Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пленумының мәжилиси болып өтти

Видеоконференцбайланыс режиминде өткерилген мәжилисте судлардың басшылары ҳәм судьялар, сенаторлар, депутатлар, Судьялар жоқары кеңеси, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкер хызметкерлери, ҳуқықтаныўшы илимпазлар қатнасты.

Пленум ағзалары биринши мәрте мәжилисте Сенаттың 2019-жыл 12-октьябрдеги «Өзбекстан Республикасы судьяларының арнаўлы кийиминиң сыпатламасын ҳәм үлгилерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған судьялық мантиясында қатнасты.

Жоқарғы суд баслығы К.Комилов басқарған мәжилисте Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң тиккелей басламасы менен суд-ҳуқық системасында дыққат пенен әмелге асырылып атырған тарийхый реформалар, бәринен бурын, пуқаралардың Конституция ҳәм нызамларда белгиленген ҳуқықлары менен еркинликлерин әмелде тәмийинлеў арқалы  олардың суд уйымларына болған исенимин беккемлеўге хызмет етип атырғаны айрықша атап өтилди.

photo5368838918662892948.jpg

Мәжилисте Жоқарғы суд пленумының «Судта додалаўдың ашық-айдынлығын ҳәм судлардың жумысына байланыслы мәлимлеме алыў ҳуқықын тәмийинлеў ҳаққында»ғы қарары жойбары додаланды. Бул қарар судлар тәрепинен усы мәселеге байланыслы нызам ҳүжжетлерин бир түрде қолланылыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылды.

Судта додалаўдың ашық-айдынлығы, судлардың жумысы ҳаққында жәмийетшиликке өз ўақтында ҳәм объектив мәлимлеме бериў жәмийетте ҳуқықый хабардарлық дәрежеси артыўына имканият жаратады. Соның менен бирге, бул әдил судлаўдың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеўге хызмет етеди.

Усы мүнәсибет пенен, судлар судта додалаўдың ашық-айдынлығы ҳәм судлардың жумысына байланыслы мәлимлемени алыў ҳуқықын әмелге асырыў ушын зәрүр шараят жаратыўы зәрүр.

Судта додалаўдың ашық-айдынлығын, пуқаралар, шөлкемлер, жәмийетлик бирлеспелер, мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының судлардың жумысына байланыслы мәлимлемеден хабардарлығын тәмийинлеў Өзбекстан Республикасы Конституциясы, «Судлар ҳаққында»ғы, «Мәлимлеме алыў кепилликлери ҳәм еркинлиги ҳаққында»ғы, «Мәлимлеме еркинлигиниң принциплери ҳәм кепилликлери ҳаққында»ғы, «Журналистлик жумысты қорғаў ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айданлығы ҳаққында»ғы, «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы, «Ғалаба хабар қураллары ҳаққында»ғы нызамларға ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге муўапық тийисли кодекслерде белгиленген тәртипте әмелге асырылады.

photo5368838918662892949.jpg

Судта додалаўдың ашық-айдынлығы, судлардың жумысына байланыслы мәлимлемени алыў пуқаралық, жынаят, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиў ўазыйпаларын әмелге асырыўға хызмет етиўи ҳәм судлаў жумысына қандай да бир усылда араласыўға алып келмеўи керек. Себеби Конституцияның 112-статьясына бола, судьялар еркин, бирақ нызамға бойсынады.

Буннан тысқары, мәжилисте «Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пленумы ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды пленумының айырым кодекслерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды пленумының айырым қарарларының өз күшин жойтқан деп табыў ҳаққында»ғы қарар жойбарлары да додаланды.

Пленум қарарларының қабыл етилиўи судлардың жумысында ашық-айдынлық ҳәм нызамлылықты тәмийинлеўге, тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды қәлиплестириўге және суд әмелиятында мәселелер келип шығып атырғанлығы мүнәсибети менен ислерди көриўде нызам нормаларын бир түрде ҳәм дурыс қолланылыўын тәмийинлеўге қаратылған.

photo5368808767992474834.jpg

Өз гезегинде, пленум қарарлары суд ҳәкимияти ҳәм ғалаба хабар қуралларының өз-ара әмелий бирге ислесиўин орнатыўға, сондай-ақ, келиспеўшиликлерди дурыс шешиўде пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплердиң бузылған ҳуқықлары және нызам менен қорғалатуғын  мәплерин қорғаўға, нызам ҳүжжетлериниң суд әмелиятында анық ҳәм бир түрде енгизилиўине, бирден-бир суд әмелиятын қәлиплестириўге, жаңадан қабыл етилген нызам ҳүжжетлерин әмелиятта және де нәтийжели қолланылыўына хызмет етеди.

Көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Мәжилиске Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры Н.Йўлдошев қатнасты.

 

ӨзА