Ташкент аграр университети Нөкис филиалында Нөкис қалалық Ишки ислер уйымларының жумысын муўапықластырыў бөлими, ҳаял-қызлар комитети, Жаслар аўқамы қалалық кеңеси, қаланың бас имам-хатиби, Республика Руўхый-ағартыўшылық орайының қалалық бөлими менен биргеликте «Идеалогиялық үгит-нәсиятлаў» илажы өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Мусылманлар қазыяты қазысының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасары Т.Досымбетова, Нөкис қаласы бас имам-хатибиниң орынбасары А.Жолаўшыев ҳәм басқалар елимизде жаслардың тәрбиясына айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.

Атап өтилгениндей, Президент Ш.Мирзиёевтиң басшылығында елимизде руўхый-ағартыўшылық реформаларды тереңлестириў ҳәм оның нәтийжелилигин арттырыў, миллий ҳәм диний қәдириятларды қәдирлеў және олардан жәмийеттиң раўажланыўы, жаслардың тәрбиясы жолында пайдаланыў мәселелерине айрықша итибар қаратылып атыр.

Президентимиздиң БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясы ҳәм Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Илим ҳәм технологиялар бойынша биринши саммитиндеги баянатында диний жаўызлық, халықаралық терроризмниң тамырлары, дүнья жәмийетшилигин тәшўишке салып атырған машқала ҳәм оларды сапластырыўдың жоллары ҳаққында анық усыныслар ортаға тасланды.

Президентимиздиң усы халықаралық илажда «бундай күшлерге қарсы гүресиўдиң күш ислетиў жолы өзин ақламайды» деген пикиринен келип шыққан ҳалда ҳәм 2018-жыл 16-апрельдеги қарары тийкарында «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» идеясы астында пайтахтымыздағы барлық оқыў орынларында үгит-нәсият илажлары өткерилмекте.

Илажда «Хужрадаги зулмат» атамасындағы видеофильм жаслардың итибарына усынылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.