пилле холдинг» кәрханасы усы жылдың ақырына шекем «Afghan Bazar Garpets» сырт ел кәрханасы (Германия) менен биргеликте жипек, жүн ҳәм пахта талшығының араласпасынан қолда гилем тоқыў цехы ашыўды режелестирген. Бул және 200 ҳаял-қызды жумыс пенен тәмийинлеў имканиятын береди. Жойбар тутзарлар шөлкемлестириўден баслап таяр өним ислеп шығарыўға шекемги процессти қамтып алады. Өнимлер Европа ҳәм АҚШ базарларына экспорт етиледи.

Президентимиз ҳаял-қызлар ушын мүнәсип жумыс орнын жаратыў факторы болған усындай кластер усылындағы кәрханаларды ҳәр бир районда шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти.

– Шийки затты жетистириўден таяр өним ислеп шығарыўға шекемги процесс ҳәр бир районда жолға қойылыўы керек. Бул процесске тийкарынан исбилерменлерди тартыў жақсы нәтийже береди. Өзбек жипек өнимлерине базар бар екен, усы сыяқлы кластерлерди көбейтемиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиз Хийўа қаласындағы «Ишан қала» комплексине барып, Әмир Төре медресесинде әмелге асырылған реставрация жумыслары менен танысты.

1817b8ab-4cb6-f5ad-d2fa-e00774f797d2.jpg

Ҳәммемизге белгили, Хийўа дүнья көлеминде тарийхый қалалардың  дүрданаларының бири болып есапланады. Ашық аспан астындағы музей, деп тән алынған бул әййемги қала 1990-жылы елимизде биринши болып ЮНЕСКОның Жәҳән мәдений мийрасының дизимине киргизилген.

«Ишан қала»да халқымыздың сийрек ушырасатуғын архитектуралық дәстүрлери, ата-бабаларымыздың турмыс тәризи, өнерментшилиги, көркем өнери ҳәм мәденияты өз ҳалында сақланып қалған. Комплекстеги 58 тарийхый-мәдений мийрас объектинен 17 синде ҳәр түрли музейлер жайласқан.

Комплекстеги тарийхый естеликлерди өз ҳалында сақлаў мақсетинде реставрация ҳәм консервация жумыслары алып барылмақта. Музей – қорықхананың шығыс бөлегинде, халық жасайтуғын аймақта жайласқан Әмир Төре медресеси усы жылы Қытай Халық Республикасының  9,5 миллион долларлық грант қаржысы есабынан қайта тикленди. Нәтийжеде бул имарат «Ишан қала»дағы туристлик объектлерден бирине айланды.

Медресе 1872-жылы қурылған. Россия патшалығының Хорезмге ҳүжими себепли естеликтиң қурылысы ақырына жеткерилмей тоқтап қалған. Медресениң алдынғы фасады Хийўа архитектурасына сай түрде еки қабатлы етип қурылған. Бул жерде 54 бөлме болып, ишки майданы мозаика менен қапланған. Сондай-ақ,  2 гүмбезли хана, қысқы ҳәм жазғы мешитлер оқыў ханалары болған.

Мәмлекетимиз басшысы «Ишан қала» да халқымыздың бийбаҳа мәдений мийрасының жәмленгенин, Әмир Төре медресеси сыяқлы өзгеше естеликлер ата-бабаларымыздың тарийхый өзине тәнлигин сақлаў ҳәм келешек әўладларға өз халында жеткериўде үлкен әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти.

691f982d-3fcb-5988-c8a5-64ced9c49857.jpg

– Тарийхый имаратларды сақлаў барлық дәўирлерде ең үлкен машқала болып келген. Хийўа Өзбекстанда тарийхый естеликлерди оңлайтуғын реставраторлар мектеби болған. Бүгин мине  усы мектепти қайта тиклеў ўақты келди, – деди Президент. – Әмир Төре медресеси реставраторларды оқытатуғын мектеп болады. Бул жерде усталарға Самарқанд. Ферғана, Қоқанд реставрация мектеплериниң дәстүрлери оқытылады. Туристлер күндиз реставраторлардың жумысын көрсе, кешки ўақыт бул жерде тарийхый сахналар, ханның қабыллаўлары көрсетиледи. Сондай етсек, бул естеликлерде өмир қайнайды.

Туризм елимизде стратегиялық тараўлардан бири болып есапланады. Хорезм ўәлаятында да бул бойынша үлкен потенциал бар. Оннан ақылға уғрас пайдаланыў мақсетинде 2020-2021-жыллары ўәлаятта туризмди раўажландырыў бағдарламасы ислеп ышғылған.

Бул бағдарламада Хорезмниң туризм потенциалын раўажландырыў стратегиясы белгилеп берилген. Оған бола, келеси еки жылда 64 инвестициялық жойбар әмелге асырылады. Туризм жойбарлары ўәлаяттың барлық районларын қамтып алады.

