Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети оқыў ислери бойынша проректоры тайынланды, деп хабар берди университет баспасөз хызмети.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 27-январь сәнесиндеги 32-К санлы буйрығы менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жаслар менен ислесиў бойынша проректоры, филология илимлериниң кандидаты Дуйсенбаев Олимжон Исмаилович университеттиң Оқыў ислери бойынша проректоры лаўазымына тайынланды.

Мағлыўмат ушын, алдын бул лаўазымда жумыс ислеген Ибрагимов Мухтар Мамутович ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги