Бүгин Хожели районы «Қумбыз» МПЖ аймағында 9202-санлы шегара әскерий бөлиминиң 20 жыллық байрамы өткерилди.

Онда спорт ойынлары ҳәм аспазлық өнерлери бойынша жарыслар шөлкемлестирилди. Әскерий бөлим тәрепинен халыққа байрам кейпиятын үлесиў мақсетинде сол аймақтағы кем тәмийнленген 10 шаңараққа телевизор саўға етти.

Спорттың футбол түринен өткерилген жарыс нәтийжелери бойынша 1-орынды 1-санлы БӨСМ, 2-орынды әскерий бөлим ҳәм 3-орынды «Қумбыз» МПЖ командасы ийеледи.

Аспазлық шеберлиги бойынша 1-орынды «Қумбыз» МПЖ, 2-орынды 9202-санлы шегара әскерий бөлими ҳәм 3-орынды «Қумбыз» МПЖ аспазы ийеледи.

Байрам илажы соңында жеңимпазларға қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

Районлық Мәденият бөлими тәрепинен халқымызға концерт бағдарламасы инәм етилди.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги