Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 81-статьясының 6-бәнти ҳәм «Жергиликли ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 18-статьясына муўапық, Баймуратов Анвар Мақсетович Қараөзек районы ҳәкиминиң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлиминиң баслығы етип тайынланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Мағлыўмат ушын, А.Баймуратов усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги аўыл хожалығын раўажландырыў бойынша жойбарлардың әмелге асырылыўын қәлиплестириў ҳәм мониторинг бөлими бас қәнигеси лаўазымында ислеп келген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги