Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде                                

Усы жыл 3-февраль күни  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде кеңейтилген Президиум мәжилиси болып өтти.

Күн тәртибинде республикамыздағы жоқары оқыў орынларында  өткен жылы әмелге асырылған жумыслардың жуўмағы ҳәм быйылғы жылға белгиленген ўазыйпалар қаралды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов басқарып барған илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, жоқары оқыў орынларының ректорлары, филиаллардың директорлары, министрликлер, тәлим инспекциясы басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, Президентимиз Шавкат Мирзиёев өзиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында жоқары оқыў орынларында билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илимий потенциалды көтериў, жасларымызды Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, оларды маман қәнигелер етип тәрбиялаў бағдарында анық ўазыйпалар белгилеп берди.

Әсиресе, быйылғы «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда илимий тийкарланған жумысларды жолға қойыў ең тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири болып табылады. Соның менен бирге, Президентимиз жақында илимпазлар ҳәм жаслар менен болған ушырасыўында елимизде илим-билимлендириўди раўажландырыў, илим-изертлеў жумысларын қоллап-қуўатлаў, илим менен өндирис арасындағы байланысларды күшейтиў мәселесине айрықша тоқтап өтти.

Соңғы жыллары елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, профессор-оқытыўшыларға шараятлар жаратыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, өткен жылдың өзинде республикамызда үш жоқары оқыў орнының филиалы жумыс баслаған болса, быйылғы жылы Нөкис қаласында Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң филиалы ашылыўы күтилмекте.

Соның менен бирге, Инвестициялық бағдарлама тийкарында Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының клиникасында 85 миллиард 681 миллион сумлық қурылыс-реконструция жумысларын алып барыў режелестирилип, соннан 2017-2019-жылларда 72,8 миллиард сумлық, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының жаңа оқыў корпусында  52 миллиард 702 миллион сумлық қурылыс жумысларын алып барыў режелестирилип, соннан 2018-2019-жылларда 33,5 миллиард сумлық жумыс көлеми орынланды. Бул жумыслар быйылғы жылы да даўам еттирилмекте.

Буннан тысқары, жоқары оқыў орынларындағы Мәлимлеме-ресурс орайларында өткен жылы 642 миллион сумлық оңлаў ҳәм үскенелеў, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары менен тәмийинлеў ушын 1 миллиард 688 миллион сумлық үскенелеў, оқыў-лаборатория бөлмелеринде 3 миллиард 18 миллион сумлық сумлық оңлаў ҳәм үскенелеў, студентлер жатақханаларында 2 миллиард 31 миллион сумлық оңлаў ҳәм үскенелеў, сондай-ақ, жоқары оқыў орынларының аймақларында 2 миллиард 372 миллион сумлық абаданластырыў жумыслары алып барылды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша жоқары оқыў орынларының басшылары депутатлар алдын есап бериўлери тийис. Сонлықтанда, республикамызда ҳәрекет етип турған жоқары оқыў орынларында өткен жылы әмелге асырылған жумыслардың барысы Жоқарғы Кеңес тәрепинен дүзилген Депутатлық жумысшы топар тәрепинен үйренип шығылды. Бул бойынша жумысшы топар басшысы, депутат Т.Романовтың мәлимлемеси тыңланды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни республикамызда 9 жоқары оқыў орнында 28 584 студент билим алмақта. Оларға 1 649 профессор-оқытыўшы, соннан 70 илим докторы, 461 илим кандидаты, 207 үлкен оқытыўшы, 940 ассистент-оқытыўшы билим бермекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17 июньдағы «2019/2020-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының Жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы қарары тийкарында 9 жоқары оқыў орнына улыўма 10076, соннан бакалавриаттың күндизги тәлим бағдарына 7551, арнаўлы сыртқы тәлим бағдарына төлемли-шәртнама тийкарында 62, сыртқы тәлим бағдарына 1850, кешки тәлим бағдарына төлемли-шәртнама тийкарында 137, магистратура қәнигелигине 476 студент қабыл етилген. Буннан тысқары, мәмлекетимиз тәрепинен белгиленген жеңилликлер тийкарында 457 ул-қыз студент болыў бахтына миясар болды.

Усылар менен бир қатарда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Россия Федерациясынан еки жоқары оқыў орнының ҳәм Беларус Республикасының бир жоқары оқыў орнының, Ташкент мәлемлеме технологиялары университети Нөкис филиалында Беларус Республикасының бир жоқары оқыў орнының, Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалында Россия Федерациясы ҳәм Қубла Кореяның жетекши оқыў орынларының қоспа факультетлери шөлкемлестирилди. Оларға 13 тәлим бағдары бойынша төлемли-шәртнама тийкарында103 студент қабыл етилген.

2019-2020-оқыў жылында барлық жоқары оқыў орынларында ислеп шығылған «Жол картасы» тийкарында билимлендириўдиң сапасын жақсылаў, илимий-изертлеў жумысларының нәтийжелилигин тәмийинлеў, профессор-оқытыўшылардың кәсиплик таярлық дәрежесин арттырыў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша жумыслар алып барылған. Атап айтқанда, сырт еллердиң илимий-изертлеў орайларының грантлары ҳәм илимий қорлардың қаржылары есабынан Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 151 мың евро ҳәм 1 700 АҚШ доллары,  Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 50 мың АҚШ доллары, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалында 38 295 евро, 13 750 АҚШ доллары, Ташкент мәлемлеме технологиялары университети Нөкис филиалында 1000 АҚШ доллары муғдарындағы жойбарлар әмелге асырылған. Соның менен бирге, мәмлекетлик грант тийкарында илимий-изертлеў жумысларын алып барыў ушын Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 724,5 миллион сумлық жойбар жеңип алынған.

Усылар менен бир қатарда үйрениў барысында бир қатар кемшиликлердиң орын алып атырғанлығы атап өтилди. Атап айтқанда, жетекши оқыў орынларымыздың Өзбекстан жоқары оқыў орынлары арасында рейтинг көрсеткиши төменлеп кеткен. Профессор-оқытыўшылардың мәлимлеме-коммуникация технологияларын, шет тиллерин өзлерстириў дәрежеси талапқа жуўап бермейди. Студентлерди сабақлықлар, оқыў қолланбалары, жатақхана менен тәмийинлеўде, питкериўшилерди қәнигелиги бойынша жумысқа орналастырыўда, әмелиятларды өтеўде машқалалар бар екенлиги сынға алынды.

Илажда жоқары оқыў орынларының ректорлары, филиаллардың директорларының мәлимлемелери тыңланды. «Жол картасы»нда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, атап өтилген кемшиликлерден тийисли жуўмақ шығарыў бойынша қарар қабыл етилди.

Кеңейтилген Президиум мәжилисине Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң орынбасары С.Бузрукханов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.