Мүнәсибет

Хәр бир күнимиз тарийх бетлерине айланбақта. Биз әййемги тарийхымызды, ата-бабаларымыз қалдырған бай әдебий, мәнаўий ғәзийнелерди тасларға жазылған жазыўлар, ески қорған тасларындағы түрли көринислер, әййемги қолжазбалардан үйренип атырған болсақ, бүгинги тарийхымыз руўхый дүньямыздың суўсынына айланып тарийх деп аталған салмақлы китапларда жазылмақта.

Мине үш жылдан берли, мәмлекетимиз басшысының Олий Мәжлиске Мүрәжаты, онда айтып өтилген ҳәр бир шақырық турмысымызда оғада үлкен бурылыс жасамақта. Сана-сезимимизди оятып, дөретиўшиликке, жаратыўшылыққа, ел-журтқа хызмет етиўдей уллы ўазыйпамызды пидәкерлик пенен орынлаўға, Ўатанға садықлық ҳәм күш-ғайратқа жетелемекте.

Әсиресе Президентимиздиң жақында Олий Мажлиске Мүрәжатында тарийхты жаңалап атырған дәўиримиздиң шақырықлары бар. Соның ишинде Президентимиз «Халқымыз соны жақсы билиўи керек: алдымызда узақ ҳәм қыйын жол турыпты. Барлығымыз биригип, тынымсыз оқып-үйренсек, жумысымызды толық ҳәм өнимли ислесек, заманагөй билимлерди ийелеп, өзимизди аямай алға умтылсақ, әлбетте, турмысымыз ҳәм жәмийетимиз өзгереди» деп атап өтеди.

Хақыйқатында да өзгермекте, турмысымыз жаңаланбақта, ҳәр бир жаңа күн, жаңа бир тарийх болып жазылмақта. Бул тарийх дийқанлардың мийнети менен бағларға айланып атырған далаларда, жер асты, жер үсти байлықлары, халықтың абаданлығы ушын хызмет етип атырған кәрхана ҳәм заводларда, қала ҳәм аўыллардың көркине көрик болып қосылып атырған халықты қуўандырып атырған имаратларда, кең ҳәм тыныш, гөззал көше ҳәм қыябанларда жазылмақта.

Заманагөй жасларға дүньялық билимлерди үйретиўге барлық шараятлар жаратылған мектеплерде жазылмақта.

Тарийх ҳаққында сөз болар екен, әлбетте, мәнаўиятымыз, мәдениятымыз, әдебиятымыздың ғазийнелерине көз таслаймыз.

Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжатында мынадай ҳикметлер бар:

«Шығыс алымлары айтқанындай, «Ең үлкен байлық – бул ақыл ҳәм илим, ең үлкен мийрас – бул жақсы тәрбия, ең үлкен кәмбағаллық – бул саўатсызлық!»

Сол себепли ҳәммемиз ушын заманагөй билимлерди өзлестириў, шын мәнисинде мәрипат ҳәм жоқары мәденият ийеси болыў үзликсиз турмыслық мүтәжликке айланыўы керек».

Әне ҳақыйқат усы! Билимге умтылыў, китапқа ықлас Мәмлекетимиз басшысының ҳәр бир баянатында айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Жақында халқымыз уллы ағартыўшы шайыр Ә.Наўайының туўылған күнин белгиледи. Және бир мәрте бабамыз дөретиўшилигине, бизге қалдырған бай мәнаўий ғәзийнелерине көз тасладық.

Ә.Наўайы бабамыз «Китап – бийминнет устаз, билим ҳәм рүўхый дүньямыздың жоқарылаўына ерисиўдиң ең тийкарғы дәреги», деп атап өткен. Бул сөзлер мектеп оқыўшылары тәрепинен жүдә көп тәкирарланады. Мен оны мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан Кеңеси басшыларының басламасы менен мектеплерде шөлкемлестирилген Наўайыханлық әнжуманларында қатнасқан ўақтымда еситтим ҳәм жасларымыздың китап оқыўға умтылып, китапқа болған меҳири артып атырғанлығына гуўа болдым.

Китап – сарқылмас ғәзийне, оннан алған билимлеримизди өмиримиз ақырына шекем де жумсай алмаймыз. Инсанның оннан жақын жолдасы, досты, мәсләҳәтшиси жоқ. Себеби, ол ақылды раўажландыратуғын қайрақ болып есапланады. Китап ақыл-ойдың дәреги болғаны ушын да халқымыз оны нандай әзиз, муқаддес деп абайлап, қәдирине жетеди, жақсы көрип оқыйды.

Көп китап оқыйтуғын, мәнаўиятлы шаңарақлардың перзентлери, гүмансыз, Ўатанымыздың келешеги, халқымыздың исеними ҳәм сүйениши болып есапланады. Бул – бизиң бүгинги шешимимиз. Бирақ буннан ярым әсир бурын әпиўайы ғана жумысшы  болған ағам шыраның жақтылығында перзентлерине ертек ҳәм дастанлар оқып бергенинде ойынан нелер өткен екен? Китаптың мәнаўият ғәзийнеси екенлигин терең аңлағаны ушын да, жумыстан шаршап келгенине қарамастан, китап оқыўды үрдис еткен болыўы мүмкин. Мүмкин, ағам әўладлардан-әўладларға қәстерлеп жеткеретуғын ақыл-ой кемелери болған китаплар бир күн келип перзентлерин кәмалат жағалығына жеткеретуғынын әрман еткен шығар…

Мине усы әрманлардың орынланыўын мен Мойнақ, Қоңырат, Шоманай, Қараөзек, Шымбай, Нөкис, Хожели, Тақыятас районлары, Нөкис қаласының мектеплеринде оқыўшылардың көзинде көрдим.

Олар қолына алған китапларда руўхый дүньяның суўсыны ағып атырғанлығын жақсы түсинеди.

Бизлер мектептиң китапханаларына саўға етип берген китаплардың топламын қолына алған жаслардың қуўанышын көрип кеўилимиз толды.

Ҳақыйқатында да халық нақыл-мақалларында айтылғанындай, «Китапсыз ақыл – қанатсыз күш», «Бахыт белгиси – билим», «Билим – ақылдың шырағы», «Гөззалық – илим мәрипатта», «Илим бахыт келтирер, билим тахт келтитер», «Өнер – ағар булақ, илим –жанар шырақ» сыяқлылар.

Бүгин Ўатанымыз жедел раўажланып атырған бир дәўирде ата-бабаларымыз, даналар пикиринде өз көринисин тапқан китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятин қәлиплестириўге болған итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Себеби жас әўладтың ҳәр тәреплеме қәлиплесиўинде китап оқыўдың орны бийбаҳа екенлигин аңлаған ҳалда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-январьда «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комиссия дүзиў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Бул ҳүжжетте халықтың кең қатламын китап оқыўға тартыў, китап оқыў ҳәм китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, жас-өспирим перзентлеримизди бақша жасынан баслап китапқа мйиримли етип тәрбиялаў, китап өнимлериниң мазмунына итибар бериў, оларды басып шығарыў сапасын жақсылаў, түрли мазмундағы китаплар менен толтырылған китап дүканларды көбейтиў, китаплардың фондын және де байытыў нәзерде тутылған.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев: «Китапсыз раўажланыўға, жоқары мәнаўиятқа ерисип болмайды. Китап оқымаған адамның да, миллеттиң де келешеги жоқ», – деп атап өтеди. Соның ушын да жасларды ҳәр тәреплеме пикирлейтуғын, руўхый  жетик, ҳәр қандай мәлимлемелерди ақыл менен таллайтуғын, бәркамал инсан етип тәрбиялаў бизиң тийкарғы ўазыйпамыз болып есапланады.

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан басқармасы хызметкерлери тәрепинен ҳәр мектепке 200-300 данадан аслам китаплар тапсырылды. Оқыўшылар менен әдебият, мәнаўият, китап ҳаққында сәўбелесиўлер алып барылды. Оқыўшылардың пикирлерин тыңладық. Олар өз әрман-мақсетлерин толып-тасып айтып, мектептиң машқалаларын да ортаға таслады.

Мине, Шоманай районының ең шетки аўылында жайласқан 84-мектептиң 11-класс оқыўшысы Дурдана Аманованың сөзлери:

– Наўайы бабамыздың туўылған күнлеринде мектепке келип бизлерге китап саўға етип атырғаныңыздан қуўанышлыман. Мектебимизде 500ден аслам әдебий китап бар. Бирақ китапхана жоқ. Жақсы спортшыларымыз бар, спорт майданшасы ямаса спорт залымыз жоқ. Мине бүгин Наўайы бабамызды еске алып байрамды суўық болса да сыртта өткерип атырмыз. Себеби илажлар өткеретуғын мәнаўият залымыз да жоқ! Усы мәселелер шешилиўинде жәрдем бересизлер, деп үмит етип қаламыз.

Биз Дурдана қызымыздың шаққанлығынан, сөзлеринен жүдә тәсирлендик, шетки мектепке келгенимиз дурыс болды, деп ойладық. Себеби, енди бул машқаланы шешиў жүдә зәрүр екенлигин билемиз.

Мойнақ районындағы 11-санлы мектеп оқыўшысы Бегим Қулмуратов, Нөкис районының 11-класс оқыўшысы Нурлан Махсетбаев, Қоңырат районындағы 6-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Умида Қуўатбаевалардың Мүрәжатларында олардың илимге шөллегенлиги, китапқа меҳри, дөретиўшилликке ҳәўеси, Президентимиздиң жасларға жаратып берип атырған имканиятлардан олардың илим алыўға болған умтылыслары күшли екенлигин көзлериндеги исеним ҳәм мақсетли әрманлары айқын көзлеринде көринип турғанлығына көрип қуўандық.

Жуўмақлап айтқанда Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан басшыларының басламасы ҳәм шөлкемлестириўи менен өткерилген бул мәдений, мәнаўий илажлар жасларымыздың ядында узақ сақланып қалады.

Себеби, Президентимиз Олий Мажлиске Мүрәжатында «Биз Өзбекстанды раўажланған мәмлекетке айландырыўды мақсет етип қойған екенбиз, буған тек жедел реформалар, илим-мәрипат ҳәм инновация менен ерисе аламыз.

Буның ушын, ең бириншиден, интакер реформашы болып ортаға шығатуғын, стратегиялық пикир жүргизетуғын, билимли ҳәм тәжирийбели жаңа әўлад кадрларын тәрбиялаўымыз зәрүр. Соның ушын да бақшадан баслап жоқары оқыў орнына шекем – билимлендириўдиң барлық буўынларын реформалаўды басладық.

Тек жаслар емес, ал пүткил жәмийетимиз ағзаларының билимин, дәрежесин арттырыў ушын бәринен бурын илим-мәрипат, жоқары мәнаўият керек. Илим жоқ жерде артта қалыўшылық, алдаў ҳәм әлбетте, туўры жолдан адасыў болады», деп атап өткени жасларымыздың бәркамал ўатансүйиўши, дөретиўши, пидайы, күш-ғайратлы болып жетисиўлери ушын ғамқорлық ҳәм әмелий жумыслардың көриниси болып есапланады.

 

Гулистан АННАҚИЛИЧЕВА,

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенаты ағзасы,

«Қарақалпақ әдебияты» газетасының Бас редакторы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.