USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Екшемби, 28 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

МӘМЛЕКЕТЛИК ШЕГАРАНЫ САҚЛАЎ ҲӘМ ҚОРҒАЎ СИСТЕМАСЫНЫҢ НӘТИЙЖЕЛИЛИГИН АРТТЫРЫЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ ДОДАЛАНДЫ

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 13-февраль күни Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасын сақлаў ҳәм қорғаў системасын жетилистириў мәселелерине бағышланған жумысшы мәжилиси болып өтти.

Илажда Президент жанындағы Қәўипсизлик кеңеси аппараты ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети басшылары қатнасты.

Шегара әскерлери жумысының әмелий нәтийжелери ҳәм мәмлекетимиз Қураллы Күшлери Жоқарғы Бас Сәркардасы тәрепинен 2019-жыл 27-август күни өткерилген мәжилисте белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы көрип шығылды.

Бүгинги күнде халықаралық ҳәм регионаллық қәўипсизликке қәўип туўдырып атырған қәўип-қәтерлерди есапқа алған ҳалда, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасының қәўипсизлигин тәмийинлеў нәтийжелилигин және де арттырыўдың тийкарғы бағдарлары белгиленди.

Заманагөй автоматластырылған шегара қадағалаўы системаларын ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, сондай-ақ, Шегара әскерлери бөлимлериниң күш қолланыў, ҳуқық қорғаў структуралары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен өз-ара тығыз бирге ислесиўин жолға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Шегара әскерлери әскерий хзметкерлерин профессионал таярлаў сапасын арттырыў, оларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм социаллық қорғаў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

8d5305a8-549d-4ae4-dfc0-6e0081b12ac2.jpg

Орайлық Азия мәмлекетлериниң шегара уйымлары менен байланысларды избе-из раўажландырыў, ҳәр қыйлы халықаралық шөлкемлер менен қоспа илажларды көбейтиў ҳәм сырт елли шериклер менен шегараалды бирге ислесиўди жеделлестириў бойынша ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Президент Шавкат Мирзиёев регионда саўда, туризм байланыслары ҳәм мәдений алмасыўларды беккемлеў, адамлардың барды-келдисин көбейтиў мақсетинде пуқаралар ҳәм сырт ел мийманлары ушын Мәмлекетлик шегараны кесип өтиўде қолайлы шараятлар жаратыў әҳмийетли екенлигине итибар қаратты.

Әмелге асырылып атырған жумыслар сын көзқарастан талланып, жуўапкер структуралардың басшыларына Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасын сақлаў ҳәм қорғаў системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша анық тапсырмалар берилди.

 

ӨзА