4-5-февраль күнлери Қытайдың Пекин қаласынан еки, ал Ухань провинциясынан Өзбекстанға бир чартер рейс әмелге асырылды.

Дәслепки чартер рейс арқалы Пекин қаласынан 250 Өзбекстан пуқарасы елимизге алып келинди. Дәслепки тексериўлерде олардың ҳеш биринде коронавирус белгилери анықланбады, деп хабар берди «Дарё» басылымы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлигине тийкарланып.

Қытайдан алып келинген пуқаралар коронавирустың Өзбекстанға кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў, қәўипсиз санитариялық-эпидемиологиялық жағдайды тәмийинлеў және халықтың денсаўлығын қорғаў мақсетинде таярланған арнаўлы медициналық мәкемелерге орналастырылды.

Бул пуқаралардың барлығы кеселликтиң жасырын дәўири – 14 күн даўамында лабораториялық ҳәм медициналық тексериўден өткериледи.

Пуқаралар жақынлары менен телефон арқалы аудио-видео байланыста болыўы ушын барлық шараятлар жаратылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.