Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжатында мәмлекетимиздиң раўажланыўы ушын оғада әҳмийетли идеялар ҳәм реформалар алға қойылды. Бәршеси тийисли тараўлардың алға қарай раўажланыўына тийкар жаратады. Олардың комплексли түрде турмысқа енгизилиўи болса, елимиздиң турақлы раўажланыўына хызмет етеди. Соның ишинде Өзбекстанның кейинги әсирлердеги социаллық-экономикалық раўажланыўына, керек болса, халқының тәғдирине үлкен тәсир етип келген аўыл хожалығы тараўындағы әҳмийетли жаңалық халыққа жәрияланды. Бул – Мүрәжатта тилге алынған ең итибарлы ҳәм әҳмийетли темалардың бири екенлигин тән алыўымыз зәрүр. Яғный, пахта ҳәм ғәлле ушын мәмлекетлик буйыртпаны бийкар етиў қарары кулминациялық ҳәм стратегиялық әҳмийетке ийе жаңалық болады. Не ушын бул соншелли әҳмийетли? деген сораўдың пайда болыўы тәбийғый. Қысқаша айтқанда, пахта ҳәм ғәлле ушын мәмлекетлик буйыртпаның бийкарланыўы фермерлик жумысында түпкиликли өзгерислерге себеп болады, фермерлердиң өз жерлеринде жумыс ислеў еркинлигин береди, бәсекилик өседи, яғный мәп күшейеди, бул болса өз гезегинде аўыл хожалығында өнимдарлықтың артыўына алып келеди.

Президентимиз пахта ҳәм ғәлле халқымыздың кесеси ағарыўына жәрдем бермегенлигин көп мәрте айтып келмекте.  «Тилекке қарсы пахта бизди бақпады» деди мәмлекетимиз басшысы өз сөзинде. Сол себепли соңғы ўақытларда бул тараўдағы реформалар исенимли әмелге асырылмақта.

 

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.