Мүнәсибет

Президентимиз Олий Мажлиске Мүрәжатында билдирген Ўатанымыздың раўажланыўы, жасларымыздың бәркамаллығы, халықтың абаданлығына байланыслы барлық бағдарлар ҳәм ўазыйпалар бүгинги күнде ҳәр бир депутатқа үлкен қолланба ҳәм күшли қанат болмақта.

Мәмлекетимиз басшысының «Барлық депутат ҳәм сенаторларға, олардың тымсалында пүткил Өзбекстан халқына мүрәжат етип айтпақшыман: демократиялық реформалар жолы – биз ушын бирден-бир ҳәм ең дурыс жол болып есапланады. Бул бағдарда бизлер ҳәр күни излениўдемиз, сырт елдиң алдынғы тәжирийбелерин терең үйренип, өмиримизди, жумыс усылымызды жаңалаўға ҳәрекет етпектемиз» деп билдирген исеними халықтың ҳүрмети ҳәм итибарына ийе болған ҳәр бир депутаттан жумыс усылын жаңалаўды талап етпекте.

Бүгин өз сайлаўшыларымызды исендирип айтаман, бизлердиң жумыс орнымыз адамлардың арасына көшти. Халықтың арасына кирип барыў, шаңарақларда болыў, мектеп оқыўшылары, ата-аналар менен сөйлесиўлер бүгинги күнде турмысымыздың жаңаланғанынан, халықтың ой-пикири өскенлигинен, жасларымыздың дүньяға көзқарасы кеңейип атырғанынан дәрек бермекте.

Жақында Нөкистеги маған исеним билдирип депутат етип сайлаған «Әмиўдәрья» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы пуқаралар менен ушырастым. «Тахтакөпир» көшесинде жасаўшы пуқара Ж.Медетова, «Әйтекебий» көшесинде жасаўшы пуқаралар Д.Аметов, Т.Исмоиловлар, көшелерге түңги жақтыландырыўлардың қойылмағаны, неше жыллардан берли асфальт жаңаланбағаны сыяқлы машқалаларды ортаға таслады.

«Композитор» көшесиниң пуқарасы Ж.Пирниязова мәҳәллеге нураний аталар ушын дем алыў орны, жаслар ушын спорт майданшасы, китапхана қурыў бүгинги күн талабы, деп орынлы наразылықлар билдирди.

20 дан аслам пуқаралар турақ жай, жумыс пенен бәнтлик, балалар бақшасына перзентлерди жайластырыў сыяқлы машқалаларды ортаға таслады.

Бул машқалалар әлбетте Нөкис қаласының бас архитекторы Ж.Жексенбаев, Кадастр бөлиминиң баслығы А.Худайбергенов, «Нураний» корының қалалық бөлими баслығы К.Қаландеровлар, Мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы К.Сейдуллаев, «Мәмлекетлик хызметлер» бөлими баслығы А.Жолдасбаевлар тәрепинен әмелге асырылатуғыны мәжилистиң қарарында атап өтилип, жуўапкер шөлкемлер тәрепинен қадағалаўға алынды.

Қуўанышлы тәрепи сонда, пуқараларымыздың сөзи, усыныс ҳәм талаплары Президентимиздиң Мүрәжатында «Реформалардың әмелий нәтийжелилигин арттырыўда, орынларда жаңа басламаларды алға қойыўда халқымыздың және де белсендирек, және де интакер болыўына ерисиўимиз керек», деген пикирлерине жуўап береди.

Буның ушын болса бизлердиң жаңаша жумыс усылымызды мәҳәллелерге көшириўимиз тийкарғы ўазыйпамыз болып есапланады.

Неге десеңиз, Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, әзелден ҳақыйқый миллий қәдириятлар орны болып келген, өз-ара мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик ҳәм татыўлық, жәрдемге мүтәж адамлардың жағдайынан хабар алыў, жетим-жесирлердиң басын сыйпаў, той-тамаша, абаданластырыў ҳәм той-мерекелерди көпшилик пенен мәсләҳәтлесип өткериў, жақсы күнде де, жаман күнде де бирге болыў сыяқлы халқымызға тән үрп-әдет ҳәм дәстүрлер, бәринен бурын, мәҳәлле орталығында қәлиплесип раўажланған ҳәм Ҳәзирети Наўайы «Ҳайрат ул-аброр» шығармасында мәҳәллени «қала ишиндеги қалаша» деп тәрийплеген.

Мәҳәлле алдын турмыс тәризин, миллий үрп-әдетлер ҳәм дәстүрлерди жәмлестирген дүзилме сыпатында пайда болғанын атап өтиў керек. Ҳәттеки, ең қәўипли мәўритлерде де социаллық абырайын сақлап қалып, елдиң таянышы ҳәм сүйенишине, халықтың ҳүжданына, жәмийетшиликтиң көзқарасын сәўлелендиретуғын өзин-өзи басқарыў системасына айланған.

Биз билемиз, ғәрезсизлик жылларында тарийхый жақтан миллий дәстүрлерге сиңдирилген, ғәрезсизлик және де терең мазмун-мәнис ийелеген өзин-өзи басқарыў уйымларының материаллық базасын жаратыўға тийкар салынды. «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы, кейин ала «Пуқаралар жыйынының баслығы (ақсақалы) ҳәм оның кеңесгөйлерин сайлаў ҳаққында»ғы нызамлар қабыл етилди. Бүгинги күнде мәҳәлле биринши мәрте конституциялық институт дәрежесине көтерилди.

Шөлкемниң баслы мақсети пуқаралар жыйынларын анық бағдарланған тийкарда халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, жеке меншик исбилерменлик ҳәм шаңарақлық бизнести раўажландырыў орайына айландырыў, сондай-ақ, олардың мәмлекетлик басқарыў уйымларының жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды алып барыў системасындағы ўазыйпаларын және де кеңейтиўге, мәдений-ағартыўшылық жумысларды кеңнен әмелге асырыў, миллий ҳәм руўхый қәдириятларды избе-из үгит-нәсиятлаў жумысын жетилистириў арқалы социаллық ҳәм руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеўге мәдет болыўдан ибарат етип белгиленди.

Буларды атап өтиўимизден мақсет, биз депутатлар Президентимиздиң Мүрәжаты тийкарында өз жумысымызды мәҳәллелерде даўам еттириўимиз керек. Себеби шаңарақлардың тыныш-татыўлығы, перзентлеримиздиң бәркамаллығы, жынаятлардың азайыўы, исбилерменликтиң раўажланыўы, аналық ҳәм балалықты қорғаў, халықтың төмен қатламларын қорғаў, қызларымызды турмысқа таярлаў сыяқлы барлық ўазыйпаларымыз мәҳәллелердиң турмысына кирип барыўымыз бенен шешиле баслайды.

Демек биз жумыс усылымызды, әлбетте, жаңалаўымыз зәрүр.

Бул бизлердиң Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлиске Мүрәжатына берген әмелий жуўабымыз болады.

 

Гүлистан АННАҚЛЫЧЕВА,

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының ағзасы,

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги