Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Халық қабыллаўханасы, Арқа-батыс әскерий округи ҳәм район ҳәкимлиги Шоманай районының «Бегжап» аўыл пуқаралар жыйынында халық пенен көшпели қабыллаў өткерди.

Халық пенен сәўбетлесиў даўамында бир қанша пуқаралардың мүрәжаты район ҳәкими, Президенттиң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте пуқта үйренип шығылды. Атап айтқанда, аўыл халқын көп жыллардан берли жол қурылысы, тәбийғый газ тәмийнаты, ишимлик ҳәм ақаба суў, бәнтлик мәселеси қыйнап келмекте еди. Жүзбе-жүз ушырасыў даўамында бул мәселелердиң бир қаншасы усы жердиң өзинде шешилди.

Бәнтлик мәселеси бойынша мүрәжат еткен 2 пуқара Тоғай хожалығының районлық бөлимине жумысқа орналастырылған болса, жеңиллетилген кредит сораған 2 пуқараның мүрәжаты бойынша Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Орайлық банкке усыныс киргизилди. Сондай-ақ, қабыллаў шеңберинде райондағы «Бегжап» аўыл пуқаралар жыйынында жасайтуғын социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақларға, майыплығы бар шахсларға айрықша итибар қаратылды. Жуўапкерлер усындай шаңарақларда болып, олардың ҳал-жағдайынан хабар алды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.