Усы жылдың 15-февраль күни Аўғанстаннан бурынғы аўқам әскерлериниң алып шығып кетилгенине 31 жыл толады. Бул мәмлекеттиң халқын халықаралық террористлерден қорғаў ушын бизиң Қарақалпақстаннан 3669 жас қатнасты. Соннан 89 жерлесимизге туўылған жерине қайтып келиў несип етпеди.

Нөкисли Нурсултан Шарипов та көпшилик қатары 1983-жылы Ўатан алдындағы әдиўли миннетин атқарыў ушын әскерий хызметке шақырылды. Оның шеги қоңсылас Түркменстандағы әскерий бөлимлердиң бирине түсти. Ол жерде әскерий таярлықтан өтип, Термез қаласы арқалы Аўғанстанға атланды. Солай етип, әскерий хызмет басланды. Ол жыллары халықаралық террористлер менен саўаштың қызғын түс алған пайытлары еди. Аўқам әскерлери қурамында 682-Рухинск мотоатқышлар полкиниң 1-батальонында хызмет атқарды. Өзиниң шаққанлығы, тапсырылған ҳәр қандай тапсырманы булжылтпай орынлаўы менен қуралласлары арасында ажыралып турды. Ол қатардағы әскерден взвод командириниң орынбасары дәрежесине жетти. Бир нешше ордень ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

1984-жылдың 29-апрели күни еди. 1-батальон гезектеги әскерий тапсырманы алып Панджшер ойпатының Ҳазар таў жырасына қарай жол алды. Бир нешше аўылларды аралап,  бирде-бир инсанды ушырата алмады. Кешке қарай бир төбешикке жетип барды. Батальон командири, капитан Королёв (кейин ала бул батальон «Королёв батальоны» деп аталды) 1-рота әскерлери дәрья арқалы таўға шеп тәрепинен, 2-ротаға оң тәрепинен көтерилип қорғаныўды буйырды.

-Дәрьяның ағысы күшли, суўы оғада салқын еди,-деп еске түсиреди сол күнлерди Нурсултан Шарипов.- Суўдың ағысы алып кетпеўи ушын әскерлер он адамнан бөлиндик. Түнге қарай қапталдан биреўлер өткендей болды. Таңға қарай таўдан түсиў керек деген буйрық болды. Буны командирге жеткердик. Ол жоқарыдағы басшыларға жеткерип, қорғаныў күши болмаса, тапсырманы орынлаў қыйын,-деген еди. Бирақ, командиримиздиң бул тилеги орынланбады…

Таңғы саат 8-00 де жолымызды даўам еттик. Алдымызда сапёрлар. Таўдың ең төменги  кең жырасына барғанымызда жоқарыдан төрт тәрепимизден ҳүжим басланды. Дәслебинде ҳеш нәрсеге түсинбей қалдық. Капитан Королёв қарсы ҳүжимге өтиўди буйырды. Атыспа көп ўақытқа шекем даўам етти. Сол саўашта қураллас достым Берунийли Қозыбай Ешимбетов еки аяғынан жарақат алды.  Бизиң 126 әскерден жигирма беси, соннан Өзбекстаннан 11 әскерден төртеўи тири қалды. Жәрдемге жиберилген разведка ротаның әскерлери кеш келди. Оларды қайтып баратырып жолда ушыраттық.

Усы жерде бир ўақыяны еске алып өтпекшимен. Панджшер ойпатлығында Ҳазар таў жырасында террористлер менен саўаш басланған ўақытта лейтенантлар Александров пенен Жарников өзлерин дәрьяға атып, бизлерди таслап кетти. Ертеңине таңда тутзарлықтың жанында екеўин көрип қалдық. Ул-қызларымыз бар,-деп бизлерден кеширим сорады. Сол ўақытта бир нешше верталётлар келип қонды. Олардың биринен түскен генерал Тарасовқа болған ўақыяны айтып бердим. Қанша қыйыншылық болса да террористлер менен қайтпастан урысқанымызды айтып берди. Бирақ, генерал мениң сөзимди тыңлағысы келмей, тири қалғанларды наградаға усының,-деди де кетип қалды.

Кейин ала Россиялы киномотографистлери тәрепинен «Королёв батальонының сыры» атамасындағы қысқа метражлы фильм түсирилип, оны бүгинги күни көпшилик интернет тармақлары арқалы тамаша етпекте. Буннан тысқары, еске түсириўлерим арқалы 2-батальон сержанты, Севастополь қаласының бурынғы губернаторы Сергей Куницынниң басламасы менен  ҳүжжетли фильм түсирилген екен. Фильмде Ҳазар таў дизбегиндеги ўақыяда қуралласларын таслап, қашып кеткен Александровты  бас қаҳарман етип көрсеткен. Оны ҳәттеки Россия Қаҳарманы атағына да усынған екен. Мен ўақыяның бастан ақырына шекем қатнасыўшысы, взвод командириниң орынбасары интернет арқалы еске түсириўлеримди ҒМДА еллериндеги қуралласларыма, олардың ата-аналарына, танысларына жеткердим. Соннан берли «қаҳарман» Александров ҳеш жерден табылмай атыр…

Өткен жылы гүз айларының биринде әскерий хызмет дәўиримнен бир блокнот сақланып қалған екен. Беруний районында жасаўшы қураллас достым Қозыбай Ешимбетов пенен тез-тез ушырасып турған болсақта, көптен бери излеп жүрген, бирге хызмет атқарған еки достымның аты-фамилиясын таўып алдым. Өзбекстан «VETERAN» жаўынгер-ветеранлары ҳәм майыплары бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы кеңеси бөлиминиң баслығы Бабур Таджимовтан усы хызметте болған досларымды излеп табыўда жәрдем бериўин өтиниш еттим. Бирлеспениң ўәлаятлық бөлимлери менен байланысып, маған екеўиниң телефонын таўып берди. Қуўанышым қойныма сыймай Ферғана ўәлаятынан Расул Мамаджанов ҳәм Хорезм ўәлаятынан Махмуд Юсупов пенен телефон арқалы сөйлесип, төртеўимиз жақында Ташкент қаласында мине 35 жылдан кейин ушырастық. Үш күн даўамында бирге болып, қанша аўыр болса да, әскерий хызметтеги дәўиримизди еследик. «Ҳәсиретли ана» естелигин, ол жердеги Аўғанстанда қурбан болғанларға орнатылған естелик китабын зыяратладық. Усы жылы 30-апрельде, яғный екинши «туўылған күни»мизде Қарақалпақстанда ушырасыўға келисип алдық.

Соның менен бирге, бурынғы аўқам республикаларындағы бирге хызмет еткен әскерлер, қайтыс болған қуралласларымның ата-анасы, жақын-жуўықлары менен байланысып турамыз. Мәселен, хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған Украинаның Днепр қаласынан Вячеслав Бугараның анасы Мария Ивановна Бугара менен Интернет тармағы арқалы байланыстамыз. Жақында маған Аўған урысы ветаранларына арналған китапты ҳәм усы жылы 30-апрель күни болып өтетуғын кешеге мирәтнама жиберипти.  Ҳазар таў жырасындағы қоршаўда қайтыс болған Өзбекстаннан капитан Александр Кирсанов ҳәм лейтенант Сергей Курдюклердиң Ташкент қаласындағы Боткина қойымшылығына жерленген. Олардың бириниң Россия Федерациясына көшип кеткен шаңарақ ағзаларының тилеги бойынша Ташкент қаласына ҳәр сапары барғанымда олардың қәбирлерин зияратлап, досларымыз менен бирге әтирапларын абаданластырып турамыз.

Бүгинги күни ҳүкиметимиз тәрепинен Аўғанстан урысы қатнасыўшыларына бир қатар жеңилликлер берилмекте. Президентимиздиң басламасы менен өткен жылы Өзбекстан «VETERAN» жаўынгер-ветеранлары ҳәм майыплары бирлеспеси дүзилгениниң 25 жыллығы кең түрде белгиленди. Мине Аўғанстан ўақыялары бизден қанша узақлассада, бир-биримизге болған меҳир-мүриўбет кеўиллеримизди жақынластырмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.