Президент Администрациясының 2020-жыл 13-февральдағы бийлиги тийкарында Президенттиң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы баслығы лаўазымына Салаўатдин Худайбергенов тайынланды.

Салаўатдин Худайбергенов буған шекем Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри лаўазымында ислеп киятырған еди.

Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң биринши орынбасары Алишер Атажанов Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы болып есапланады.

Мағлыўмат ушын, Салаўатдин Худайбергеновқа шекем Президенттиң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы лаўазымында Хакимбай Аширович Халимов ислеп киятырған еди. Ол өз арзасына муўапық, 2019-жылдың август айында Халық қабыллаўханасы баслығы лаўазымынан кеткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги