Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында «Қарақалпақ медицина институтын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Министрлер Кабинетиниң қарар жойбары додалаўға қойылған еди.

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ташкент педиатриялық медицина институтының Нөкис филиалы тийкарында Қарақалпақ медицина институтын шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилиўи күтилмекте.

 

Төмендегилер Қарақалпақ медицина институты жумысларының тийкарғы бағдарлары етип белгиленеди:

 

– заманагөй талапларға сәйкес келетуғын ҳәм ҳәзирги заман медицинасының алдынғы технологияларын ийелеген жоқары тәжирийбели медицина кадрларын ҳәм илимий қәнигелерди таярлаў;

– республиканың жоқары медициналық билимлендириў системасында медицина тараўы бойынша оқыў процесин шөлкемлестириўде заманагөй билимлендириў технологиялары тийкарында мәлимлеме ҳәм мультимедиалық үскенелерден пайдаланған ҳалда алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў;

– жоқары билимлендириўдиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў, сырт ел билимлендириў ҳәм илимий технологияларын енгизиў;

– кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеўде медицина тараўларындағы алдынғы табыслардан пайдаланған ҳалда фундаменталь, инновациялық, илимий-әмелий изертлеўлер ҳәм исленбелерди әмелге асырыў;

– халыққа медицина тараўында жоқары тәжирийбели емлеў-профилактикалық жәрдемди көрсете отырып, кеселликлер диагностикасы, профилактикасы ҳәм оларды емлеўдиң алдынғы инновациялық усылларын енгизиў;

– билимлендириў, илим, инновация ҳәм илимий изертлеўлер нәтийжелериниң коммерциялық жумыслар менен үзликсиз байланысын тәмийинлеў;

– студент-жаслар тәлим-тәрбиясы ушын қосымша шараятлар жаратыўға бағдарланған комплексли илажларды өз ишине алған бес басламаны әмелиятқа енгизиў;

 

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, тийисли министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте:

 

– Қарақалпақ медицина институтын шөлкемлестириў ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша илажлар комплексин әмелге асырады, устав ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў, сондай-ақ, институттың толық жумыс алып барыўын тәмийинлеў бағдарындағы басқа шөлкемлестириў мәселелерин шешеди;

– Қарақалпақ медицина институты басшы ҳәм профессор-оқытыўшылар қурамын медицина тараўында әмелий жумыс тәжирийбесине ийе, оқытыў ҳәм илимий-әмелий изертлеўлер өткериўдиң заманагөй усылларын жедел қоллайтуғын жоқары тәжирийбели интәкер кадрлар менен тәмийинлейди;

– алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алып, заманагөй билимлендириў технологиялары, ең жаңа мәлимлеме ҳәм оқыў-лабораториялық үскенелерди енгизиў және олардан кең пайдаланыў тийкарында оқыў жобалары ҳәм бағдарламаларын жаңалаған ҳалда, 2020-2021-оқыў жылынан баслап кредит модуль системасы тийкарында оқыў процесин шөлкемлестиреди;

– сырт елли белгили қәниге ҳәм илимпазларды институтта ислеўге және сабақ өтиўге шақырыў, стажировкаларды шөлкемлестириў ҳәм қәнигелерди таярлаў, биргеликте оқыў ҳәм изертлеў бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша илажлар комплексин ислеп шығады ҳәм енгизеди;

– Қарақалпақ медицина институты Нөкис қаласы, А.Досназаров көшеси, 104- ҳәм 108-жайларда орналасыўын тәмийинлейди;

– 2021-жылдан институттың 300 орынлық жатақхана қурылысын баслаў ушын қаржыландырыў дәреклери, соның ишинде, грантлар, жеңилликли сырт ел кредитлери ҳәм басқа бюджеттен тыс қаржыларды белгилей отырып, усы жылдың ақырына шекем зәрүр жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыўды нәзерде тутады.

 

Қарақалпақ медицина институтының факультетлери төмендегише болыўы жобаластырылған:

 

– Емлеў ҳәм стоматология факультети;

– Педиатрия ҳәм жоқары мийирбийкелик жумысы факультети;

– Медициналық профилактика ҳәм фармация факультети;

– Врачлардың қәнигелигин арттырыў факультети.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.