Пайтахтымыздағы Турин политехника университетинде Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети ҳәм Өзбекстанның ойлап табыўшы ҳаяллары орайы тәрепинен «Өзбекстан ҳаялларының 100 ең жақсы инновациялық жойбары»  III-республикалық таңлаўының жуўмақлаўшы басқышы өткерилмекте.

photo5321014182944026038.jpg

photo5321014182944026039.jpg

Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, илимий-техникалық ҳәм инттелектуаллық потенциалын арттырыў, ойлап табыўшылық, рационализаторлық, исбилерменлик жумысын және де күшейтиўге үлкен әҳмийет қаратылмақта. Дәстүрли тәризде өткерилип атырған «Өзбекстан ҳаялларының 100 ең жақсы инновациялық жойбары» республикалық таңлаўы да тап усы мақсетлерге қаратылғаны менен итибарға ылайық болып есапланады.

photo5321014182944026040.jpg

photo5321235012982516845.jpg

«Өзбекстан ҳаялларының 100 ең жақсы инновациялық жойбары» таңлаўы ойлап табыўшылық, рационализаторлық ҳәм исбилерменлик жумысы менен шуғылланып, өз қәбилетин көрсетип атырған елимиздиң талантлы ҳаял-қызларын излеп табыў, олар тәрепинен таярланған инновациялық жойбар, қолланба, техника, технология ҳәм бағдарламалық өнимлерди әмелиятқа енгизиўде ҳәр тәреплеме жәрдем бериў, илимпаз  ҳәм изертлеўши ҳаяллардың илимий-техникалық ҳәм интеллектуаллық потенциалын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.

Таңлаўдың биринши басқышында 4000нан аслам илимпаз ҳаял, изертлеўши, талантлы студент ҳәм оқыўшы-қызлар, ойлап табыўшы, рационализатор, инженер, конструктор, программист, доктор, фармацевт, өнермент, исбилермен және қәниге ҳаял-қызлар өз ойлап табыўлары, инновациялық идеялары, технология ҳәм жойбарлары менен қатнасты. Жуўмақлаўшы басқышта 250ден аслам ҳаял-қыз қатнаспақта. Оның шеңберинде талантлы ҳаял-қызлардың инновациялық жойбарлары, қолланбалары, технологиялары ҳәм бағдарламалық өнимлери бойынша көргизбелер де шөлкемлестирилди.

photo5321235012982516846.jpg

photo5321235012982516847.jpg

Юлдуз Саидова медицина ҳәм экономика бағдары бойынша жоқары оқыў орнында билим алған. «FYUNISA» жуўапкершилиги шекленген жәмийетте жумыс ислеп атырған изертлеўши ҳаял «Мўъжиза» функционаллық нан өниминиң технологиясын жаратып, өндириске  енгизген. Изертлеўшиниң айтыўы бойынша, жигирма түрден аслам аминокислоталар, витамин ҳәм минерал элементлер, белок, антиоксидантлар, углевод ҳәм май менен байытылған нан өними зат алмасыўын жақсылаўда, иммунитетти көтериў, қанттың қанға сиңиўин төменлетиў, ишеклерди зыянлы  токсинлерден тазалаў ҳәм басқа да көплеген унамлы қәсийетлерге ийе. Балалар ҳәм өсипиримлер, перзент көриў алдындағы ҳәм жас балалы ҳаяллар, соның менен бирге саламат аўқатланыў тәризине әмел етиўшилер ушын оғада пайдалы болған бул нан саўда шақапшалары менен бирге мектепке шекемги билимлендириў дәргайлары, мектеплер, арнаўлы билимлендириў орынлары, Меҳрибанлық үйлери, емлеўханалар, туўыў комплекслерине, эндокринологиялық бағдардағы медициналық орайларға жеткерип бериледи. Соның менен бирге бул өнимге халық тәрепинен талаптың жоқарылығы итибарға ылайық болып есапланады.

Камола Тўқсонова Наўайы ўәлаятының Зарафшан қаласындағы 2-улыўма билим бериў мектебинде инглис тилинен сабақ береди. Мәлимлеме технологиялары тараўына қызығатуғын Камола апа «E-Jurnal» бағдарламалық жойбары үстинде көп жыллардан берли излениў алып барады. Енди өзи мийнет етип атырған мектепте енгизилген усы электрон журнал ата-аналарды мектеп пенен тиккелей байланыстырып турыў, перзентиниң оқыўға қатнасыўы, пәнлерди өзлестириўи, минез-қулқы, оқыўға болған мүнәсибети менен турақлы танысып барыў имканиятын береди. Бунда оқыўшының өзлестириўине байланыслы мағлыўматлар ата-ананың мобиль телефонына турақлы келип турады.

– Бүгин оқыўшылар заманагөй техникалық қуралларға жүдә қызығады, – деди Камола Тўқсонова. – Сабақларға алдынғы инновациялық технологияларды, заманагөй усылларды қолланыў балалардың бул қызығыўшылығын дурыс бағдарда, билим алыўға болған умтылысын күшейтиўде оғада қолайлы болады. Көпшилик ата-аналар жумыс пенен бәнтлигин бәнелеп, перзентиниң қалай оқыйтуғынлығын қадағаламаўы ҳеш кимге сыр емес. Усы мәнисте электрон журнал ата-аналарға жүдә мақул келмекте.

«Өзбекстан ҳаялларының 100 ең жақсы инновациялық жойбары»  республикалық таңлаўының жуўмақлаўшы басқышы шеңберинде форумлар, шеберлик сабақлары, презентациялар, ағартыўшылық семинарлар болып өтеди. Таңлаў жеңимпазлары болса 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы қарсаңында жәрияланады.

Илажда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Республика Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Э.Боситхонова шығып сөйледи.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы