Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 31-январь күни пайтахтымыздың Алымлар көшесиндеги илимий-изертлеў институтларына барды.

Бул аймақта илимниң ҳәр қыйлы бағдарларында бир неше илимий-изертлеў институты жумыс алып барады.

Бизге белгили, 2020-жыл мәмлекетимизде Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы, деп жәрияланды. Мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлиске Мүрәжатында бул бағдардағы мақсетлерге тоқтап, ҳәр жылы илимниң бир неше тийкарғы бағдарын раўажландырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Усы жылы математика, химия-биология, геологияда фундаменталлық ҳәм әмелий изертлеўлер жеделлестирилип, илимпазларға барлық шараятлардың жаратылыўы белгиленди.

Бүгинги күнде жер астын геологиялық үйрениў бойынша илимий-изертлеў жумыслары Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети системасындағы 4 мәкеме – Геология ҳәм геофизика институты, Гидрогеология ҳән инженерлик геологиясы институты, Минерал ресурслар институты, Нефть ҳәм газ кәнлери геологиясы ҳәм излеў институты тәрепинен алып барылады.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен бул институтлардың негизинде тутас комплекс – Геология илимлери университитетиниң шөлкемлестирилиўи режелестирилген.

Президент Шавкат Мирзиёев усы университеттиң кампусына ирге тасын қойды.

Бул мәкеме билимлендириў ҳәм илим кластери түринде шөлкемлестириледи, 4 институттың материаллық-техникалық базасы ҳәм илимий кадрлар потенциалы бирлестирилип, ең алдынғы әнжамлар менен үскенеленди. Санкт-Петербург таў-кән университети ҳәм басқа да абырайлы дәргайлар менен биргеликте билимлендириў бағдарламасы жолға қойылады.

Жаңа университеттиң әҳмийетин түсиниў ушын бир ғана мысал: мәмлекетимизде жылына көплеген ири кәнлер табылып атыр. Мине усы кәнлердеги шийки затты қайта ислеў кәрханалары қурылып атыр. Бирақ оларда ислейтуғын, заманагөй техниканы өзлестирген жергиликли кадрлардың жетиспеўи себепли минерал ресурсларымыз сырт елли қәнигелердиң жәрдеминде өзлестирилип атыр. Нәтийжеде тәбийғый байлықларымыздың үлкен бөлегин оларға бериўге туўра келмекте.

Усы жағынын алып қарағанда, жаңа жумыс баслайтуғын университет таў-кән санаатында ислейтуғын, геологияның соңғы жетискенликлерин өзлестирген қәнигелер таярлаўда да үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.

Мәмлекетимиз басшысы усы жерде илимий-изертлеў институтларының хызметкерлери, илимпазлар, жас изертлеўшилер менен сәўбетлести.

– Бир ўақытлары Өзбекстанда геология бираз раўажланған, бәсекиге шыдамлы тараў еди. Ҳәттеки басқалар келип, елимиз қәнигелеринен тәжирийбе үйренип кететуғын еди. Бирақ соңғы отыз жылда бул тараў итибардан шетте қалып кетти. Бар потенциалды сақлап қала алмадық. Илимпазларға бағдар, бәсеки болмады. Заманагөй кадрлар жетисип шықпады. Негизинде геологиялық изертлеўлер экономиканың барлық тараўлары ушын керек. Диагнозсыз наўқасты операция етип болмағанындай,  геологиясыз санаатты раўажландырып болмайды. Биз бүгин усы тараўдың раўажланыўына тийкар болатуғын илим дәргайына ирге тасын қоймақтамыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы Геология илимлери университетиниң қурылысына байланыслы жойбарлар менен танысты. Оқыў имаратларын ҳәм лабораторияларды сырт ел тәжирийбеси ҳәм анық кәсип бағдарларынан келип шығып қурыў, майданлардан нәтийжели пайдаланыў бойынша көрсетпелер берди.

Президентимиз Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетине барып, илимпаз, жас изертлеўшилер, илимий-изертлеў мәкемелериниң басшылары ҳәм өндирис тармақларының ўәкиллери менен ушырасты.

Мәмлекетимизде илимди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Усы жылы болса атына мүнәсип түрде бундай итибар және де күшейтиледи. Тараўдағы әҳмийетли мәселелер шешилип, илимий-изертлеў жумысы қоллап-қуўатланады. Жаңа илимий мәкемелер ҳәм бағдарлардың шөлкемлестирилиўи усылардың қатарына киреди.

2019-жыл 29-октябрь күни Өзбекстан Республикасының «Илим ҳәм илимий жумыс ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилди. Оны турмысқа енгизиўдиң әмелий платформасын жаратыў мақсетинде Илим ҳәм технологиялар бойынша республикалық кеңес шөлкемлестирилди.

Илимлер академиясы ҳәм оның институтларына «жаңадан өмир бағышлаў» нәтийжесинде системадағы илимий мәкемелердиң саны 20 дан 35 ке жетти. Академияға сайлаўлар қайта тикленди. Инновациялық раўажланыў министрлиги шөлкемлестирилди, бир қатар инновация орайлары, илимий кластер ҳәм технопарклердиң жумысы жолға қойылды.

Өткен үш жылда илим тараўын қаржыландырыў 4 есеге көбейди. Илимий хызметкерлерди материаллық жақтан хошаметлеў мақсетинде олардың мийнет ҳақылары 3 есеге арттырылды. Илим докторы ҳәм кандидатлары ушын айрықша үстеме де белгиленди. Усы жылдан Илимлер академиясы системасындағы шөлкемлер тиккелей мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырыўға өткерилди.

Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы илим ўәкиллерин материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў буннан былай да избе-из даўам етирилетуғынын атап өтти.

– Енди илимпазларымыз да жуўапкершиликти терең сезген ҳалда, изертлеўлердиң әмелий нәтийжелери менен тийисли тараўлардың раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўы керек. Академиклерден де, илим тараўына дәслепки қәдем қойып атырған жас илимпазлардан да үлкен жуўапкершилик ҳәм әмелий нәтийжелилик талап етиледи, – деди Президент.

Мәмлекетимиз математика, химия-биология ҳәм геология илимлерин раўажландырыў, келеси жыллардағы раўажланыў бағдарларын белгилеў ҳаққында ашықтан-ашық сөйлесиў болды.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның математика пәни бойынша потенциалы дүнья көлеминде тән алынғанын, функционаллық таллаў ҳәм дифференциаллық теңлемелер, итималлықлар теориясы ҳәм алгебра бағдарлары бойынша абырайлы мектеплеримиз жумыс алып барып атырғанын, жети математик илимпаз Пүткил жәҳән илимлер академиясының ағзасы екенин айрықша атап өтти.

Көплеген сырт ел илим орайлары, атап айтқанда, Бонн, Кембридж, Париж, Сеул сыяқлы ири қалалардағы жетекши илим дәргайлары менен биргеликте қоспа илимий жойбарлар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-июльдағы математикалық билимлендириў ҳәм илимлерди буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қарарының орынланыўы шеңберинде пайтахтымыздағы Студентлер қалашасында Илимлер академиясының Математика  институты ушын заман талаплары тийкарында жаңа имарат қурылмақта.

Шавкат Мирзиёев ушырасыўда математикада илимий изертлеўлерди әмелият пенен байланыстырыў, санлы экономика ушын беккем тийкар жаратыў бағдарындағы әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Жасларда математика пәнинен қызығыўшылықты күшейтиў, қәбилетли балаларды селекция етип, қәнигелестирилген мектеплер ҳәм кейин ала жоқары билимлендириў мәкемелерине қамтып алыў жумысларын дурыс шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Балалар ушын бул пәннен әпиўайы ҳәм түсиникли тилде жазылған ғалабалық сабақлық ҳәм оқыў қолланбаларын жаратыў, математикалық сана-сезимди, керек болса, бақшадан баслап қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.

– Математика барлық анық пәнлердиң тийкары болып есапланады. Бул пәнди жақсы билген бала ақыллы, кең пикирлейтуғын болып өседи, қәлеген тараўда табыслы жумыс ислеп кетеди, – деди Президент.

Ҳәр бир районның орайында бир математика пәнине қәнигелескен мектеп шөлкемлестирилип, оларда ислейтуғын муғаллимлерге қосымша үстеме ҳақылар төлеў бойынша көрсетпе берилди. Усы мәкемелерде оқыў процесин илимий-методикалық тәмийинлеў ушын Илимлер академиясының Математика институты ҳәм Халық билимлендириў министрлиги жуўапкер етип белгиленди.

Математика пәни бойынша оқыўшы, студент ҳәм муғаллимлер арасында ҳәр қыйлы таңлаўлар өткерип, жеңимпазларды мүнәсип хошаметлеў, олимпиада системасын жетилистирген ҳалда жеңимпазларға берилетуғын сыйлықларды көбейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Оқытыўдың сапасын жаңа басқышқа көтериў, математика пәнинен билимлерди баҳалаў бойынша миллий сертификатлаў системасын енгизиў зәрүрлиги атап өтилди. Бундай сертификаттың ийесине жоқары оқыў орнына оқыўға кириўде математика пәнинен максимал балл бериледи.

Жоқары маманлықтағы педагоглар ҳәм илимий дәрежели кадрларды таярлаў системасының нәтийжелилигин арттырыў, Математика институтында илимий дәреже бериўши кеңеске толық еркинлик бериў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетимизде математика пәни бойынша абырайлы халықаралық әнжуманлар өткериў, мәмлекет бюджети ҳәм «Эл-юрт умиди» қоры есабынан ҳәр жылы 100 илимпазды сырт елдеги илимий илажлар ҳәм стажировкаларға жибериў бойынша тапсырмалар берилди.

Бүгин Өзбекстанда химия бағдары бойынша төрт илимий-изертлеў мәкемеси бар, оларда 250ден аслам илимий хызметкер жумыс ислемекте. Жаратылған қолланбалар тийкарында жаңа төгинлер, дефолиантлар, өсиў стимуляторларын ислеп шығарыў жолға қойылмақта.

Президентимиз химия тараўы минерал төгин ислеп шығарыў менен шекленип атырғанлығы, бул бағдардағы билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлерди жетилистириў зәрүрлигин атап өтти.

Илимий қолланбаларды енгизиў нәтийжелилигин арттырыў, оның ушын изертлеўлердиң тармақ қәрханалары мүтәжлигине үнлеслигин тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

«Өзхимиясанаат» ҳәм «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийетлерине өз системасындағы ири кәрханаларда заманагөй инфраструктураға ийе тәжирийбе-өндирислик лабораторияларын шөлкемлестириў, оларды пән ҳәм өндирис интеграциясына бағдарлаў болса Инновациялық раўажланыў министрлигине жүкленди.

Минерал ресурслардан пайдаланыў өнимдарлығын арттырыў мақсетинде «Көмир ҳәм материаллар химиясы» илимий-тәжирийбе лабораториясын, Илимлер академиясының Улыўма ҳәм органикалық емес химия институтында «Көмир химиясы ҳәм технологиясы» илимий бағдарын шөлкемлестриў бойынша тапсырмалар берилди.

Заманагөй қурылыс материалларын жаратыў бойынша жаңа илимий мәкемелер, атап айтқанда, жаңа композитлы материаллар ҳәм инновациялық химия технологиялары бойынша изертлеўлер алып баратуғын лаборатория тармағын шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Биология илими фармацевтика, аўыл хожалығы, медицина, азық-аўқат санаатын раўажландырыў ушын фундаметаллық ҳәм технологиялық тийкар болып хызмет етеди. Бүгин бул бағдардағы 7 илимий-изертлеў мәкемесинде 600ге шамалас илимий хызметкер жумыс ислемекте.

Президентимиз дүнья базары ҳәм илимдеги тенденцияларды атап өтип, агро ҳәм биотехнологиялар, азық-аўқат, соның ишинде, фудо-микс, био-медицина ҳәм фарма-биотехнологиялары бағдарларын комплексли раўажландырыў бойынша тапсырма берди.

Азық-аўқат қурамы ҳәм оның инсан саламатлығына тәсирин үйрениў, халық арасында саламат турмыс тәризин ҳәм дурыс аўқатланыўды енгизиўдиң әҳмийетлилиги атап өтилди.

Ботаника институтының жумысын жетилистириў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Мәмлекетимиз өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясының санлы мәмлекетлик кадастрын жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди. Бул жоқары дәрежедеги илимий изертлеўлерди режелестириў, биологиялық додалаў илажларын белгилеў, тараўдың раўажланыўына байланыслы қарарларды қабыл етиў имканиятын жаратады.

Медицина ҳәм фармацевтика тараўларында ДНК ҳәм молекулалық технологиялар, генетикалық таллаўлар, жаңа биоматериаллар ҳәм биополимерлерди қолланыў әмелиятын раўажландырыў, потенциаллы тутыныўшылар менен илимий-изертлеў институтлары арасында нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша тапсырмалар берилди.

Және бир тийкарғы бағдар – бул саннат ушын минерал шийки зат базасын тәмийинлеў менен байланыслы болған геология тараўы болып есапланады.

Мәмлекетимизде пайдалы қазылмалардың 70тен аслам түри бойынша 2мыңнан зыят кәнлер анықланған. Бирақ қазып алыў ҳәм қайта ислеў аңсат болған кәнлер барған сайын азайып бармақта.

Жаңа кәнлер табыў ушын жер астын жәнеде тереңирек қатламаларын геологиялық үйрениў, қыйын қурамалы кәнлерди өзлестириў бойынша тараўға  илимий тийкарланған алдынғы усыллар ҳәм инновациялық технологияларды кеңнен енгизиўди заманның өзи талап етпекте.

Ташкентте шөлкемлестирилетуғын Геология илимлери университети усы  мақсетлерди әмелге асырыўға хызмет етеди.

Мәмлекетимиз басшысы тараўдағы илимий изертлеўлерди және де кеңейтиў мақсетинде фундаменталлық, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлерди жеделлестириў, оған мәмлекетлик мақсетли грантлар менен бирге сырт ел грантларын да тартыў зәрүрлигин атап өтти.

Геология ҳәм кән-металлургия комбинатларының потенциалын бирлестириў, заманагөй Гео-инновациялық технологиялар лабораториясын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў, «Санлы геология» ҳәм «Таў жыныслары ҳәм минераллардың миллий электрон базасы» жойбарларын әмелге асырыў, студентлерге жоқары анықлықтағы космослық сүўретлер тийкарында жерди аралықтан зондлаў усылларын оқытыў бойынша тапсырмалар берилди.

Жас изерлеўшилерди қоллап-қуўатлаў ҳәм докторантура системасының нәтийжелилигин хошеметлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Диссертациясын мүддетинен бурын жақлаған докторантлар ҳәм олардың илимий басшылары ямаса мәсләҳәтшилерин мүнәсип  хошеметлеў мақсетинде үнемленген қаржыларды толық төлеп бериў әмелиятын енгизиў усынысы билдирилди.

Жуўапкерлерге илим тараўын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын ислеп шығыў, онда орта ҳәм узақ перспективаға мөлшерленген илим, технологиялық ҳәм инновациялық раўажланыў тийкарларын белгилеў ўазыйпасы қойылды.

– Бизиң уллы тарийхымыз бар, уллы келешегимизди қуратуғын заман келди, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Сын-таллаў руўхында өткен ашық сөйлесиўде илим бағдарларында шешимин күтип атырған мәселелер додаланды.

Ушырасыўда Илим академиясының илмий-изертлеў мәкемелериниң басшылары, академиклер, жас изертлеўшилер, жоқары оқыў орынларының студентлери сөзге шығып, усы тарийхый сөйлесиўде мәмлекетимиз раўажланыўы ушын суў ҳәм ҳаўадай зәрүр болған илим тараўы бойынша әҳмийетли мәселелер ортаға тасланғанлығын атап өтти. Анық пәнлерди раўажландырыў, математика, химия-биология, геология бағдарларында илимий изертлеўлерди кеңейтиў, илимпазлардың илимий жумысын қоллап-қуўатлаў, билимли, тәжирийбели кадрларды таярлаўды жаңа, сапа жағынан жәнеде жоқары басқышқа көтериў бойынша бир қатар усыныслар билдирилди.

Мәмлекетимиз басшысы илимпазлар ҳәм жаслар билдирген усыныслар бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.

 

ӨзА