Усы жылдың 30-январь күни саат 05:30 ларда Қанлыкөл районы, Жеңис көшеси, 18-жайда жасайтуғын пуқара Т.М. өз үйинде таныслары Ғ.Ч. ҳәм Б.Б.лар менен бирге спиртли ишимлик ишкен.

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы берген мағлыўматқа қарағанда, мәс ҳалдағы пуқара Б.Б. үй ийеси Т.М. менен өз ара жәнжеллесип қалған. Ақыбетинде Т.М. асхана пышағы менен Ғ.Ч.ны қастан бир неше мәрте урған ўақытта пуқара Б.Б. мәжбүрий түрде пышақты тартып алған. Т.М. өзине байланыслы болмаған ҳалда жынаятты ақырына жеткере алмай, Ғ.Ч.ны қастыянлық пенен өлтирмекши болған.

Бул жағдай бойынша 2020-жыл 30-январь күни Қанлыкөл районлық прокуратурасы тәрепинен ӨзР Жынаят кодексиниң тийисли статьясы менен жынаят иси ашылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.