Қарақалпақстан Республикасында Қураллы Күшлер системасындағы әскерий бөлим ҳәм мәкемелердеги әскерлер ҳәм әскерий хызметкерлер арасында  «Темур тузуклери билимданы» таңлаўының биринши басқышы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-августтағы «Өзбекстан  Республикасы Қураллы Күшлери әскерий хызметкерлериниң руўхый-ағартыўшылық дәрежесин арттырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў  мақсетинде Қураллы Күшлер системасындағы министрликлер, комитетлер ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық кеңеси тәрепинен 2019-жыл 15-июльде қоспа қарары қабыл етилди.  Усыған муўапық өткерилген таңлаўдың биринши басқышында Арқа-батыс әскерий округи әскерий бөлимлери, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар, Бажыхана басқармалары, Миллий гвардияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Қорғаў басқармасы, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлери әскерий бөлими ҳәм мәкемелеринде хызмет етип атырған 30 жасқа шекемги әскерлер ҳәм әскерий хызметкерлер «Темур тузуклери»нен дүзилген тест сынақларын шешти.

-Таңлаўды өткериўдеги тийкарғы мақсет, жас әскерлер ҳәм әскерий хызметкерлер арасында китапқумарлық мәдениятын арттырыў, китап оқыў көнликпелерин қәлиплестириў, жасларды Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, мүддетли әскерий хызметкерлердиң  мәнаўий тәрбиясын, теориялық билимин буннан былай да жетилистириў болып табылады,-дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң Әскерий бөлимлердеги басланғыш шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў бөлиминиң баслығы Нурсултан Розибаев.-Сондай-ақ,  әскерий хызметкерлердиң қәбилетин жүзеге шығарыўына имканият жаратыў, уллы сәркарда Әмир Темур  ҳәм темурийлер тарийхын үйрениў, халқымыздың өзине тән дөретиўшилик, Ўатан сүйиўшилик, ҳадаллық, пидайылық сыяқлы уллы идеяларын жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады.

Қарақалпақстан Республикасында Қураллы Күшлер системасындағы 15 әскерий бөлим ҳәм мәкемеде таңлаўдың биринши басқышы өткерилип, онда ең жоқары балл топлаған бир әскер ҳәм әскерий хызметкер келеси басқышқа жоллама алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ түсирген сүўретлери