Қазақстан Республикасының Приморье аўылы жақынында Кәспий теңизиниң суўы ҳәр жылы январь айында қызыл реңге енеди. Energyglobalnews.com  сайтының хабар бериўинше, бундай жағдай 2020-жылы 11-февральда бақланған ҳәм қызыл теңиз суўы социаллық тармақларда көплеген пикир-таласларға себеп болған, деп жазады xs.uz  сайты.

Бир қарағанда қан реңиндеги суўды көрген адамда «бул жерде адам өлтирген», деген пикир ояныўы мүмкин. Айырымлар болса ҳайўанларға жаўызлық етилгенликте гүманланса, басқа биреўлер болса теңизге ҳәр қыйлы шығындыларды таслаў ақыбетиндеги түрли химиялық элементлерди себеп етип келтиреди. Негизинде қандай?

Негизинде аспан көк рең суўдың қызыл реңге ениўине тийкарғы себеп улыўма басқа. Ҳәр қыйлы сырт ел сайтларының хабар бериўинше, процесс диатом суў отларына байланыслы ҳәдийсе есапланады. Мағлыўматларға бола, диатом суў отларының реңи ашық қызылдан тойғын қызылға шекем өзгерип турады. Олардың 3800 ден аслам түрлери бар. Кәспийде олардың полисифония, мелобезия, лауренция сыяқлы 25 түри ушырасады. Бирақ диатом суў отларының суўасты өмирине дерлик зыяны жоқ, сондай-ақ, инсанларға да. Балықларға да ҳеш қандай қәўип туўдырмайды. Мағлыўматларға бола, суў отларының теңиз жағалықларынан кеңлик аралығы бес метрди, узынлығы болса шама менен еки километрди қурайды.

Бул ҳәр жылы қайталанатуғын жағдай, – дейди Манғыстаў ўәлаятлық экология департаменти лаборатория анализлери қадағалаў бөлиминиң баслығы Раўшан Төлепова. – Кәспийде суў отлары қызыл реңде болады ҳәм олар бир жерде топланып өседи. Түскинликке түсиўдиң кереги жоқ.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги