АҚШтың Мәмлекетлик хаткери Майкл Помпео 2-3-февраль күнлери рәсмий сапар менен елимизде болды.
Сапар етиў шеңберинде 3-февраль күни Ташкентте Өзбекстан Республикасының сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов ҳәм АҚШ Мәмлекетлик хаткери Майкл Помпеоның ушырасыўы болып өтти.
Сөйлесиў даўамында 2018-жыл май айында Вашингтонда болып өткен жоқары дәрежедеги Өзбекстан – АҚШ саммити шеңберинде ерисилген келисимлердиң орынланыўы додаланды, халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды.
Сөйлесиўден кейин Абдулазиз Комилов ҳәм Майкл Помпео ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз конференциясын өткерди.
Онда сөйлесиўлер нәтийжели болғаны, бүгинги күнде Өзбекстан – АҚШ қатнасықлары ҳәр қыйлы бағдарларда избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди. Өз-ара бирге ислесиў системалы ҳәм турақлылық өзгешелигине ийе. Өзбекстан ҳәм АҚШ Президентлериниң биргеликтеги ҳәрекети, сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар қатнасықлар буннан былай да беккемлениўине тийкар жаратпақта.
Соңғы жылларда Өзбекстан – АҚШ стратегиялық шериклигиниң жаңа имканиятлары ашылды. Әсиресе, Өзбекстанда бизнес орталығын жақсылаў, сырт елли бирге ислесиўшилер ушын қолайлы шараят жаратыў, ҳуқық үстинлигин тәмийинлеў АҚШ тәрепинен мәмлекетте исбилерменликти раўажландырыўдың ең жақсы жолы сыпатында тән алынбақта.
2019-жылы АҚШ Өзбекстан экономикасын раўажландырыўға дерлик 100 миллион доллар қаратты. Өз-ара бирге ислесиў киши ҳәм орта исбилерменликти раўажландырыў, билимлендириў, салық сыяқлы бир қатар жетекши тараўларды жетилистириўге техникалық жәрдем көрсетиўди нәзерде тутады. Капитал базарын раўажландырыў, қаржы тараўына байланыслы реформаларды қоллап-қуўатлаў да келешектеги тийкарғы бағдарлар сыпатында көрилмекте.
Өзбекстан буннан кейин де АҚШ бизнес ўәкиллерине қолайлы шараят жаратыў, биргеликтеги инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўге таяр екенлиги атап өтилди. Өз гезегинде, Вашингтон Өзбекстанда инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаў, атап айтқанда, диний кеңпейиллик, сөз еркинлигин тәмийинлеў, балаларды мәжбүрий мийнетке тартыўға пүткиллей шек қойыў сыяқлы әҳмийетли демократиялық процесслерде қатаң унамлы өзгерислер жүз бергенин тән алмақта.
Өзбекстан менен АҚШтың регионаллық мәселелерге көзқарасы бир-бирине уқсас ямаса жақын. Региондағы қәўипсизлик мәселеси қатнасықлардың әҳмийетли бөлеги есапланады. Ҳәр еки тәреп Орайлық Азияда турақлылық ҳәм абаданлық ҳүким сүриўиниң тәрепдары.
Баспасөз конференциясында заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы биргеликте гүресиў, олардың алдын алыў, соның ишинде, Аўғанстанда тынышлық орнатыўға байланыслы мәселелер де додаланғаны атап өтилди. Аўғанстанға әмелий жәрдем көрсетиў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерди және де жеделлестириўге, усы мәмлекетти саўда-экономикалық ҳәм транспорт-коммуникация байланысларына кеңнен тартыўға келисип алынғаны атап өтилди.
АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң мәмлекетимизге сапар етиўи шеңберинде Ташкентте Орайлық Азия ҳәм Америка сыртқы сиясий уйымлары басшыларының «C5+1» форматындағы ушырасыўы өткерилди.
Онда Қазақстан Республикасы сыртқы ислер министри Мухтор Тлеуберди, Қырғызстан Республикасы сыртқы ислер министри Чингиз Айдарбеков, Тәжикстан Республикасы сыртқы ислер министри Сирожиддин Муҳриддин, Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мередов, Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов ҳәм АҚШтың Мәмлекетлик хаткери Майкл Помпео қатнасты.
2015-жыл Самарқандта басланған министрлер ушырасыўының форматы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў ҳәм кеңейтиўдиң әҳмийетли және нәтийжели механизми сыпатында көрингени атап өтилди. «С5+1» шеңбериндеги жоқары дәрежедеги байланыслар турақлы түс алғаны атап өтилди. Регионаллық раўажланыўдың әҳмийетли бағдарлары, атап айтқанда, экономика, энергетика, транспорт, экология ҳәм қәўипсизлик бойынша бирге ислесиў әмелиятқа избе-из енгизилмекте.
Ушырасыў даўамында министрлер әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық машқалалар, атап айтқанда, Аўғанстандағы жағдай бойынша пикир алысты.
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы