Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың туўылғанына 537 жыл толыўы мүнәсибети менен «Әдиллик ҳәм ағартыўшылық символы» атамасында илимий-әмелий конференция, сондай-ақ, көркем-әдебий кеше шөлкемлестирилди.

Конференцияны институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.

Мәмлекетимиз басшысы Ш.Мирзиёев шайыр, илимпаз ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Заҳириддин Муҳаммед Бабур ҳаққында тоқталып:

«Бабур мырза халқымыздың уллы перзенти. Әдебият, илим, ағартыўшылық көзқарасынан ол биз бенен бирге өмир сүрмекте. Өзлигимизди аңлап, уллы тарийхымызды жасларға түсиндирсек, илим-ағартыўшылықты раўажландырсақ, ҳеш қашан кем болмаймыз», – деп айтып өткен еди.

Бабур тек ғана белгили мәмлекетлик ғайраткер ҳәм шебер әскербасы болып қалмастан, соның менен бирге, шайыр, тарийхшы ҳәм илимпаз болып табылады. Ол 16-17 жасларынан баслап көркем дөретиўшилик пенен шуғыллана баслаған.

Оның авторлығындағы «Қобул девони», ҳуқықтаныў ҳәм салықларды тәртипке салыў ҳаққындағы «Мубаййин ал-закот», әдебияттаныўға арналған «Муфассал», «Ҳинд девони», сондай-ақ, тарийхый-мемуарлық шығармасы болған «Бабурнама» шығармалары бизге шекем келип жеткен баҳалы мийраслар болып есапланады.

«Бабурнама» 1494-1529-жыллардағы ўақыяларды өз ишине алған болып, XVI әсирдиң өзинде шығыс тиллерине аўдармаланған. 1826-1985-жыллар аралығында төрт мәрте инглис, үш мәрте француз, бир мәрте немис тиллерине аўдармаланған. Ҳәзирги ўақытта бул теңсиз мийрастың япон тилине аўдармаланып атырғаны Бабур шығармаларының тарийхый ҳәм дүньялық әҳмийети жоқары екенлигинен дәрек береди.

Илажда институттың өзбек тили кафедрасының доценти, филология илимлериниң кандидаты Э.Хўжаниязов «Сөз илими – Бабур мәнаўиятының баслы өлшеми», өзбек әдебияты кафедрасының үлкен оқытыўшысы, филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) С.Бекчанова «Бабур – әдиллик ҳәм ағартыўшылық символы», өзбек әдебияты кафедрасының үлкен оқытыўшысы, филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) Ф.Сапаева «Түркий халықлар әдебиятында Бабур дөретиўшилиги: аўдарма ҳәм изертлеўлер» атамаларында баянатлар жасады.

Заҳириддин Муҳаммед Бабур дөретпелериниң ҳәзирги ўақытқа шекем дүньяның 30 дан аслам тиллерине аўдармаланғаны дүнья илимпазлары тәрепинен уллы бабамыздың мийрасларын ҳәр тәреплеме изертлеўге болған қызығыўшылығының артып баратырғанын көрсетип, елимиздиң халықаралық мәртебесиниң артыўына да салмақлы үлесин қоспақта.

Илаж Бабур дөретпелери тийкарында таярланған институттың талантлы студент-жасларының атқарыўындағы сахналық көринислер, мушайра кешеси ҳәм концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.