Жер жүзинде бақланып атырған коронавирус қәўпи туризм базарына да унамсыз тәсир етпекте. Өзбекстанда оның алдын алыў ҳәм тараўды турақлы раўажландырыў ушын зәрүр илажлар ислеп шығылды. Мәмлекеттиң институционал көмеги, ҳүкметлераралық бирге ислесиў, логистика, туризм потенциалының үгит-нәсиятланыўы, ишки туризм айлығы ҳәм ҳәптеликлери, «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» жойбарлары мине усындай илажлардың қатарына киреди. Сондай-ақ, регионаллық туризм жойбары арқалы коронавирус тарқалмаған қоңсы мәмлекетлерден туристлерди тартыў нәзерде тутылған.

Елимиз бойлап әмелге асырылатуғын усындай илажлардың нәтийжесинде 580 мың сырт ел туристин тартыў ҳәм туризм хызметлериниң экспортынан 94 миллион доллар дәрамат табыў режелестирилген. Сондай-ақ, ишки туризм арқалы 5 миллион ўатанласымыздың саяҳатларын шөлкемлестириў ҳәм қосымша 840 миллиард сум түсимге ерисиледи.

655c1a57-60eb-a8eb-7597-40891d080a31.jpg

«Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасына муўапық, ўәлаятта билимлендириў бағдарында жойбарлар әмелге асырылады. Атап айтқанда, Хорезм ўәлаятында Малайзияның «Binary» университетиниң филиалын, Үргенш мәмлекетлик университетинде мәдений мийрасты басқарыў, гид шериклиги ҳәм аўдармашылық бағдарларын ашыў режелестирилген. Оның нәтийжесинде ўәлаятта ҳәр жылы туризм бағдарында 50-60 қәнигели кадр таярланады.

Хорезм лазгиси өткен жыл декабрь айында ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрас дизимине киргизилген еди. Бүгинги күнде Япония, АҚШ ҳәм Европа мәмлекетлеринде лазгиге қызығыўшылық артып бармақта. Бул көркем өнерди жасларға жеткериў, сырт еллилерге шеберлик сабақларын өтиў ушын Хорезмде лазги академиясы шөлкемлестириледи. Бул да халқымыздың материаллық емес мәдений мийрасын дүньяға кеңнен ен жайдырыўға хызмет етеди.

Ҳәзирги ўақытта ўәлаятта 600 ден аслам балықшылық фермер хожалығы бар. Бул гастрономиялық туризмди раўажландырыў ушын қолайлы имканият болып есапланады. Оннан пайдаланыў мақсетинде 71 көлде халықаралық стандартлар дәрежесинде хызмет көрсетиўди жолға қойыў арқалы туристлер ағымын көбейтиў мөлшерленбекте.

Тилекке қарсы бизде ҳәзир тек ғана балық аўлаў ҳәм гастрономиялық хызметлер көрсетиледи. Тийкарынан Хорезмде бир ғана усы бағдарда оннан аслам хызметти жолға қойыў мүмкин. Бул бағдарды раўажландырыў ҳәм келешекте Хорезмди балықшылық, яғный «Fishing culture» орайына айландырыў нәзерде тутылған. Ҳәзирги күнде Франция ҳәм Россия телекомпаниялары менен Хорезм балықшылығына бағышланған көрсетиўлер сүўретке алынбақта.

Аўылларда жаңадан жумыс орынларын жаратыўда туризмниң роли үлкен. Хорезм мысалында «Туристлик мәҳәлле», «Туристлик аўыл» концепциялары раўажландырылады. Оның ушын төрт аўыл таңлап алынып, оларға сексенге шамалас мийман үйлерин қурыў, аймақлардың өнерментшилиги агро ҳәм этнотуризмди көрсетиў мөлшерленбекте.

prezident_pillachilik_korkhonasini_k_zdan_kechirdi.jpg

Ўәлаятта тематикалық парклерди раўажландырыў бойынша да жойбарлар ислеп шығылған. Мәселен, Хорезм жеринен көплеген уллы бабаларымыз жетисип шыққан. Олардың ылайдан соғылған естеликлерин ҳәм фото зоналарын шөлкемлестириў мөлшерленбекте. Олардан дәслепки төртеўи «Ийшан қала»да орнатылады. Жылдың ақырына шекем оннан аслам бабаларымыздың естеликлери орын алады.

Хийўа районында «Анар», «Әнжир», Янгиариқ районында «Меннонит аўылы» тематикалық парклери қурылады. Нәтийжеде көплеген жаңа жумыс орынлары жаратылады, аймақлардың туризм тартымлылығы артады.

