Президентимиз парламентке жоллаған Мүрәжатында «Ҳәр бир депутат Халық қабыллаўханалары менен турақлы ислесип, өз аймағында жасап атырған халықтың машқалаларын шешиўде белсене қатнасыўы, адамлардың дәрт-тәшўишлерин тыңлаўы керек. Сонда депутатлар өз сайлаўшыларына берген сөзлериниң үстинен шығады, халықтың исенимин ақлайды, меҳрине ериседи» деген еди.

Бул бағдарда ӨзЛиДеП партиясынан сайланған депутатлар да бир қатар жумысларды әмелге асырып келмекте. 2-санлы «А.Досназаров» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты З.Реймова Нөкис қаласындағы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде өзи сайланған аймақтың халқы менен ушырасты. Онда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси хызметкерлери, депутатлар, жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм мәҳәлле халқы қатнасты.

Ушырасыўда депутат ҳәр айдың ақырында бир күнди белгилеп, «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы нызамға муўапық, усы күни мәҳәлле пуқараларының машқалалары ҳәм усынысларын тыңлап, оларды додалап, шешиў жолларын талқылаў бойынша усыныс билдирди.

Ушырасыўда пуқаралар асфальт жоллардың оңлаўға мүтәжлиги, көшелердеги жақтыландырыў шырақларын тазасына алмастырыў, балалар ушын спорт майданшаларын, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин қурыў, жыйналып қалған шығындыларды алып таслаў бойынша мүрәжат етип, электр энергиясына байланыслы машқалалар көтерилди. Бул мүрәжатлар тийисли шөлкемлер менен үйренип шығылып, жуўапкер шөлкемлерге депутатлық сораўнамаларды жибериўге келисип алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.