USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 27 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ТЕХНОПАРКЛЕР ҚУРЫЎ ЖОЙБАРЛАРЫНЫҢ ОРЫНЛАНЫЎЫ КӨРИП ШЫҒЫЛДЫ

Президент Шавкат Мирзиёев 13-февраль күни мәлимлеме технологияларын раўажландырыў, буның ушын заманагөй инфраструктура жаратыў мәселесине бағышланған мәжилис өткерди.

Бизге белгили, усы жылы елимизде «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы», деп жәрияланды. Барлық тараўларда ашық-айдынлық ҳәм нәтийжелиликти тәмийинлеў мақсетинде «Электрон ҳүкимет» системасы кеңнен енгизилмекте. Атап айтқанда, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы 178 хызмет жолға қойылып, халықтың ўақты ҳәм қәрежетлери үнемленбекте.

Санлы экономиканың жалпы ишки өнимдеги үлеси АҚШта 10,9 процент, Қытайда 10 процент, Ҳиндстанда 5,5 процентти қурайды. Өзбекстанда болса бул көрсеткиш 2 проценттен де артпайды.

Бул тараўды раўажландырыў ҳәм экспорт потенциалын арттырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен Ҳиндстан Республикасының Электроника ҳәм мәлимлеме технологиялары министрлиги жанындағы Программалық технологиялар парклери жәмийети менен биргеликте мәмлекетимизде IT-парк шөлкемлестирилетуғыны белгиленген еди. 2019-жыл 10-январьда Министрлер Кабинетиниң бул бағдардағы қарары қабыл етилип, пайтахтымыздың Мырза Улығбек районында Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық паркиниң қурылысы басланды.

Мәмлекетимиз басшысы өткен жыл 20-ноябрь күни усы паркке барып, бул жердеги шараятлар менен жақыннан танысты. Тараўдың раўажланыўына және де кеңнен шараят жаратыў мақсетинде IT-парктиң жаңа басқышының қурылысына ирге тасын қойды.

Ҳәзирги күнде бул жерде мәлимлеме технологиялары тараўы бойынша 350 жергиликли резидент-кәрхана жумыс алып барып, 4 мың қәниге жумыс ислемекте. Сырт елли бирге ислесиўшилер менен биргеликте «1 миллион программист» жойбарын әмелге асырыў басланды.

2020-2024-жылларда 14 аймақта Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық паркиниң филиалы шөлкемлестирилип, резидентлердиң санын 3 есеге арттырыў ҳәм хызметкерлердиң санын 40 мыңға жеткериў режелестирилген. Буның нәтийжесинде компьютер ҳәм программаластырыў хызметлериниң көлеми де, экспорты да бир қанша артады.

Мәжилисте Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық парки ҳәм оның филиалларын қурыў, жоқары технологиялы инфраструктуралар жаратыў мәселелери додаланды.

IT-академия, IT-лаборатория, Коворкинг орайы, Мобиль қосымшалар ислеп шығыў орайы, Аралықтан мәлимлеме технологиялары орайын қурыў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетлик буйыртпа тийкарында тараў ҳәм тармақлар ушын терең заманагөй программалық тәмийнатлар ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў механизмин жолға қойыў усынысы билдирилди.

Дүньядағы тенденциялар менен тең қәдем таслап, жаңа қолланбаларды турмысқа жедел енгизиў, жетекши технопарклер менен бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық паркиниң хызметкерлери ҳәм сырт ел қәнигелери ушын көп қабатлы турақ жайлар, мийманхана, спорт комплекслерин қурыў мәселесине де итибар қаратылды.

Жуўапкерлер қурылыс ҳәм жойбарлаў жумысларының барысы бойынша есабат берди.

 

ӨзА