Мәмлекетимиз басшысы туризм жойбарлары менен танысып, Хийўада ханлар қалашасын қурыў, бул жерде Хорезм ханларының тарийхын көрсетиў, халқымызға ҳәм сырт ел туристлерине жеткериў зәрүрлигин атап өтти.

– Бизлердики сыяқлы уллы тарий жер жүзинде жүдә аз. Жалалиддин Мангубердидей уллы ата-бабаларымыз бенен ҳәр қанша мақтансақ арзыйды. Бабаларымыздың тарийхын үйрететуғын орынларды көбейтсек, ҳәм дәрамат келеди, ҳәм халқымызға тарийхымызды үйретемиз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз Хийўа қаласындағы ҳеш бир естелик итибарсыз қалмаўы, әмелге асырылатуғын жойбарлардың нәтийжесинде дүньядағы гөззал туристлик  орынлардан  бирине айланыўы зәрүр екенлигин атап өтти. Ўәлаятта туризмди раўажландырыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.

0101e8e6-d20f-05d6-9ba5-dbb3e03fa7d5.jpg

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Хийўа қаласындағы Президент мектебинде жаратылған шараят пенен танысты.

Соңғы жыллары елимизде билимли жасларды тәрбиялаў ушын беккем тырнақ қойылды. Атап айтқанда, ҳәр бир аймақта Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң қурылып атырғаны мектеп билимлендириўин дүнья стандартлары дәрежесинде раўажландырыў, барлық тараўлар ушын қәбилетли кадрларды таярлаўға, жаслардың потенциалын жоқарылатыўға имканият жаратпақта.

Президент мектеплериниң дүньяда альтернативи жоқ. Бул оқыў дәргайларында билимлендириў процеси раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында ислеп шығылған оқыў режеси ҳәм бағдарламалары бойынша инглис тилинде алып барылады.

Мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 20-февральдағы «Президент мектеплерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, қысқа мүддетте Ташкент, Хийўа, Наманган ҳәм Нөкис қалаларында дәслепки Президент мектеплери қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

f6827a0a-8bd6-033b-b277-c516faaba4b6.jpg

Хийўа қаласындағы Президент мектеби де дәстүрий мектеплерден өзгеше түрде ықшам ҳәм билим алыў ушын қолайлы. 2019-жылдың соңында пайдаланыўға тапсырылған билим орайы ўәлаят жаслары ушын үлкен саўға болды.

Мектеп 168 орынлық болып, 2 қабатлы оқыў имараты, 3 қабатлы жатақхана, асхана, сырт ел оқытыўшылары ушын мийманханаға ийе. Класслар ең заманагөй оқыў қураллары менен үскенеленген. Спорт залы, жүзиў бассейни қурылысына да инновациялық қатнас жасалған. Мектеп китапханасы Кембридж, Оксфорд университетлериниң баспалары және Коллинз баспасының «STEAM»   бағдарламасы бойынша сабақлықлар ҳәм оқыў қолланбалары, өзбек ҳәм жәҳән әдебиятының үлгилери менен тәмийинленген. Сабақлықлардың элекрон түрлери де бар, бул оқыўшыларға олардан және де нәтийжели пайдаланыў имканиятын жаратады.

2019-2020-оқыў жылында 5-10-классларға улыўма 144 оқыўшы таңлаў тийкарында қабыл етилген.

Президент мектебинде сабақлар Кембридж университетиниң экспертлери менен биргеликте ислеп шығылған оқыў режеси ҳәм бағдарламалары тийкарында алып барылады. Мектепке 9 сырт ел қәнигеси және 21 тәжирийбели жергиликли оқытыўшылар тартылған. Олар да халықаралық билимлендириў талаплары тийкарында арнаўлы имтиханлар арқалы таңлап алынған.

8290419e-2e14-af76-29ec-3bf9e5a7dc78.jpg

Мәмлекетимиз басшысы виртуал химия лабораториясы, музыка ханасында жаратылған шараятлар менен танысты, муғаллим ҳәм оқыўшылар менен сәўбетлести.

– Мине усындай орынларда көплеген қәбилетли перзентлеримиз илим алыўдай үлкен жолға қәдем қойды. Бул олардың өмириндеги ең туўры ҳәм мақсетли таңлаўы болып есапланады. Келешекте ҳәр түрли тараўларда олардың ерисип атырған жетискенликлерин, елимизге тийип атырған пайдасын көриў ҳәммемиз ушын бахыт, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы усы жерде Жиззақ, Самарқанд, Бухара ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында шөлкемлестирилетуғын Президент мектеплеринде оқыў процесслерин шөлкемлестириў бағдарындағы режелер менен де танысты.

Президентимиздиң Хорезм ўәлаятына сапары даўам етпекте.

c43db8e2-eb6f-d30f-cee0-ff020938bd79.jpg

 

ӨзА